Бүгин Нөкис районында «Жаӊа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!»  сүрени астында Қарақалпақстан Республикасы менен Самарқанд ўәлаяты мәденияты ҳәм көркем өнери фестивалыныӊ ашылыў салтанаты болып өтти.

Нөкис районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтыӊ турмыс дәрежесин арттырыўға Самарқанд ўәлаяты әмелий жәрдем бериўге жуўапкер етип белгиленген еди. Усы мүнәсибет пенен районды 2022-2024-жылларда раўажландырыў бойынша «Жол картасы» қабыл етилди. Усыған муўапық районда улыўма баҳасы 513 миллиард сумлық 34 жойбарды әмелге асырыў белгиленген.

Самарқанд ўәлаяты мәденият басқармасыныӊ баслығы Ш.Эшонқулов басшылығындағы делегация нан-дуз бенен салтанатлы жағдайда күтип алынды.

Район орайындағы Самарқанд ўәлаятыныӊ штабында баспасөз әнжуманы болып өтти. Онда район ҳәкими Ө.Уснатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Б.Ҳабийбуллаев, Өзбекстан Республикасы  Олий Мажлиси Нызамшылық палатасыныӊ депутаты Л.Сейтова, Самарқанд ўәлаяты мәденият басқармасыныӊ баслығы Ш.Эшонқулов биргеликте әмелге асырылатуғын жойбарлар, фестивальдыӊ мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, фестиваль шеӊберинде мини футбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ кубоги, волейбол бойынша Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиӊ кубоги ушын жарыслар, Самарқанд кино дөретиўшилери тәрепинен сүўретке алынған «Үмитли дүнья» көркем фильмин таныстырыў мәресими ҳәм дөретиўшилер менен ушырасыў, Самарқанд ўәлаяты көркем өнер шеберлери, жазыўшы-шайырлары, театр ғайраткерлери менен ушырасыў, олар тәрепинен «Табысқа ерисиў сырлары» атамасында шеберлик сабақлары ҳәм басқа да илажлар өткерилиўи режелестирилген.

– Бизди жыллы – жүзлилик пенен күтип алғаны ушын миннетдаршылық билдиремиз, -дейди делегация басшысы, Самарқанд ўәлаяты мәденият басқармасыныӊ баслығы Шахзод Эшонқулов. – Делегациямыз қурамы Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Республикалары халық артисти Мардон Мавлонов, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артистлер Эркин Қайтаров, Бахрулло Рахимов, Бахтиёр Рахимов, кинематография агентлиги Самарқанд ўәлаяты аймақлық бөлиминиӊ баслығы Фармон Розиқов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы Самарқанд ўәлаяты бөлиминиӊ баслығы Ташпўлат Тугалов,  Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр Хосият Бобомуродова, «Човқи» фольклор этнографиялық ансамбли ағзалары ҳәм басқалардан ибарат.

Илаж Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Самарқанд ўәлаяты көркем өнер шеберлериниӊ гала концерти менен жуўмақланады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақсан хабар агентлигиниӊ шолыўшысы