Президент Шавкат Мирзиёев 18-апрель күни қурылыс жойбарларының презентациясы менен танысты.
Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 23-июньдеги қарарына муўапық, «Жаңа Өзбекстан» университети шөлкемлестирилген еди. Қарарда бул университет ушын жер ажыратыў, сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда заманагөй оқыў кампусының жойбарын ислеп шығыў ҳәм қурыў ўазыйпасы белгиленген.
Презентацияда дәслеп бул жойбар көрип шығылды. Университет ушын пайтахтымыздың Мырза Улығбек районы Дўрмон жолы көшесиниң бойында 30 гектар жер ажыратылған. Комплекс жойбары Түркияның «Outdoor Factory» компаниясы менен биргеликте ислеп шығылған. Оған бола, бул жерде 5 факультет ушын оқыў имаратлары, администрация, оқытыўшылар ҳәм студентлер ушын жатақханалар, асхана, китапхана, лаборатория, спорт сарайы ҳәм стадион қурылады.
Ҳәзир бул аймақта Президент мектеби бар. Келешекте Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги де усы жерде жайласады. Усы тәризде, аймақ билимлендириўге қәнигелескен тутас комплекс болады.
Мәмлекетимиз басшысы комплексти сапалы қурыў, оқыў имаратларында уллы уламаларымыздың естелиги ҳәм мийрасын сәўлелендириў, жаслардың оқыўы ҳәм ҳәрекетлениўи ушын қолайлықлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди.
Және бир жойбар келешекте мәмлекетлик музейлерди реконструкциялаўға қаратылған. Оған бола, имаратлардың архитектурасы ҳәм тарийхый қунлылығын сақлап қалған ҳалда ишки шараятларды жақсылаў, заманагөй техникалар менен үскенелеў режелестирилген. Дүнья жүзиндеги белгили музейлер тәжирийбеси тийкарында экспонатлардың көримлилигин арттырыў, тарийхый затларды зыян келтирмей сақлаў, келиўшилерге қолайлықлар жаратыў бойынша ҳәмме тәреплер есапқа алынған. Бул жумыслардың нәтийжесинде музейлердиң көргизбе майданы кеңейип, халық ҳәм туристлер ушын тартымлылығы артады.
Яшнабад районындағы «Технопарк» аймағында аквапарк қурыў жойбары да перспективалы. Бунын ушын ҳәзирги ўақытта пайдаланылмай турған имарат пенен бирге 4,5 гектар жер мөлшерленген. Комплекс тиккелей сырт ел инвестициясы есесине қурылады. Бул жерде ашық ҳәм жабық суў бассейнлери, аттракционлар, ресторанлар, ойын майданшалары болады.
Бизге белгили, мәмлекетимизде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары әмелге асырылмақта. Соған мүнәсип тәризде, Юнусабад районындағы Астрономия паркиниң аймағында гүллер бағын жаратыў режелестирилген. Бул жер халықтың мәдений дем алыўы, пайтахтымыз экологиясының жақсыланыўы ушын және бир фактор болады.
Презентацияда қалалараралық жол инфраструктурасын жақсылаў илажлары да додаланды. Атап айтқанда, Поп районы менен Наманган қаласы арасындағы автомобиль жолын кеңейтиў жойбары көрип шығылды.
Президентимиз бул аймақтың рельефин есапқа алып, жолды айдаўшыларға қолайлы етип қурыў, адамлардың қәўипсизлигин биринши орынға қойыў зәрүр екенин атап өтти.
ӨзА