Усы жыл 18-апрель күни Нөкис қаласындағы «Алмазар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Гемодиализ орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

 Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Ҳиндстанның «Nephrocare health services central asia» жуўапкершилиги шекленген жәмийети  сырт ел кәрханасының бас директоры Викрам Вуппала шығып сөйлеп,  жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен елимизде Денсаўлықты сақлаў тараўын реформалаў, халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, медициналық хызмет көрсетиўдиң заманагөй системасын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 16-апрельдеги «Денсаўлықты сақлаў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағлдарында да кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Созылмалы бүйрек жетиспеўшилиги кеселлигин емлеўге қәнигелестирилген бул орай имаратының қурылысы қысқа мүддетте «Нөкис Еркин қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен қурып питкерилди. Бул жерде 3 миллиард 400 миллион сумлық жумыс көлеми орынланды.

Суткасына 100 ге шамалас наўқасты қабыллаў мүмкиншилигине ийе орайға Германияның B BRAUN медицина ҳәм фармацевтика фирмасының Dialog+ үскенелери орнатылды. Бул заманагөй үскенелер менен бир ўақыттың өзинде 34 наўқасқа хызмет көрсетиў имканиятын береди. Халқымыз арасында соңғы ўақытлары көбейип баратырған созылмалы бүйрек жетиспеўшилиги кеселлигин емлейтуғын орай мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында өз жумысын баслаған ҳәзирше мәмлекетимизде бириншиси болып табылады.

– Биз бул жойбарды Қарақалпақстаннан баслап атырғанымыздан қуўанышлымыз,-дейди «Nephrocare health services central asia» жуўапкершилиги шекленген жәмийети  сырт ел кәрханасының бас директоры Викрам Вуппала.-Жақын күнлерде Ташкент қаласында, Хорезм ўәлаятының Үргенш қаласында ҳәм Бағат районында усындай орайлар қурылып, пайдаланыўға тапсырылады.

Илаж қатнасыўшылары орайда жаратылған шараятлар менен танысты.

Усы жердиң өзинде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен «Nephrocare health services central asia» жуўапкершилиги шекленген жәмийети  сырт ел кәрханасы арасында бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойыў мәресими өткерилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери