Қарақалпақстан радиосына–90 жыл
Урыс басланардан сәл бурынырақ Төрткүлден Нөкиске көшип келген Қарақалпақстан радио информация комитети урыс басланған дәслепки күнлерден-ақ фронт пенен тыл бирлигин беккемлеў, басқыншылар үстинен сөзсиз жеӊиске ерисетуғынымызға исенимди арттырыў, фронт ушын жәрдемди көбейтиў ушын өз программасын жаӊа ўазыйпалар дәрежесинде қайта дүзди.
Совинформбюро хабарлары менен бир қатарда, урыстыӊ дәслепки күнлеринде эфирге берилген микрофон материалларында республикамыздыӊ санаат, транспорт кәрханаларында болып өткен митинг ҳәм жыйналыслар ҳаққында, совет адамларыныӊ бәлент патриотизми ҳаққында оператив информациялар, репортажлар берди. Бул репортажлардыӊ мазмуны душпаннан өш алыўға, халықтыӊ ғәзебин арттырыўға қаратылған еди.
Мәселен, Шымбай МТС ында болып өткен митинги қатнасыўшылары қабыл еткен резолюциясында: «Бизлер ендигиден былай тракторшыларымыздыӊ жумыс өнимин саат сайын арттыра барып, адамлардыӊ неге уқыплы екенлигин ис жүзинде көрсетемиз. Егер зәрүр болса Ўатан шақырығы бойынша тракторларымызды қойып, әскерий танкаларға отырамыз. Қурал-жарағымыздыӊ күши менен душпанларды ылақтырып таслаймыз ҳәм оны өз жеринде күл—талқан етип жеӊемиз».-делинген.
Төрткүл районындағы Таза Бағжап аўылсоветинде болған митингке 300 колхозшы қатнасты. Онда шығып сөйлеген аўылсовет председатели жолдас Реджепов басқыншыларға тийисли соққы бериў ушын тағы да өнимлирек, жақсырақ ислеп, елимизге пахтаны, жоӊышқа туқымын, палыз ҳәм дән өнимлерин көбирек жеткерип беретуғыны туўралы айтты.
Парахат турмыста жасап атырған Ўатанымызға фашист басқыншыларыныӊ тосыннан басып кириўи шайырларымыз бенен жазыўшыларымызды да душпанға деген жек көриўшилик, қайтпас қәҳәр, өшпенлилик туўдырды. Дәли Назбергенов, Жолмурза Аймурзаев, Мырзағалий Дәрибаев, Байнияз Қайыпназаров, Наўрыз Жапақовлар халықтыӊ ғәзебин жалынлы қосық қатарлары арқалы билдирди. 24-июнь күни «Қызыл Қарақалпақстан» газетасында шайыр Наўрыз Жапақовтыӊ «Фашистлер тарт қолыӊды!» атлы қосығы жәрияланып, сол күни бул қосық Қарақалпақстан радиосыныӊ кешки еситтириўлеринде пүткил республикамызға тарады.
Қанхор фашистлердиӊ бизиӊ парахат елимизге тосыннан топылғаны туўралы хабарды еситкен Қарақалпақ мәмлекетлик театрыныӊ артист ҳәм артискалары митингке жыйналды. Жазыўшы, белгили алым Нәжим Дәўқараев өз сөзинде артистлер менен жазыўшылар бул жаўызлық топылысқа өз искусствосын, өз әдебиятын және де раўажландырыў менен жуўап беретуғынын айтты. Халық артисткасы Айымхан Қазымбетова, (СССР Халық артисткасы А.Шамуратованыӊ бурынғы фамилиясы) театр артист ҳәм артисткаларын тағы да нәтийжелилирек ислеўге, тийкарғы жумыс пенен қатар әскерий өнерлерди үйрениўге, сөйтип қутырынған фашист басқыншыларына соққы бериўге шақырды.
Баспасөз материаллары тийкарында ықшамлап таярлаған:
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.