«Абат» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан Кегейли районлық медицина бирлеспесине қараслы «Бозжап» шаңарақлық шыпакерлик пункти имараты 1997-жылы қурылған болып, 2017-жылға шекем усы аймақтағы аўыл халқына хызмет көрсетип келген еди.
Ал, 2017-жылы 29-март күнги Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-2857- санлы “Өзбекстан республикасында бирлемши медицина санитария жәрдем көрсетиў мәкемелериниӊ жумысын шөлкемлестириўди жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып “Бозжап” аўыллық шыпакерлик пункти “Абат” аўыллык шыпакерлик пунктине бириктирип берилген еди.
Соӊынан аўыл халқыныӊ жыйын орайына узақлығы инабатқа алынып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2021-жыл 4-майдағы №327-санлы қарарына тийкарында жергиликли бюджет есабынан “Бозжап”аўыллық шыпакерлик пунктине ири оӊлаў жумыслары ушын 483 000 000 сўмлық каржы ажыратылып, қурылыс жумыслары алып барылды ҳәм ол толығы менен жуўмақланды.
Жақында усы шыпакерлик пунктиниӊ ашылыў мәресими болып өтип, оған аўыл халқы, районда жайласқан медицина мәкемелери басшылары ҳәм хызметкерлери қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниӊ биринши орынбасары Қ.Камалов ҳәм аўыл ақсақаллары шығып сөйлеп, аймақ халқын жаӊа имараттыӊ ашылыўы менен қутлықлады ҳәм рәсмий лентаны кесип, шыпакерлик пунктиниӊ ишки шараятлары менен танысты.
Мағлыўмат ушын,шаңарақлық шыпакерлик пунктинде жумыс баслап атырған медицина хызметкерлери сол аймактағы 1527 пуқараға басланғыш медициналық жәрдем көрсетеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.