Республикалық 10-санлы Көзи әззи хәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатының дөретиўши оқыўшылары 3-сектор баслығыныӊ қәўендерлигинде И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебине саяхатқа шықты.

Ол жерде оқыўшыларды дөретиўшилик мектеби директоры Р.Ташимов басшылығындағы педагогикалық жәмәәти ҳәм усы оқыў дәргайында билим алып атырған оқыўшылар жыллы жүзлилик пенен күтип алды. Буннан соӊ мийманлар мектепте оқыўшылардыӊ оқып билим алыўы ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты ҳәм оларға мектеп жәмәәтиниӊ соӊғы ўақытлары ерисип киятырған жетискенликлери жөнинде кеӊ түрде айтып берилди.

Сондай-ақ, сол күни көзи әззи хәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатының дөретиўши оқыўшылары Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде белгили лирик шайыр Оразбай Сәтбаев пенен ушырасыў кешесине  қатнасты.

Кешени Бердақ атындағы  ҚМУ доценти, филология илимлериниң кандидаты, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Б.Генжемуратов басқарып барды. Ушырасыў кешесинде ҚМУдың кафедра баслығы, филология илимлериниң докторы Ш.Смамутова шайыр Оразбай Сәтбаевтыӊ дөретиўшилиги хаққында баянат жасады.

Соныӊ менен бирге Б.Генжемуратов шайырдың басып өткен жолы, дөретиўшилиги, дөретиўшилик жолындағы басқа шайырлардан өзине тән өзгешеликлери хаққында жыйналғанларға кеӊ түрде айтып берди.

Кешеде ҚМУ студентлери, дөретиўшилик мектеп оқыўшылары менен бир қатарда бизиӊ  мектептиӊ дөретиўши оқыўшылары да белсене қатнасып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Ал, “Жас қәлемкешлер” дөгереги ағзаларынан Айсулыў Тилеумуратова ҳәм Баршынай Реймбаевалар да жыйналғанларға өзлери дөреткен дөретпелерден оқып берди.

Жуўмақлап айтқанда, мектебимиз оқыўшыларыныӊ И. Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебине болған бул саяхаты көркем әдебиятқа қызығыўшы жас әўладларымыз қәлбинде умытылмас тәсир қалдырып, дөретиўшиликке жаӊаша көзқарас пайда етти, деп айта аламыз.

 

Гүлнара Мамутова,

Республикалық 10-санлы көзи әззи хәм шала көриўши балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатының мәдений-дөретиўшилик мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги