Усы жыл 18-апрель күни Нөкис қаласындағы «Истиқлол» жазғы дем алыў орайында «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниң ашылыў мәресими болды.
«Китапқумар миллет» сүрени астында өткерилип атырған ҳәптеликтиң ашылыў салтанатында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы А.Бекмуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының хаткери Б.Ерназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, халқымыздың, әсиресе, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық қәбилетин, сана-сезимин ҳәм дүньяға көзқарасын раўажландырыў, оларды ана-Ўатанымызға муҳаббат ҳәм садықлық туйғысы менен жасайтуғын инсанлар етип тәрбиялаўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрьдеги «2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында ҳәр жылы апрель айының биринши ҳәптеси елимизде «Китапқумарлық ҳәптелиги» деп белгиленди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан миллий китапханасы, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме – китапхана орайы, жоқары оқыў орынларының Мәлимлеме-ресурс орайлары, Халық билимлендириў бөлимине қараслы республикалық балалар китапханасы, Мәденият министрлигине қараслы республикалық көзи әззилер китапханасы, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң фундаментал китапханасы ҳәм басқа да китапханалардың фондларында сақланып атырған ең сайланды әдебиятлардың көргизбеси, «Қарақалпақстан»,«Билим»,«Авангард» баспалары ҳәм китап дүканларының ярмаркалары шөлкемлестирилди.
-«Китапқумарлық ҳәптелиги» шеңберинде жазыўшы-шайырлар менен ушырасыўлар, таңлаўлар ҳәм дөгерек сәўбетлерин өткериў режелестирилген ,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме–китапхана орайының директоры Инжигүл Шарапова .-Атап айтқанда, «Жаңа ояныў дәўири-китаптан ҳәм китапханадан басланады» сүрени астында китаплар көргизбеси, жәмлеспеген жаслар арасында «Зәкаўат» ойыны, «Жаслар бизиң келешегимиз-жаңа идея, жаңа имканиятлар», «Китап-уллы күш» атамаларында дөгерек сәўбети, «Ең жақсы китапқумар кеңесгөй» таңлаўы ҳәм басқада илажлар өткериледи.
Илаж қатнасыўшылары бул жерде шөлкемлестирилген китаплар көргизбеси ҳәм ярмаркасы менен танысты. Оларға көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарлармасы қойып берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери