Республикамызда 15-апрель Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни кең түрде белгиленди.
Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында тараў хызметкерлерин сыйлықлаў мәресими өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлериниң кәсиплик байрамы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында елимизде мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилип, тараўда кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Жәмийетимизде мәденият тараўы хызметкерлериниң орны айрықша болып, ҳәр бир миллетти миллет сыпатында танытыўда, оның әдебияты менен бирге көркем өнериниң, миллий мәдениятының орны гиреўли екенлиги әмелде өз көринис таппақта.
Бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги системасында 3 мәмлекетлик театр, 2 жоқары оқыў орны, 2 қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мектеби, опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернаты, 24 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, республикалық көзи әззилер китапханасы, 3 концерт шөлкеми, 60 қалалық ҳәм районлық мәденият орайында 3 мыңға шамалас хызметкер мийнет етип атырған болса, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалында 16 қәнигелик бойынша 1027, өткен жылы ашылған Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясында 5 бағдар бойынша 47 жас билим алмақта.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын еле де раўажландырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша бир қатар ибратлы ислер алып барылмақта. Өткен жыллары Мойнақ, Елликқала, Шымбай, Хожели районларында балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, Нөкис қаласында опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернаты, республикалық көзи әззилер китапханасы қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Сондай-ақ, Төрткүл, Бозатаў, Қанлыкөл, Мойнақ, Тахтакөпир, Қоңырат, Шымбай, Кегейли, Елликқала, Беруний районларындағы Мәденият орайларында кең көлемли қурылыс жумыслары алып барылды. Нөкис қаласындағы Қарақалпақ көркем өнер сарайы реконструкцияланып, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының 300 орынлық жатақханасы, Қараөзек районында 200 орынлық Мәденият орайы жаңадан қурылып, Шоманай районлық Мәденият орайында қурылыс жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, Қоңырат, Шымбай, Нөкис, Кегейли, Тақыятас, Шоманай районларында республика ҳәм жергиликли бюджет қаржылары есабынан усындай қурылыс жумыслары алып барылмақта.
Өткен жылдың өзинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры Туркияның Трабзон қаласында болып өткен «Қаратеңиз» халықаралық театрлар фестивалында, «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли Башқуртстанда болып өткен халықаралық фольклориадада, Туркияда болып өткен «Мәденият ҳәптелиги»не, Ҳиндстанда өткерилген халық аралық хореография фестивалына табыслы қатнасып қайтты. Өткен жылы 17-21-сентябрь күнлери Нөкисте болып өткен II халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына дүньяның 22 мәмлекетинен жүзден аслам бақсы, ақын, жыраў ҳәм көркем өнер жәмәәти қатнасты.
Илажда бир қатар тараў хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Мәденият министрлигиниң Ҳүрмет жарлықлары, естелик саўғалары, «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Байрам илажлары Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында, Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында, И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда, қала ҳәм районларда даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги