Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 28-март күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылыўы зәрүр болған бир қатар мәселелер додаланып тийисли ўазыйпалар, ал оннан алдын 18-март күни мәмлекетимиз басшысының медицина хызметкерлери менен ашықтан-ашық сәўбети, онда айтылған машқала ҳәм усыныслар бойынша арнаўлы бийлик қабыл етилип, жети бағдарда ўазыйпа ҳәм жуўапкерлер белгиленген еди.
Биз Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Акмал Асқаров пенен усы бағдардағы жумыслардың қалай шөлкемлестирилип атырғаны ҳәм басланып атырған илажлар бойынша қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.
– Президентимиздиң денсаўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери менен өткерилген ашықтан-ашық сәўбетинде белгиленген илажлардың орынланыўы бойынша нелер исленбекте?
– Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 18-март күни кеңейтилген тәризде өткерилген видеоселектор мәжилиси протоколының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жол картасы тастыйықланып, онда белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде апрель айында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң илажлар режеси ислеп шығылып, аймақлық денсаўлықты сақлаў мәкемелерине орынлаў ушын жиберилди.
Мәжилисте усы бағдарда басланған жумыслар ҳәм айлық режелер көрип шығылып, қәўип топарына киретуғын халық, балаларды ҳәм ҳәмиледар ҳаялларды мақсетли скринингтен өткериўдиң зәрүрлиги, ҳәр бир көп тармақлы поликлиникаларда балалар бөлиминиң шөлкемлестирилиўи, ҳәр бир шаңарақлық поликлиникада күндизги стационар, жергиликли шаңарақлық шыпакерлик пункти, алыс аймақларда контейнерлерден медициналық пунктин шөлкемлестириўдиң әҳмийети, дурыс аўқатланыў, физикалық шынығыўлар, кеселликлер профилактикасы бойынша қолланбалар ислеп шығып, шаңарақларға тарқатыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелер атап өтилип, тийисли ўазыйпалар белгиленген еди.
Республикамыз бойынша жәрдемге мүтәж инсанлардың саламатлығын беккемлеў, көрсетилетуғын жетик қәнигелестирилген медициналық жәрдемди халыққа жақынластырыў мақсетинде республикамызда «Саламатлық ҳәптелиги» шөлкемлестирилди. Республика қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық орайлардан 10 қәниге келди.
Республика қәнигелестирилген орай филиаллары медициналық қамсызландырыў фонды менен шәртнама дүзилди ҳәм жоқары технологиялық әмелиятлар, емлеў ҳәм диагностика усылларын енгизиў жумыслары алып барылмақта. Республикада емлениўге зәрүрлиги бар мүтәж инсанлардың дизими дүзилип, 235 усындай инсанға операция исленди.
Атап айтқанда, республикалық қәнигелестирилген травматология ҳәм ортопедия илимий-әмелий медициналық орайының аймақлық филиалында 36 наўқасқа эндопротезлеў хирургиялық, республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медициналық орайы Қарақалпақстан филиалында 34 наўқасқа хиругиялық, В.Воҳидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы тәрепинен 55 наўқасқа хирургиялық әмелият, республикалық қәнигелестирилген көз микрохирургиясы илимий-әмелий медициналық орайы Қарақалпақстан аймақлық филиалында 50 наўқасқа хирургиялық, республикалық балалар көп тармақлы медицина орайында туўма нуқсаны бар 59 балаға хирургиялық, республикалық қәнигелестирилген нейрохирургиялық илимий-әмелий медициналық орайы Қарақалпақстан филиалында 1 наўқасқа хирургиялық операция өткерилди.
– Қәнигелестирилген, атап айтқанда, жоқары технологиялы медициналық хызметлерди төменги буўындағы медициналық мәкемелерде де енгизиў қалай алып барылмақта?
Усы жерде, республика бюджети қаржыларының есабынан заманагөй лапараскоп аппаратураларының алып келиниўи режелестирилген болып, олардың жәрдеминде районлық медицина бирлеспелеринде жоқары техналогиялық операциялар өткерилиўи жолға қойылады.
Сондай ак, Өзбекстан Республикасы көлеминде ең биринши рет бүйректи көширип өткериў (трансплантация почки) операциясы Беруний районлық медицина бирлеспесинде әмелге асырылғанын айрықша атап өтсек болады.
Жоқары технологиялы медициналық хызметлерди төменги буўындағы медициналық мәкемелерде де енгизиў мақсетинде биринши гезекте усы операцияны әмелге асыратуғын шыпакерлер дизими таярланып, бул қәнигелердиң Ташкент қаласындағы қәнигелестирилген орайлар ҳәм сырт еллердеги жетекши клиникаларда маманлығын арттырыў бойынша илажлар жойбары ислеп шығылмақта.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Медицина хызметкерлериниң мийнетине мийнет ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизилиўи мүнәсибети менен денсаўлықты сақлаў системасы хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысын категориясына қарап қосымша 15 процентке арттырыўы ҳәм жоқары технологиялық қурамалы операцияларды ислеген шыпакерлерге қосымша 25 процент муғдарында үстеме төлениўи ушын есап-санақ жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, медициналық мәкемелерди материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў фонды ҳаққындағы режеге тийисли қосымшалар менен өзгерислер киргизилиўи себепли ҳәм мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар шеңберинде медициналық мәкемениң арнаўлы комиссиясының қарарына тийкарланып, ҳадал, шын кеўилден жумыс ислеп атырған хызметкерлерге 100 процентке шекемги айлық үстемелер ҳәм жаңа жумыс баслаған маман жас шыпакерлерге 1 миллион сумға шекемги арнаўлы айлық үстеме төлемлерин төлеў режелестирилген.
– Алыс ҳәм шетки аймақларда медициналық пунктлерди шөлкемлестириў, районлардағы бар вакант орынларға шыпакерлерди тартыў жумысларына қаратылып атырған итибар қай дәрежеде?
– Бул ўазыйпалар бойынша Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен бирге усыныс киргизиў мәселеси үйренилмекте.
Сондай-ақ, медицинаның басланғыш ҳәм тез жәрдем системасында бар зәрүрликлерди қәлиплестирип, жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында ҳәм бакалавриаттың 5-6-курсларында оқып атырған студентлерди жоллама тийкарында жумысқа орналастырыў илажлары көрилмекте. Бүгинги күнге келип Тақыятас районы медицина бирлеспесине питкериўши курстың 2 студенти жумысқа қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң усы жыл 22-февральдағы келисими ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң сол күнги тастыйықланған қосымшаларына муўапық, министрликтиң 28-февраль күнги 34-санлы буйрығы бойынша Нөкис қаласы көп тармақлы орайлық поликлиниканың «Қаратаў» филиалында, Қоңырат районы «Қарақалпақстан» ППЖдағы 67-санлы шаңарақлық поликлиникада, «Жаслық» ППЖда, Бозатаў районы «Көксуў» АПЖдағы «Қарақалпақ» шаңарақлық шыпакерлик пунктинде биреўден тез жәрдем бригадалары шөлкемлестирилди (5,25 штат шыпакер, 5,25 штат орта медициналық ҳәм 4,5 штат айдаўшы лаўазымы).
Барлық басланғыш мәкемелерди хатлаўдан өткерип, оларға зәрүр болған ҳәм оңлаўға мүтәж медициналық лабораториялық ҳәм диагностикалық әсбап-үскенелер ҳәм мебельлер дизимин, реагент ҳәм реактивлерге болған зәрүрлигин қәлиплестириў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң усы жыл 1-апрель күнги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң усы жыл 4-апрель күнги көрсетпе хатлары шығарылып, солар тийкарында бүгинги күнде хатлаў жумыслары алып барылмақта. Хатлаў нәтийжелерине тийкарланып медициналық әсбап-үскенелерге техникалық хызмет көрсетиў системасын жаратыў бойынша усыныслар ислеп шығылады.
Нөкис районындағы «Кердер» ҳәм Қараөзек районындағы «Есимөзек» шаңарақлық шыпакерлик пунктин толық оңлаўдан шығарып, зәрүр штат орынлары, әсбап-үскене ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў ҳәм жылдың ақырына шекем анық мәнзилли дизимге тийкарланып, Әмиўдәрья районында «Толқын», Қанлыкөл районында «Қуламет жыраў», Қараөзек районында «Есимөзек», Кегейли районында «Бозжап», Қоңырат районында «Көкликөл», Төрткүл районында «Наўрыз», Шоманай районында «Шоманай», Нөкис районында «Кердер», Елликқала районында «Думанқала», Бозатаў районында «Көкшиел» шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм Нөкис қаласында 1 шаңарақлық поликлиника ашылады.
Соннан, усы жыл 16-апрельге шекем Нөкис районындағы «Кердер», Қараөзек районындағы «Есимөзек» ҳәм Кегейли районындағы «Бозжап» АШПлардың қайта жумыс ислеўи жолға қойылды. Май-июнь айларында Әмиўдәрья районындағы «Толқын», Төрткүл районындағы «Наўрыз» АШПлардың ашылыўы режелестирилген.
Ал, 2023-жылы 10-шаңарақлық шыпакерлик пункти, атап айтқанда Беруний районында «Бийбазар», Қанылыкөл районында «Бескөпир», Қоңырат районында «Әжинияз», Тахтакөпир районында «Қоңыраткөл», Хожели районында «Хатеп», Шоманай районында «Көккөзов», Мойнақ районында «Қызылжар», Шымбай районында «П.Сейтов», Нөкис районында «Нөкис» ҳәм Елликқала районында «Аширтом» шаңарақлық шыпакерлик пунктлери өз жумысларын баслайды.
Ҳәр бир мәҳәллениң медициналық пункти дислокациясын анықлап, «Карантин орайлары»ндағы бар контейнерлердиң есабынан, алыс аймақларда 60 аўыллық медициналық пунктлери жолға қойылады. «Аўыллық медициналық пунктлери»н шөлкемлестириў бойынша усыныс сыпатындағы техникалық тапсырма тийкарында контейнерлерге электр энергия, тәбийғый газ ҳәм ақаба суў тармақларына жалғаў, суў насос пенен тәмийинлеў, навест қурыў, фасад бөлимин оңлаў, аймағын қоршаў ҳәм абаданластырыў, басқа да жумысларды алып барыўға жойбарлаў институтлары бириктирилип, жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери ислеп шығылмақта.
– Сырт еллердеги медициналық мәкемелер менен илимий бирге ислесиўлер қандай дәрежеде?
– Жақында усындай мақсеттеги меморандумға қол қойылды.
Денсаўлықты сақлаў тараўында узақ мүддетли өз-ара пайдалы бирге ислесиўди, соның ишинде, медициналық жәрдем, инновациялық технологиялар ҳәм кадрлар потенциалын көтериў бойынша халықаралық стандартларды енгизиў бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан Шарда университети арасында меморандум қабылланды. Меморандумға Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов ҳәм Өзбекстан Шарда университетиниң ректоры, доктор Санжай Пал қол қойды. Ҳәр еки тәреплеме илимий бирге ислесиўге тийкарланған меморандумның бағдарлары: медициналық технология, кадрларды таярлаў, жоқары технологиялы жәрдем көрсетиў, биргеликтеги илимий изертлеў жумысларын алып барыў тараўларында информация ҳәм тәжирийбе алмасыў, диагностика ҳәм емлеў усылларын медициналық әмелиятқа биргеликте енгизиў ушын заманагөй технологияларды шөлкемлестириў бойынша тәжирийбе алмасыў, медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў болып есапланады.
Шарда университети – бул Өзбекстандағы биринши ғәрезсиз жеке меншик университет болып, Ҳиндстанның Шарда глобал университети тәрепинен ашылған. Шарда университети Азияда жыллар даўамында жетекши тәлим, илимий изертлеў ҳәм инновация орайларының бири болып келмекте.
– Быйыл жаңа медициналық мәкемелерди қурыў ҳәм оңлаўдың көлеми қандай болады?
– Ҳәзирги ўақытта 2022-жылғы инвестициялық бағдарлама шеңберинде 2 поликлиника ҳәм 2 емлеўханада қурылыс, оңлаў бойынша тендерлер жуўмақланып, жумыслар басланып кетти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январьдағы «2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, 2022-жылға Қарақалпақстан Республикасында 4 денсаўлықты сақлаў объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў ушын жәми 41,5 миллиард сум қаржы ажыратылыўы режелестирилип, усы объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлери толық таярланып, мәмлекетлик эспертиза жуўмақлары алынды.
Республикалық қыстаўлы тез медициналық жәрдем орайы Нөкис филиалы, Республикалық қәнигелестирилген дермотовенерология ҳәм косметология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалында оңлаў жумыслары басланды. Ал, 2 объекттиң электрон таңлаў өткериў ушын ҳүжжетлери таярланып, усы таңлаўды өткериў процеси болмақта.
Бағдарламаға киргизилген барлық медициналық мәкемелердеги қурылыс жумысларын сапалы жуўмақлаўды тәмийинлеў мақсетинде, реже тийкарында жумыслар даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов сәўбетлести,
Қарақалпақстан хабар агентлиги