Мәмлекетте чай пайтахты сыпатында танылған Ризе қаласындағы Режеп Таййип Эрдоған университетинде Түркияда айрықша китапхана ашылғаны белгили болды. «TRT Haber»
агентлиги жоқары билим журтында «чай китапханасы» жумыс баслағаны ҳаққында хабар берди.
– Китапханада чай ҳаққында түрк ҳәм инлис тиллеринде жәми 938 китап, журнал, докторлық диссертациялары, мақала ҳәм изертлеўлер бар. Басылымларда түрк халқы арасында ең белгили дәстүрге айланған чай ишиў мәденияты, оның сортлары, өсимликлери ҳәм тарийхы ҳаққында көплеген мағлыўматлар бар, – делинеди хабарда.
Буннан тысқары, Режеп Таййип Эрдоған университетинде Қара теңиз ҳаққындағы және бир китапхана бар, ол 734 дөретпе менен байытылған.
Қарақалпақстан хабар агентилиги