Кеше Монғолия пайтахты Улан-Батор қаласында спорт гүреслери бойынша ересеклер арасында Азия чемпионаты басланды
Бул чемпионаттыӊ дәслепки күни бес палўанымыз грек-рим гүреси бойынша медаллар ушын беллесиўге түсип, солар арасында Арам Варданян ғана биринши ушырасыўда-ақ Олимпиада чемпиони кореялы Хёвнгву Кимге жеӊилип қалды.
Ал, қалған төрт палўанымыз болса, бүгин кеште Азия чемпионатыныӊ медаллары ушын гүреске түседи. Атап айтқанда, 87 кг салмақта қатнасып атырған жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратов алтын медал ушын иранлы Носир Ализода менен қурға шықса, 55 кг да Жасурбек Ортиқбоев, 63 кг да Исламжан Бахрамов, 130 кг салмақта Мўминжан Абдуллаевлар қола медалы ушын қубла кореялы, ҳиндистанлы, сингапурлы палўанлар менен өз-ара беллеседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы