Қәдирли ўатанласлар!
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўының мийнеткеш ҳәм пидайы ўәкиллери!
Бәринен бурын сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды мәмлекетимизде биринши мәрте белгиленип атырған қутлы әййям – Мәденият ҳәм көркем-өнер хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим менен шын кеўлимнен шыққан тилеклеримди билдиремен.
Ҳәммеңизге белгили, инсан қәлбине ағла пазыйлетлерди, жақсы сезимлерди сиңдирип, жәмийетти бирлестириў ҳәм раўажландырыў, халықты, Ўатанды дүньяға танытыўда мәденият ҳәм көркем өнердиң орны ҳәм тәсири шексиз.
Елимизде тарийхқа нәсер салсақ, Биринши ҳәм Екинши Ренессанс сыяқлы ҳәдийселер бәринен бурын әййемги ҳәм бай мәдениятымызды азықландырып, өлмес қәдириятларымыз ҳәм дәстүрлеримиз тийкарында жүзеге келгенин көремиз.
Бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанның келбетин қәлиплестириў, өз алдымызға қойған уллы мақсет – Үшинши Ренессанстың тийкарын жаратыўда сиз, ҳүрметли дөретиўши зыялыларымыз шешиўши күш сыпатында алдыңғы орынларға шығып атырғанын ел-журтымыз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.
Бул ҳаққында сөз болғанда, кейинги жылларда тараўдың раўажланыўына қаратылған бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарар қабыл етилип, кең көлемли жумыслар әмелге асырылғанын атап өтиў керек.
Әсиресе, Миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясы және «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент қарарына муўапық бул бағдардағы реформалардың жаңа стратегиясы қабыл етилип, турмысқа избе-из енгизилмекте.
Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал экономикалық дағдарысқа қарамастан, мәденият ҳәм көркем өнер тараўының материаллық-техникалық базасын және кадрлар потенциалын беккемлеў ушын мәмлекетимиз тәрепинен зәрүр қаржы ҳәм ресурслар ажыратылып, қолайлы имканиятлар жаратылмақта.
Бәринен бурын, Мәденият министрлиги заман талаплары тийкарында қайта шөлкемлестирилип, оның орайлық ҳәм аймақлық структуралары, ҳәр қыйлы дөретиўшилик шөлкемлер ҳәм ассоциациялардың жумысы жетилистирилди. Миллий көркем өнеримиздиң бийбаҳа түрлери тикленип, онлаған жаңа мәденият ҳәм көркем өнер мәкемесиниң жумысы жолға қойылды, 15 ке шамалас театр, музей ҳәм музей қорыққаналар шөлкемлестирилди. Соның ишинде, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы, Миллий мақам өнери ҳәм бақсышылық көркем өнери орайлары, аймақларда мақам ҳәм бақсышылық ансамбльлери, Театр ҳәм кино ғайраткерлери ассоциациялары, «Баҳор» мәмлекетлик аяқ ойын ансамбли нәтийжели жумыс алып бармақта.
Өткен қысқа дәўирде Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институты, Батыр Закиров атындағы Миллий эстрада көркем өнери институты, Өзбекстан мәмлекетлик хореография академиясының Үргенш филиалы, Республикалық музыка ҳәм көркем өнер колледжи ҳәм Нөкис опера ҳәм бақсышылық мектеби шөлкемлестирилди.
Елимизде мақам ҳәм бақсышылық көркем өнерлери және өнерментшилик бойынша халықаралық фестивальлар турақлы өткерилип киятырғаны миллий мәдениятымызды жәҳән көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етпекте. Нәтийжеде халқымыздың әййемги ҳәм бийтәкирар көркем өнери дүнья жәмийетшилигиниң жоқары тән алыныўына сазаўар болмақта. «Хорезм ләзгиси» ҳәм бақсышылық өнери ЮНЕСКОның Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы репрезентатив дизимине киргизилгени буны айқын дәлиллейди.
Тараў хызметкерлериниң машақатлы мийнетин ҳәр тәреплеме хошаметлеў, олардың жәмийетлик турмыстағы орнын ҳәм абырайын арттырыў бағдарында да үлкен жумыслар исленбекте. Әсиресе, мәмлекетимизде 15-апрель сәнеси Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни деп белгиленгени бул жолдағы жаңа қәдем болды.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген жоқары мақсет ҳәм шеклеримиз барлық тараўлар қатарында мәденият ҳәм көркем өнер тараўында да алдымызға әҳмийетли ўазыйпаларды қоймақта.
Бәринен бурын, миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизде халықшыллық принциплерин және де беккемлеў, оны шын мәниде ел-журтымыздың қәлби ҳәм жүрегинде көрсететуғын, ең жоқары халықарылық норма ҳәм талапларға жуўап беретуғын тараўға айландырыў – ең әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.
Халықты, бәринен бурын, өсип киятырған перзентлеримизди бузғыншы идеялардан, психологиялық қәўип-қәтерлерден қорғаў, жәмийетимизде тынышлық ҳәм турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеўде биз сизлер сыяқлы мыңлаған пидайы мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлерине сүйенемиз.
Бул бағдарда уллы ағартыўшы бабамыз Маҳмудхожа Беҳбудий «ибратхона» деп тәрийплеген театрларымыздың орны ҳәм тәсири үлкен екенин бәршемиз жақсы түсинемиз. Өткен жылы декабрь айында мәмлекетимизде опера ҳәм балет көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў бойынша Президент қарары қабыл етилип, бул бағдарда зәрүр илажлар белгиленгенинен сизлер, әлбетте, хабардарсыз.
Буннан тысқары, мәденият ҳәм көркем өнер жоқары оқыў орынларының студентлерин, мәмлекетлик емес театр-студияларын қоллап-қуўатлаў, олардың умтылысларын хошаметлеў мақсетинде усы жылдан баслап ең жақсы жойбарлар ушын мәмлекетлик грантлар ажыратылады. Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер және дизайн бағдарлары бойынша билим алып атырған питкериўшилер, сондай-ақ, еркин дөретиўшилик пенен бәнт болған художниклердиң жумысына жәрдем бериў, соның ишинде, дөретиўшилик устаханалар менен тәмийинлеў, «устаз-шәкирт» дәстүрлерин жанландырыў мәселесинде де бир қатар жумысларды әмелге асырыў режелестирилген.
Миллий кинематография тараўын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде жақында пүткиллей жаңадан оңланған «Өзбекфильм» киноконцернин заманагөй үскене ҳәм қурылмалар менен тәмийинлеў ҳәм оны ири дөретиўшилик мәкемеге айландырыў бойынша басланған жумысларымызды жуўмағына жеткеремиз. Кино көркем өнериниң түризм потенциалын арттырыўдағы әҳмийетин есапқа алып, абырайлы сырт ел кинокомпаниялары менен биргеликте фильмлер ислеп шығарыў бойынша ири жойбарлар әмелге асырылады.
Бир сөз бенен айтқанда мәденият ҳәм көркем өнер шөлкемлери, атап айтқанда, аймақлардағы мәденият орынларында мийнет етип атырған көп миллетли дөретиўшилик ҳәм техникалық жәмәәтлерди қоллап-қуўатлаў, жоқары көркем дөретпелер жаратыўды хошаметлеў, олардың ел-журтымызға аянбай хызмет етиўи ушын зәрүр шараят жаратып бериў жумыслары жаңа басқышқа көтериледи.
Әзиз көркем өнер шеберлери, қәдирли тараў ветеранлары!
Сизлерди қутлы байрам – Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.
Бәршеңизге беккем денсаўлық, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик жумысларда тасқын табыслар, шаңарақларыңызға тынышлық, бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.
Ҳәмийше халқымыздың ардағында болың!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти