Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-апрель күни мәҳәлле кесиминде ислесиў системасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Бул ўазыйпалардың орынланыўы көпшилик жағдайда аймақлардағы экономикаға байланыслы. Соның ушын, жақында исбилерменликти раўажландырыў ушын 500 миллион доллар ҳәм 3 триллион сумнан артық қаржы қаратылатуғыны белгиленди. Соның менен бирге, исбилерменлерди ең қәўетерге салып атырған салық ҳәкимшилиги, тексериўлер, руқсатнамалар тәртиби жеңиллестирилди.

Мәжилисте бул жумысларды төменги системада шөлкемлестирип, мәҳәллелерди экономикалық раўажландырыў, социаллық машқалаларды шешиў илажлары додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-декабрьдеги пәрманына муўапық, ҳәр бир мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкиминиң жәрдемшиси ўазыйпасы шөлкемлестирилген еди. Бул – жаңа система. Оны дурыс жолға қойып алыў жүдә әҳмийетли.

Соның ушын мәжилисте ҳәким жәрдемшилери жумысының дәслепки нәтийжелери көрип шығылды. Атап өтилгениндей, олар үш ай даўамында 6 миллион 900 мың хожалықты хатлаўдан өткерип, 4 категорияға ажыратқан. Хожалықлардың 11 проценти аз дәраматлы, 47 проценти қосымша дәраматқа мүтәжлиги бар, 6 проценти социаллық қорғаўға мүтәж, 36 проценти өзине тоқ шаңарақлар екени анықланған. Соған қарап, жергиликли басшылардың жумысы мәнзилли шөлкемлестирилип, мыңлаған пуқаралардың жумысқа жайласыўы, кәсип-өнер үйрениўине жәрдем берилген.

Усы үш айда ҳәким жәрдемшилериниң басламасы менен 50 мың шаңарақлық исбилерменлик жойбарлары ушын 1 триллион 300 миллиард сум кредит ҳәм 20 миллиард  сум субсидия ажыратылған. Нәтийжеде орынларда 47 мың жаңа исбилерменлердиң жумысы жолға қойылған, 8 мың киши санаат ҳәм сервис жойбарлары иске қосылған.

Мәмлекетимиз басшысы ең жақсы нәтийже көрсеткен ҳәким жәрдемшилерин сыйлықлаўға көрсетпе берди.

Бирақ, еле нәтийже сезилмей атырған мәҳәллелер көп. Мысал ушын, 450 мәҳәлледе жумыссызлық дәрежеси 20 проценттен жоқары.

Сын көзқараста өткерилген мәжилисте сондай аймақлар көрсетип өтилди ҳәм олардың ҳәкимлери ескертилди. Бир қатар қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары, сектор баслықлары ўазыйпасынан азат етилди.

– Адамларды разы етпеген, инсан қәдирин түсинбеген басшыларға арамызда орын жоқ,-деди Шавкат Мирзиёев.

Үйрениўлер даўамында «қанаатландырарсыз» деп баҳаланған мәҳәллелердеги жағдайды жақсылаў бойынша көрсетпелер берилди. Оның ушын бюджет қәрежетлерин оптималластырыў есабынан 800 миллиард сум ажыратылады.

Енди ҳәр бир мәҳәлле қәнигелесиўи бойынша қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилди.

Мысал ушын, 2 мың 500 мәҳәлле шарўашылық, қусшылық, балықшылық, пал ҳәррешиликке қәнигелескен. Олар қосымша қоллап-қуўатланып, истиң көзин билетуғын адамларға инкубатор, үйде сақланатуғын таўық, пал ҳәрре уялары жеткерип берилсе, халықтың дәраматы және де артады.

Улыўма, хожалықларда шарўашылық, қусшылық, балықшылық, палҳәррешилик бағдарларда 140 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин екенлиги айтылды.

Өнерментшилик, тигиўшилик, қол өнери, кондитерлик сыяқлы киши өндирислик жойбарларды мәҳәллениң өзинде кеңетсе болады. Президентимиз усы мақсетте бундай мәҳәллелерде микро санаат орайларын шөлкемлестириў басламасын мақуллады.

Усы жылы бул мақсетлерге 500 миллиард сум қаратылатуғыны, бул орайлар 5 жыл мүддетке жер ҳәм мүлк салығынан азат етилетуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, орынларда анықланған бос имарат-объектлерден нәтийжели пайдаланыў, оларды сатыў ямаса ижараға бериўден түскен қаржыларды сол мәҳәллениң инфраструктурасын раўажландырыўға жумсаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ҳаял-қызлар ҳәм майыплығы бар шахсларды жумыс пенен тәмийинлеўде қолайлы бағдар бул – үйде жумысты бөлип алып ислеў. Усы мақсетте бүгин Өзбекстан Президентиниң жумысты үйде бөлип алып ислеўди раўажландырыў тийкарында халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қарарына қол қойылды.

Енди, жумысты үйде бөлип алып ислеўшилер менен ислейтуғын исбилерменлерге шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасынан 500 миллиард сум қаратылады. Кредитлер бойынша Исбилерменлик қорынан 75 процентлик кепиллик бериледи және процент қәрежетлериниң 10 проценттен жоқары бөлеги қаплап бериледи.

Сондай-ақ, жумысты үйде бөлип алып ислеўшилерге өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар сыяқлы, тек ғана социаллық салық төлеў имканияты жаратылады, алыс аймақта ислеп атырған жумысты үйде бөлип алып ислеўшилердиң дәслепки 1 айлық мийнет ҳақысы мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

Ўәлаят ҳәкимлерине усы имканиятлардан пайдаланып, жәрдемге мүтәж халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Елимизде 2 мыңнан аслам мәҳәлле хызметлер тараўына қәнигелескен. Бундай аймақларды көбейтиў мақсетинде, халқы 20 мыңнан асатуғын мәҳәллелерде усақлап сатыў саўдасы ҳәм хызмет көрсетиў орайларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул орайлар да 5 жыл мүддетке жер ҳәм мүлк салығынан азат етиледи.

Видеоселектор мәжилисинде ҳәкимлер, олардың жәрдемшилери мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў режелери бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА