Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 16-март күнги Мәмлекетлик салық комитетиниң мағлыўматларды қайта ислеў орайына сапары даўамында тараў қәнигелериниң қатнасыўында мәжилис өткерилип, тараўды жетилистириўге байланыслы гезектеги ўазыйпалар, мәжилисте берилген тапсырмалар бойынша мәжилис баянламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәзирги ўақытта орынларда мәмлекетлик салық бақармасы хызметкерлерине кәсиплик оқыў семинарлары шөлкемлестирилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасының қосымша қун салығы ҳәкимшилиги бөлиминиң хызметкерлерине де мәмлекетлик салық комитетиниң тәжирийбели хызметкерлери тәрепинен оқыў семинарлары өткерилмекте.
Гезектеги семинарда, киберҳүжимнен қорғаў, бизнес-аналитика технологиялары, «Қосымша қун салығын төлеўшилер», «Салық тексериўшилери», «Автоматластырылған камерал қадағалаў системасы», «Салық үзилиси коэффициенти» сыяқлы жаңа программалық өнимлер туўралы мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, қосымша қун салығы шынжырындағы үзилислердиң келип шығыў себеплерин таллаў механизмлери, салық төлеўши ҳәм оған товарларды (хызметлерди) жеткерип бериў бойынша операциялардың избе-излигинде қатнасқан контрагентлер тәрепинен қосымша қун салығы есапланбаған таллаў бағдарлары, шынжыр қатнасыўшылары тәрепинен тийкарсыз шегирилген ҳәм бюджетке төленбеген суммаларды анық дәлиллерге тийкарланып исбилерменге түсиндирип бериў усыллары бойынша түсиниклер берилди.
Буннан басқа Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-август күнги қарары менен тастыйықланған «Қосымша қун салығы суммасының орнын қаплаў тәртиби ҳаққында»ғы реже талаплары бойынша салық төлеўшилер тәрепинен ҚҚСдан унамсыз айырмашылық суммасын қаплаў бойынша усыныс етилген арзаларды көрип шығыўдағы таллаўлардың тийкарғы бағдарлары бойынша мағлыўматлар берилди.
Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги