19-20-апрель күнлери Республикалық жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде миллий гүрес бойынша 2004-2005-жыллары туўылған ер балалар ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.
Онда Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ де оқыўшылары табыслы қатнасып қайтты.
Атап айтқанда, 11-класс оқыўшылары Үмитай Қыдырбаева ҳәм Эльенора Тлеповалар чемпионатта 3-орынды ийелеп, май айында Нөкис қаласында болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы чемпионатына жолламаны қолға киргизди.
-Бул жарысқа районда жеӊимпаз болған 3 шәкиртимди алып барған едим,-дейди спортшылардыӊ тренери Қаршыға Боранбаев.- Соннан екеўи жеӊимпаз болды. Енди усы қызларымыз май айында Нөкис қаласында болып өтиўи режелестирилген Өзбекстан чемпионатында да жеӊип шықса жоқары оқыў орынларына имтихансыз студент болады. Сонлықтан бизлер және де шынығыўларды және де күшейтип атырмыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы