Елимизде улыўма билим бериў мектеплериниң жоқары классларында оқыйтуғын оқыўшылардың келешектеги кәсиби ҳаққында ойлаўы ушын түртки бериў, өндирислик кәрхана, исбилерменлик ҳәм басқа да керекли кәсиплер туўралы түсиниклерге ийе болыўы ушын олардың өндирислик кәрханаларға, жоқары оқыў орынларына саяхатлары шөлкемлестирилип, тәлим-тәрбия жумысларын шөлкемлестириў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Усындай мақсетте Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалында  «Ашық есиклер күни» шөлкемлестирилди.

Нөкис районындағы 2, 13, 14, 15, 26-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң муғаллимлери ҳәм 9-10-11-класс оқыўшылары филиалға саяхатқа келди.

Олар филиалда жаңадан ашылған инкубация ҳәм акселерация орайының робототехника, программаластырыў, шахмат-шашка клубларында болып жаратылған шараятлар ҳәм жумыслары менен танысты. Сондай-ақ, олар филиалдың оқыў ханалары, компьютер класслары, спорт залы ҳәм басқа да имканиятлары менен таныстырылды.

– Бундай саяхатлардың тез-тезден шөлкемлестирилип турылыўы оқыўшы-жаслардың кеўлинде үлкен тәсир қалдырыўы менен бирге, олардың ертеңги күни белгили бир кәсипке деген интасын оятыўда үлкен хызмет атқарады,-дейди тәрбияшы-педагог Б.Иззетов. – Сонлықтан, алдағы ўақытлары да басқа мектеп оқыўшылары менен усындай саяхатлар шөлкемлестириўди режелестиргенбиз.

Оқыўшылар қәнигелерден ҳәм устазларынан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги