Футбол бойынша Англия Премьер Лигасыныӊ қалдырылған 30-турында «Ливерпул»  өз майданында «Манчестер Юнайтед»ти қабыллады.

Ушырасыўдыӊ 5-минутында Луис Диас есапты ашқан болса, 22-минутында Муҳаммад Салоҳ мерсисайдликлердиӊ екинши голын урып «Ливерпул»дыӊ үстинлигин тәмийинледи.

Екинши таймныӊ 68-минутында Садио Мане, 85-минутында Муҳаммад Салоҳ «Ливерпул»дыӊ 4-голын урып ушырасыўға соӊғы ноқатты қойды.

Бул жеӊистен соӊ «Ливерпул» өзиниӊ упайлар санын 76 ға жеткерип, 1-орынға шығып алды. Ал, «Манчестер Юнайтед»  болса  54 упай менен 6-орынды ийелеп тур.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы