Қарақалпақстан радиосына – 90 жыл

Бүгин дүйшемби. Ҳəр дүйшембиде ол тап имтиханға киретуғындай «өкпесин қолына алып», жумысына жуўырады. Мақаламыз қаҳарманы ушын «летучка» имтиханнан кем емес, биреўдиң кемшилигин дүзеп, сынға алыўы, жақсы ислегенниң «арқасынан қағып» марапатын бериўи кереклигин жыйналған жəмəəти көз астынан қарап, бақлап отырарын жақсы биледи. Жол бойы ойлаған ойы усы «летучка»да ҳеш кимниң зейнине тиймейин, бирақ «өгизди де өлтирмейин, арбаны да сындырмайын» деп дөретиўши адамның кеўли нəзик боларын есапқа алып, айтар гəпин жүз рет өлшеп, мың рет қарыслайды. «Ақыры, бир ўақытлары өзим қандай едим?»-дегенди ой елегинен өткизеди…

«Мектеп радиоузелинен сөйлеймиз…»

Ол оқып билим алған Қанлыкөл районындағы 8-санлы мектептиң директоры Жумабай Айтмуратовты, қарақалпақ тили ҳəм əдебияты пəнинен оқытқан устазы (марҳум) Тилеп Аяповты айрықша ҳүрмет пенен еслейди. Тек устазларын ғана емес, балалығы өткен ески мектептиң ҳəр бир мүйешинен бүгин миннетдар. «Сениң даўысың жақсы, радиодан сөйлеп көр!»-деп мектеп радиоузели алдына алып келген усы инсанлар келешегинен пал ашқандай, дурыс бағдар берип, бир кəсиптиң жылаўын сол гезлери-ақ тутқызған екен ғой, енди билсе.

Тайыншақтай тебисип бирге ойнап-өскен тоғыз туўысқанының кимиси шыпакер, кимиси механик, кимиси муғаллим, кимиси механизатор, кимиси тəрбияшылық кəсибин таңлағанында, ол да: «усы муғаллимшилик жақсы-аў» деп Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң филология факультетине ҳүжжет тапсырып, сол илим дəргайынан Камал Мəмбетов, Қəлимбет Султанов, Есемурат Бердимуратов, Қурбанбай Жəримбетов сыяқлы бир қатар илим дарғаларынан билим алды. Усындай уллы инсанлардан билим алған шəкирттен жақсы муғаллим де шығыўы мүмкин еди. Бирақ тəғдирине жазылған кəсип-радиожурналист болыўды дурыс шешим деп тапты. Дурыс, оны билимлендириў мəкемелерине, кейин ала телевидениеге де жумысқа шақырған ўақытлар болды. Бирақ, оған радио – оның «стихия»сы екенлигин ишки даўысы ҳəр күни тəкирарлады да турды.

Текшеме-текше

Жең түринип жумыс баслаған ол радиода текшениң ең төменги баспалдағынан бирме-бир көтерилип, балалар бақшасынан баслап, ҳүкимет үйиниң сиясий хабарларын сəўлелендирип бере алды. Бала менен балаларша сөйлесиўди, ким менен қандай мүнəсибетте болыўды, сəўбетлесине қандай сораў бериўди, қулласы, журналистлик этиканы устазлары Қуяш Юсупов (марҳум), Рустем Дəўлетмуратов, Кеңесбай Кəримов, Рысгүл Жумабаевалардан пуқта үйренди.

Устазлары оған таярлаған еситтириўинде айтып атырған ҳəр бир сөзи тыңлаўшының жүрегине жетип барыўы кереклигин ҳəр күни уқтырып барды. «Нөкис ҳəм нөкислилер» еситтириўин таярлаў барысында пайтахттың ол бармаған жери қалмады. «Радиожурналист- бул кимниңдур аўзына диктофон тутып, оны сөйлетсем болды», дегени емес, деп устазлары үйреткен үгиттиң қаншелли дурыслығын салмағы он бес килолық даўыс жазатуғын магнитофонды арқалап, иси менен үлги болып атырған инсанларды излеп, пияда гезген күнлеринде билип бара берди.

Дурыс, айырым ўақытлары өзи таңлаған гейбир еситтириў қаҳарманлары «мен сөйлеп билмеймен» деп мойынтаўлық еткенинде устазлары үйреткениндей, «есиктен киргизбесе, тесиктен кир» деген ибараға сүйенип ис тутты. Ҳəр түрли минездеги, түрли түсиникке, пикирге ийе, ҳəр қыйлы кəсип ийелери ол ойлағанындай жақсы сөйлеп беретуғын болып шыға бермеди…

«Летучка»да мақталған еситтириў

Ҳеш ким идеал емес. Ҳəммениң де əззи тəрепи де, жетик тəрепи де болады. Ол да өз кемшилигин жасырып, жетискенлигин көрсетиўге, гези келгенде қолынан қандай ис келерин көрсете алды. Бир күни қала орайындағы қурылыс жумысларын жарытып бериў ушын «объект»ке барып, қурылыс инженеринен интервью алып, енди қайтаман деп турғанда олардың өз-ара сəўбетин еситип қалады.

– «Кранды жүргизбеймекен, ўақыт кетип баратыр».

– «Кийинип атыр апа, ҳəзир көтериледи».

Буны қулағы шалып қалып, «ҳаў, ким ол апа, қаяққа көтериледи?» деп сораўды жаўдырған оған инженер крановщик-ҳаял адам екенлигин айтады.

«Жерден жети қоян тапқандай» қуўанған ол кран айдаўшы ҳаялдан интервью алыў ушын сол күни кешке шекем оның краннан төмен түсиўин күтип отырғанлығын еслейди. «Сол еситтириўди «летучка»да ҳəмме мақтаған» деп қосып қояды жəне.

Бир сапары фермерден, жəне бир ретинде шыпакерден, қулласы «ишимдегини тап» дейтуғын адамлар тап болғанда аўзындағы сөзин «суўырып алғандай» етип, сөйлете алғанлығын, орны келгенде қала ҳəкими менен болған сəўбет арқалы журналисттиң тийкарғы ўазыйпасы – тың мəселелерди көтерип шығып, жəмийеттиң раўажланыўында бир рычаг хызметин атқарыў екенлигин өз əңгимесинде сөз етеди.

Радио журналист қандай болыўы керек?

Мен оның менен сəўбетлесе отырып, «радио журналист қандай болыўы керек?» деген сораўыма бираз ойланып турды да: «Әлбетте, ең биринши гезекте шаққан, билимли, кишипейил ҳəм психолог та болыўы керек»,-деп жуўап берди. Сөйлегенде даўыс тембри қандай болыўы кереклиги, даўыстың жағымлы болыўы, сөзлерди анық ҳəм толық айта алыўы ушын ғозаны аўызда айландырып тилди шынықтырыў кереклиги сыяқлы сырлары ҳаққында сөз етип берген еди.

Бул жерде жумыс баслағанына жигирма алты жыл болған болса, шерек əсир ўақыт ишинде бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Телерадиокомпаниясы директорының орынбасары болып ислеп атырған Қоңыратбай Палымов өзиниң изине көплеп шəкиртлер ерте алды.

Бүгин устазлық гүрсисинде отырып, ол гезектеги «летучка»ны баслар екен, əдеттегише, өтип баратырған өмиримизди еслетип: «Бүгин ялғаншының он беси ме?»дейди. Шашына ақ аралаған устаздың усы бир аўыз гəпи-ақ бизге ўақыт ғəниймет екенлигин уқтырып атырған сыяқлы…

Қундыз Жумағалиева,

журналист.  

Қарақалпақстан хабар агентлиги