Мүнәсибет
Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсим пәтин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленген болып, бул арқалы келеси бес жылда халықтың дәраматларын арттырыў бағдарында бир қатар мақсетлер орын алған.
Усы жылдың 8-апрель күни Президентимиз тәрепинен «Исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм жеке секторды раўажландырыў арқалы турақлы экономикалық өсиўге шараятлар жаратыў бойынша гезектеги реформалар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.
Бул ҳүжжет елимизде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың еркин жумыс алып барыўына көмеклесиў, ҳуқықларын қорғаў, олардың жеке мүлкине қол қатылмаслығын тәмийинлеў менен бирге кемшиликлерди нәтийжели сапластырыў ҳәм тараўдың раўажланыўын жоқарылатыў ушын және бир айрықша тийкар болғанлығы менен үлкен әҳмийетке ийе.
Пәрманда энергия ресурсларын, транспорт ҳәм коммуникация базарларын раўажландырыў ҳәм тараўға жеке инвестициялар кирип келиўи ушын шараятлар жаратыў, ишимлик ҳәм ақаба суў тәмийнаты, ыссылық тәмийнаты, абаданластырыў, жол қурылысы, авиация инфраструктурасы тараўларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын кескин көбейтиў, меншиклестириў процесслерин жеделлестириў, инвесторларға қосымша қолайлықлар жаратыў мәселесине кең түрде тоқталып өтилген.
Бунда аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын мүлк ҳуқықы тийкарында аукцион арқалы сатыўда мәмлекетлик активлерди сатыўда қолланылатуғын үш жылға шекем бөлип-бөлип төлеў тәртибиниң енгизилиўи, усы шәрт пенен сатылған мәмлекетлик активлер ҳәм аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары бойынша кеминде 35 процент муғдарындағы дәслепки төлемди бирден әмелге асырған қарыйдарларға бул мәмлекетлик активлер ҳәм жер участкаларын кредит тәмийнаты сыпатында гиреўге қойыў ҳуқықы берилмекте.
Пәрманда билдирилген және бир тийкарғы жаңалықлардың бири 2022-жыл 1-майдан баслап дизими Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасында жасаў гүўалығын талап етпеген ҳалда, жаңадан қурылып атырған бир қатар көшпес мүлк объектлерин сатып алыў тәризинде инвестиция киргизиў ҳуқықы берилип, сатып алыўы ушын қаржы муғдары ҳәм түрлери белгилеп қойылмақта.
Итибарлысы сонда, сырт ел пуқараларына көшпес мүлк сатып алыў шәрти менен Өзбекстан Республикасында жасаў гүўалығын алыў ушын талап етилетуғын көшпес мүлк суммасы муғдары кемейттирилиўи белгилеп берилген.
Пәрманда экономикада бәсеки орталығын буннан былай да жақсылаў ҳәм жеке сектор алдындағы бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў мақсетинде бир қатар ўазыйпалар белгиленип, бул өз гезегинде искерлигин раўажландырыў ҳәм сол арқалы мәмлекеттиң раўажланыўына үлес қосыўды тийкарғы мақсет еткен исбилерменлердиң тилек ҳәм өтинишлериниң әмелге асыўында үлкен әҳмийетке ийе.
Сондай ақ, Министрлер Кабинети тәрепинен бир ай мүддетте қаржы жәриймаларының анық муғдарлары ҳәм оларды қолланыў тәртибин нәзерде тутатуғын жаңа редакциядағы «Бәсеки ҳаққында»ғы нызам жойбарын Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына киргизилиўи белгиленип, онда өндирилген жәриймалардың суммасын толық Мәмлекетлик бюджетке қаратыў және бәсекиге қарсы ҳәрекетлердиң басқа да түрлери ушын да жуўапкершилик нәзерде тутылмақта. Бул өз гезегинде исбилерменлердиң ҳәр түрли бюрократиялық тосқынлықларға дус келместен, саламат ҳәм еркин бәсеки орталығында жумыс алып барыўына имканият жаратады.
Ҳүжжетте белгиленген ўазыйпалар, усыныс ҳәм басламалар исбилерменлик жумысларының белгиленген нызам ҳәм өлшемлер менен белгиленип, анық тәртип ҳәм қағыйдаларға тийкарланып жолға қойылыўын тәмийинлейди
Солай екен, пәрманның тийкарғы мәнисин халықтың кең қатламына жеткериў, белгиленген анық ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды бирлескен ҳалда шөлкемлескенлик пенен әмелге асырыўда ҳәр биримизден белсендилик талап етиледи.
Руслан Джумамуратов,
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги