Саудия Арабстанының Ар-Риёд қаласында Өзбекстан Республикасы Транспорт министри Илҳам Маҳкамовтың Саудия Арабстаны Патшалығы Транспорт министри Солиҳ Ал-Жассер менен еки тәреплеме ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда тәреплер транспорт тараўындағы бирге ислесиў перспективаларын, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының инфраструктуралық жойбарларына инвестицияларды тартыў мәселелерин додалады.
Сөйлесиў барысында соның ишинде, Мәкке ҳәм Мадина қалаларына зыяратшыларды тасыўды шөлкемлестириў бағдарындағы ҳәрекетлер жоқары баҳаланды.
Ушарысыў жуўмақлары бойынша тәреплер транспорт-логистика тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, еки мәмлекет арасындағы жолаўшы ҳәм жүк тасыўдың көлемин кеңейтиў бойынша әмелий қәдемлерди даўам еттириўге келисип алды.
Сондай-ақ, еки мәмлекет авиация админстрациялары арасында пуқаралық авиация тараўында қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған еки тәреплеме билдириўге қол қойылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги