Профессионал билимлендириў системасын алдынғы шет ел тәжирийбелери тийкарында жетилистириў, баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал тәлим басқышларын енгизиў арқалы мийнет базары ушын қәнигели ҳәм бәсекилес кадрлар таярлаў ҳәм усы процесслерге жумыс бериўшилерди кеӊнен тартыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 6-сентябрдеги ПФ-5812-санлы пәрманы тийкарында Нөкис районында кәсип-өнер мектеби ашылған еди.
Бүгинги күни мектепте бир неше қәнигеликлер бойынша оқыўшылар билим алмақта.
2022-2023-оқыў жылында кәсип-өнер мектебине оқыўшыларды қамтып алыў мақсетинде райондағы мектеплердиӊ 9-класс питкериўшилери ушын «Ашық есиклер күни» илажы шөлкемлестирилди.
-Бизлер 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинен келдик,-дейди бизге усы мектептиӊ психологи Гүлжамал Махамбеткәримова.-Бул дәргайда оқыўшылар 5 қәнигелик бойынша билим алар екен. Бизлер олардыӊ сабақ өтиў барысы менен жақыннан таныстық. Оқыўшылар кәсип-өнер мектеби басшылары ҳәм оқытыўшы-усталарына өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша мүрәжат етип, оларға тийисли жуўаплар алды. Улыўма өткерилип атырған бул илаж питкериўшилеримиздиӊ келешекте турмысын белгилейтуғын әҳмийетли ушырасыў болды деп айта аламан ҳәм шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдиремен.
Ҳақыйқатында да ушырасыўда оқыўшылар мектептиӊ турмысы менен жақыннан танысып, белгили бир кәсип бойынша өзлерине бағдар белгилеп алды, деп айтсақ болады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы