Кеше футбол бойынша Азия чемпионлар лигасыныӊ 4-тур ойынлары болып өтти.
Бул турда Қатардыӊ «Ад-Дуҳайл» клубына қарсы ойын өткерген Ташкенттиӊ «Пахтакор» командасы келеси басқышқа шығыў мәселесинде өзлерин әдеўир қыйын жағдайға салып қойды.
Атап айтқанда ушырасыўдыӊ 32-минутында Басам Ҳишам мүйештен узатылған топты басы менен дәрўазаға жоллап қойған болса, биринши таймға қосып берилген минутларда Майкл Олунга есапты 2-0 ге жеткерди.
Ал, екинши таймныӊ 48-минутында Алмоиз Али «Пахтакор» дәрўазасына үшинши голды урып, өз командасыныӊ ири есаптағы жеӊисин тәмийинледи.
Еслетип өтемиз, бул командалардыӊ топардағы дәслепки ойыны 3-2 есабында «Ад-Дуҳайл» пайдасына шешилген еди.
Ал, бул топардыӊ екинши ойынында болса, Иранныӊ «Сепахан» клубы «Ал-Таъвун» менен 1-1 есабында ойнап, өз-ара 1 упайдан бөлисип алды.
Солай етип, 4-турдан соӊ «Д» топарын 9 упай менен «Ад-Дуҳайл» басқарып киятырған болса, «Ат-Таъвун»да 7, «Сепахан»да 4, «Пахтакор»да 3 упай бар.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы