Өзбекстанда Финландия жоқары оқыў орынларының филиаллары ашылады, «еки тәреплеме диплом» бериў бағдарламалары енгизиледи. Бул ҳаққында кеше 19-апрель күни Өзбекстан сыртқы ислер министриниң орынбасары Ғайрат Фозилов Финландия елшиси етип тайынланғаны Илкка Ряйсянен менен сөйлесип алған.
Өз гезегинде Өзбекстан СИМ басшысының орынбасары исеним жарлықларын қабыл етип, елшини жоқары ҳәм жуўапкершиликли лаўазымға тайынланғаны менен қутлықлаған. Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм оларды раўажландырыў перспективалары да додаланған.
Өзбекстан ҳәм Финландия арасында экономикалық дипломатияны жеделлестириў, соның ишинде, өз-ара саўда миссияларын шөлкемлестириў, биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, еки мәмлекет исбилермен топарлары арасында тиккелей байланысларды жолға қойыў керек екенлиги айтылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги