Әзел-әзелден бизиӊ халқымыз өз перзентлерин көркем өнер ҳәм спортқа қызықтырып, оларды қосық айтыў, дуўтар шертиў, гүреске түсиў, шабандозлық, оқ жай атыў сыяқлы өнерлерге үйретип келген.

Сонлықтан болса керек , халқымыз арасынан атақлы палўанлар, жыраў ҳәм  бақсылар өсип жетилискен.

Әлбетте, булардыӊ барлығы жас әўладқа үйде ҳәм аўылда берилген тәлим-тәрбияныӊ бир жемиси десек асыра айтқан болмаймыз.  Әсиресе, аўыл-аймақ болып туўысқанлардай болып жасаған қарақалпақ халқы өз аўылласларына айрықша меҳир менен қарап, олардыӊ туўры сөзли, мәрт ҳәм ержүрек болып жетилисиўи ушын ат салысқан. Соныӊ ушын да ата-бабаларымыздан бизлерге «ағайинниӊ аты озғанша, аўылластыӊ тайы озсын» деген гәп қалған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жылдыӊ 11-апрелдеги «Мәҳәллелерде жасларды ғалабалық спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы қарары елимиздиӊ аўыл ҳәм қалаларында жаслар арасында ғалабалық спорт түрлерин еле де раўажландырыўға қаратылғаны менен оғада әҳмийетли болып табылады.

Әсиресе, Президентимиз қарарында   мәҳәллелерде жаслардың ғалабалық спорт пенен шуғылланыўы ушын материаллық-техникалық базаны беккемлеў ҳәм спорт имаратларын заманагөй спорт қураллары менен тәмийинлеў, сондай-ақ, имканияты шекленген жаслар ушын тийисли спорт инфраструктурасын жаратыў, халықтың кең қатламлары, әсиресе, жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, олардың арасында спорт жарысларын шөлкемлестириў арқалы жаслардың үлесин арттырыў ғалабалық спортты раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленди.

Сондай-ақ, ҳүжжетте ғалабалық спорт пенен турақлы шуғылланатуғын шаңарақларға мәҳәллелер ҳәм дем алыў бағларында шараят жаратыў ҳәм шаңарақлық спортты хошаметлеў механизмлерин енгизиў, спорт илажлары даўамында оқыўшылары жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған улыўма билимлендириў мектеплериниң денетәрбия пәни муғаллимлери ҳәм спорт-тәлим мәкемелери тренерлериниң мийнетин мүнәсип хошаметлеў ҳәм олардың жумыс алып барыўы ушын шараят жаратыўға да айрықша итибар қаратылды.

Жасларды спортқа тартыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм ҳәр жылы еки мәўсимде ғалабалық спорт жарысларының өткерилиўин тәмийинлеў, спорт жарысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў, жол карталарын, бағдарламаларын тастыйықлаў және орынланыўы үстинен қадағалаў орнатыў бойынша жуўапкерлер белгиленди.

Оған муўапық 2022-жылдан баслап ҳәр жылы дәстүрий түрде 30-июнь – Өзбекстан Республикасы жаслары күни және декабрь айында өткерилетуғын «Жаслар форумы» шеңберинде спорттың футбол, мини-футбол, волейбол, жеңил атлетика, шахмат, шашка, стол тенниси, стритбол, воркаут түрлери бойынша бес басқышлы ғалабалық спорт жарысларын өткериў системасы енгизиў нәзерде тутылып, олардыӊ биринши басқышы – көшелер аралық мәҳәллелерде, екиншиси– мәҳәллелер аралық сектор жарыслары, үшинши басқышы – сектор жарысларында жеңимпаз болған мәҳәлле командалары арасында район (қала)ларда, төртинши басқышы – район (қала)лық жарысларда жеңимпаз болған мәҳәлле командалары арасында ўәлаятлық жарыслар,  бесинши басқышта – ўәлаятлық жарысларда жеңимпаз болған мәҳәлле командалары арасында республикалық (финал) жарыслар өткериў белгилеп алынды.

Ал,  2023-жыл 1-мартынан баслап болса,  олимпиада, олимпиада емес ҳәм миллий спорт түрлери бойынша үш басқышлы улыўма республикалық спорт жарысларын өткериў системасы енгизиледи.

Бул  жарыслардың ҳәр бир басқышында жеңимпаз болған жаслар тийисли жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен хошаметленетуғыны,  ўәлаятлық басқышта – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, Халық билимлендириў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлиги аймақлық бөлимлериниң басшылары, жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары, республикалық (финал) басқышта – Спортты раўажландырыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Жаслар ислери агентлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны атап өтилди.

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалыныӊ профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары да Президентимиздиӊ жоқарыда аты аталған қарарын басшылыққа алып, студентлер спортын және де раўажландырыў ушын жоқары билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилген спорт клублары арасында жарысларды өткериў ҳәм оларды халық арасында ғалаба ен жайдырыў ушын өзиниӊ бар күш-жигерин аямай жумсай береди деп халқымызды исендирип қаламыз.

 Б.Мамбетов,

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директоры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги