Сабақтан шығып, кафедраға кире бергеним, қол телефоным шыңғырлады. «Ким екен» деп үңилип қарасам, «Г.Ахмед» деген жазыў шықты. Бул «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бар редакторы Г.А. Аннақлычева.

– Тамара, саған тапсырма, жақында Шарап ағаның юбилейи. Соған мақала керек.  Бир ярым-еки бет. Адамлар қызығып оқыйтуғын болсын… Өзи билмесин, сюрприз қыламыз. Өзбекшеге өзим аўдараман. Фақат тезирек…

– Сонда ол нешеге шығып атыр?

– 70 ке.

– Демде ме?!… Шарап аға дәслепки устазларымнан бири-ғой.

– Соны билгеннен кейин қоңыраў қылып атырман-дә.

Ағамыз ўақтында биз сыяқлы бир қанша жаслардың журналистикаға дәслепки қәдемлеринде устазлық еткен, турмысқа жаңа қәдем қойып атырғанына руўхый жақтан да, социаллық жақтан да қоллап-қуўатлаўшылардың қатарында болған, қарақалпақ журналистикасы менен елдиң жәмийетлик-сиясий турмысында белгили дәрежеде өз орнына ийе инсанлардан бири екенлигин ийни келгенде тән алыўымыз тийис.

Усындайда ол республикалық газетаға еки мәрте бас редактор болып тайынланған дәўирлеринде дәслеп практикант, соң хабаршы болып ислеген ўағымыздағы бақлаўларымыз еске түседи.

***

1988-жылдың гүз мәўсими.

«Совет Қарақалпақстаны» газетасына практикаға меннен бурын келген студентлер бөлимлерге бекитилген екен. Жалғыз өзим «практикант едим» деп келгеним ушын ба, редакция хызметкерлериниң ҳеш бири итибар да бермеди, сөзиме қулақ та аспады. Оның үстине бул жерде көбинесе ер балаға талап күшли екен. Себеби оларды дүзге командировкаға жибериў аңсат екен. Жеккеленип қалдым. «Бас редакторға киресиз» деди тобы кишилеў бир қыз. Хатшы қыз қусайды. Кейин билдим, ол Рысгүл екен. Шарап аға жүзиме дыққат пенен сын нәзер таслады. Негедур, менде қорқыў ямаса тартыныўдан гөре батырлық пайа болды. Ол бир кисини шақыртты.

– Клим Дәлиевич, мына практикант қыз бүгиннен баслап сениң бөлимиңде ислейди, –деди.

– Әй, жүр, өзи маған практикант керек пе еди!?

Ол гүңкилдеўи менен әлле неден наразы кейипте «кейниме ер» ишарасын билдирди. Бөлимде белгили очеркши Сапарбай Салиев пенен Жийенгүл Оразымбетова деген келиншек жумыс ислейди екен.

Сапарбай ағаның әдети, күн аўғанда, гейде сәскеде жумысқа келеди де, бир қол шахмат ойнайды. Бир қолдың кейни үдеп кетеди. Оның мақала жазып, қумбыл жумыс ислеп отырғанын көре бермеймен.

– Бул адам  көбинесе объектлерге барады, келгеннен кейин үйинде жазады. Ҳарыған ўақтында жумысқа келип, шахмат ойнап шаршағанын шығарып кетеди, – деп түсиндиреди Жийенгүл.

– Ҳе-е, журналист деген усындай болады екен-аў, – деп ойлап қояман ишимнен аңсарым аўып. Буған анаў түри суўық, қатал редакторы  көне беремекен?!

***

– Сен, қызым, дәслеп мына хатларды бир жақлы қыл.

Шкаф толы хаттың шетинен тийисип кеттим. Ишлериндеги әнедей жазылғанларын редакторлап, жарамайтуғынларына жуўап жазып Клим ағаның қолын қойдырыўдан хатлар бөлиминдеги Сәрсенгүл апа конвертке салып ийелерине жөнетип турды. Соның менен бир ҳәптениң ояқ-буяғында төрт жүзден аслам хатты «жайпап» тасладым. Ол заманда газеталарда «Хат артында адам бар» деген рубрикалар болып, ҳәр бир хатқа жуўап қайтарылыўы шәрт! Егер булай болмаса, басың менен жуўап бересең.

Қулласы, Клим аға келген адамға босаған шкафын көрсетип қуўанады. «Мына қызға рахмет» деп қояды. Кеўли әбден көтерилип, бир талай жеңилленип қалды.

Енди бизлер бир жәмәәт болып әдеўир жанлана басладық. Мәденият ҳәм турмыс бөлиминиң «қатар планы» артығына орынланып, бөлимниң мақалалары күн ара, ҳәпте ара  избе из жәриялана баслады. «Қатар план» дегени секретариат жазған мақалаңның қатарын биримлеп санап алады. Егер толтыра алмасаң, таяқ та, гүзе де сениң үстиңде сынады, жуўаплы хаткер, кексе журналист Кеўлимжай Қәлменовтан дәкки еситесең. Дәкки деп мениң өзим ол кисиниң биреўге сәл болса да даўысын көтерип сөйлегенин еситпегенмен, бирақ ҳәптесине бес мәрте шығатуғын нәмнаған газета бетлери әнейиликте тола қоймайды!

Сапарбай аға сол күнлери публицистика туўралы бир полоса мақала берди. Мен де «Туўылған аўылым ҳаққындай ойлар» деген көлемли мақаламнан кейин газетаның өз хабаршысы Нурсулыў Бегимова менен Шоманай районының пахтакешлерине ҳармасынға барып, көпшиктей мақала таярлап келдим. Ал курсласым Бийбижамал Караматдинова «Байланысшы Алейникова» деген тәп-тәўир мақала жәриялады. Орыс пенен қалай тиллескени қызық маған!

Бийбижамалдың жазғаны әдеўир жақсы шыққаны себепли ме, оқыўды питкериўден оны «Еркинге» жумысқа алды.

Кафедра тәрептен мениң гүзекте аспирантураға кириўим жобаластырылған. Оған дейин бес-алты ай ўақыт бар. «Аўылға кетсең, сени жойтып алсақ, сосын қайдан табамыз» деп Сапарбай аға алдыма түсип, жумыс излеп баспа үйиниң кең дәлизинен кабинет пе кабинет шарлай баслады. «Қарақалпақстан» баспасының директоры, досты, жазыўшы ҳәм илимпаз Исмайыл Қурбанбаевқа жолығып, сол жерге киши редактор лаўазымына орналастыратуғын болды. Бирақ негедур сол кисиниң жакында газетадан «өскен», обкомның идеология секретары Ш.Уснатдиновтың «беседасынан» өтиўим кереклигин ескерткенине еле түсинбеймен. Бул үлкен есиктиң сусты басып, секретарьдың сораўларына не деп жуўап бергеним ядымнан көтерилипти.

***

Екинши бир еске алатуғын момент, 1990-1992-жыллардағы ўақыялар. Мен аспирантурада оқып жүрип усы газетада ярым штат пенен жумыс ислей басладым.

Мениң көз алдымда газета «Еркин Қарақалпақстан»ға қайтадан айналдырылды, бас редактор ҳәр саны сайын тарийхый, актуал мәселелерге арналған мақалалар табыўға  ҳәм басқаларға да жаздырыўға шебер. «Барлық еллердиң пролетарлары, бирлесиңиз!» ураны Шарап ағаның усынысы менен «Елдиң бирлиги ҳәм абаданлығы  ушын» деп өзгерди. Буннан кейин басқа газеталар да жапатармақай уранларын өзгерте баслады… Оның үстине редактор бөлимлерди редакцияларға айналдырды, газетада бир неше редакциялар болса, оларға бас редактор керек болар екен, солай етип, бурынғы бөлим баслықлары – редакция баслықларына, редактор – бас редакторға айналдырылды. Бас редактор дегенлер тынып-тыншымас адам болар екен, «Бас редактор минбери», «Редактор минбери», «Публицист минбери» деген рубрикаларды ойлап таўып, газетадағы ҳәр бир журналистти сүўретлери менен биринши, екинши бетлерге шығарып, газетаның да, онда ислеўши хызметкерлердиң де, бул арқалы өзиниң де абыройларын көтерип жиберди.

Бир күни қәлеми менен көзге түсип киятырған Ҳүрлиман Өтемуратова, Зияда Бекбергеноваларды таўып келиў ўазыйпасы тапсырылды. Олар менен университетте қатар оқығанбыз, үшеўимиз де айтқан ўағында кабинетинде тайын болдық. Ол дәслеп усы күнлери не жазып жүргенимизди, бизлерди қандай мәселелер ойландыратуғынын сорады. Бурын газетада Азат Бердишев, Орайлық телевидениениң «Время» информациялық программасының Хорезм ҳәм Қарақалпақстан бойынша корреспонденти Қуден Алламбергенов деген атақлы журналистлердиң болғанын, өзи оларды профессионал журналистлер деп тән алатуғынын, оларсыз қарақалпақ журналистикасы «жаўрап» қалғанын сөз етти.  Газетаға мақалаларымыз, гүрриңлеримиз бенен қатнасып турыўымызға тилек билдирди. Буған ишимизде әсиресе мақалалары, гүрриңлери басылып, қәлеми әдеўир ысылып қалған Ҳүрлиман қуўанып қоя берди. Ол бизлерге қарағанда әдеўир   алға илгерилеп кеткен еди. Кимсең Шарап Уснатдиновтай редактордың итибары қызларда өзлерине деген исеним оятты…

Мениң қулағымды елеңлеткени «Время»ның хабаршысы» деген сөз еди. Усы гәп түртки, илимий басшылығымда кафедрада бир  диплом жумысы жазылды, соң изленип, «Қуден» деген мақала жаздым. Оған газетаның жуўаплы хаткери Атажан аға Халмуратов «эссе» деп жанр қойды. Азат Бердишов туўралы да сорастырып, ойланып жүргенимде Шарап ағаның өзи кәсиплес досты туўралы  жақсы еске түсириў жазды. Мақаланың характерли тәрепи шын кеўилден жазылғганлығы еди.

Өзи шын жүректен жазбасаң, жазғаның қулаққа жаға бермейтуғынын байқайсаң. Мениңше, астында «Ш.Уснатдинов» деген фамилия турған мақалалар көбинесе усы принципте жазылып келеди.

***

Бас редактордың жақсы бир публицистикалық мақаласынан руўхланып, «Дәўжүрек балалар кеўил сарайы нәзик ҳаяллардан туўылады…» деген мақала жаздым. «Кеўил сарайы нәзик» деген қоспа анықлаўышты темаға Шарап аға қосты ҳәм Бердинияз Аллашевтың әдейи түсирген сүўрети менен екинши бетте «минберге» шығарды. Буған газетаның айырым хызметкерлери нарийзалық кейип көрсетти. «Жеткиншек» газетасында неше жыллар редактор болып ислеген, тәжирийбели журналист Пердегүл апа Еденбаева «Оншама не қуйттай қызды сүўрети менен шығарып, бизлердики шыққан жоқ еле» деп налыды.

– Жақсы мақала жазсаң, сен де шығасаң, жазбай турып өкпелегениңиз дурыс емес, – деп әсте ғана басыў айтты мақала жазыўда озал баста маған жол-жоба берген тағы бир устазым, редакция баслығы Есенбай аға Ерманов. Ол киси кәсиплик шөлкеминиң баслығы. Кәтқудашылығы да басым. Жәмәәтте келип шыққан базыбир наразылықларды жайғастырып жиберетуғын уқыбы бар…

Солай етип бас редактордың шөлкемлестириўшилиги арқасында республикамыздағы шешилиўи тийис актуал мәселелерге арналған бири-биринен қызық мақалалар Атажан Халмуратов, Артықбай Камалов, Тәңирберген Худайбергенов, Абылла Ҳәбипов, Өмирбай Өтеўлиев, Орзбай Сәтбаев, Пердегүл Еденбаева, Есенбай Ерманов, Идирис Қосназаров, Әбилқасым Өтепбергенов, Исметулла Нийетуллаев, Батырбек Досжанов, Бухарбай Тилеўмуратов ҳәм басқа да республикамызға белгили қәнигелер, жәмийетлик белсенди хабаршылар тәрепинен жазылып, жийи-жийи жәриялана баслады.

Бас редактордың  өзи «Аспантайды неге қыста суў алды?», «Ири шақлы» мал қайдан шықты?» дегендей мақалаларын жазып, ҳәммеге өрнек болды. Бурыннан бар рубрикаға «Дүньяда не болып атыр, өзи?» деп қызықлы ат қойып, оны алып барыўды Оразбай Сәтбаевқа тапсырса, маған «сен университетте ислейсең, қыйын болмайды» деп илимдеги жаңалықлар туўралы жазып жүриўиме бағдар берди.

Солай етип, адамлардың биразы таң сәҳәрден киоскалардан газетаны излейтуғын, «Еркинди…» оқымаса азанғы жумысын баслай алмайтуғын бәлеге жолықты. Газетаның тиражы кескин артып кетти.

***

Қыстың күнлериниң бири. Редакцияда түсликте отырсақ, мийнет дем алысына кеткен баслығымыз киятыр.

– Хабаршылардан ким бар?

– Мен.

– Президент Ислам Каримов пенен Түркияға рәсмий сапарға кеткен Жоқарғы Кеңестиң Баслығы Дәўлетбай Шәмшетов ҳәзир Нөкис аэропортынан түседи. Сен интервью аласаң! Бердинияз сүўретке түсиреди! Болың тез!

– Мен бе?!…

Күтилмеген тапсырмадан ҳаўлығып қалдым. Бара алмайман деўге ҳақым жоқ. «Тис қаққан» журналистлердиң ҳәммеси түсликте. Дәрҳал таярлана басладым. Машинистка апайлардың пәтиңке майы менен щёткасы қасында екен, етикти жылтыратып майлап алдық. (Шарап аға хызметкерлерден кеңсеге ылайықлы кийиниўди, жүрис-турысына итибар бериўди талап ететуғын, әсиресе, ҳаял-қызлардың «домашний тапочка» менен жумысқа келиўине шыдай алмайтуғын еди.) Олар ең баслысы албырамаўым тийислигин айтып ақыл-нәсият берип атыр. Егер тапсырманы орынламасаң, көресини сонда көресең, деп те ескертти. Бул гәплерден белиме белбеў буўғандай қатыўланып алдым.

Аэропорт суп-суўық. Самал ҳәўлеп тур. Ашшы аяз етиңди түршиктиреди. Тоңғанымнан он еки шереклик қара гежи орамалымды тартып алдым. Бир ўақытта изинде бир топар адамлары менен Дәўлетбай Нуратдинович Шәмшетов самолёттан түсип келе берди. Мен жол бойы ойлап келген  еки-үш сораўымды бердим. Ол кисиниң күлешырай менен жуўап бергени еле көз алдымда. Ручкам тоңлап жуқпай атырғаны ушын аўзыма салып үплеп ысытаман да, блокнотыма түртемен.

Келе машинкаға отырдым да, бир бет информацияны секретариатқа таслап кеттим, ертеңине Нөкис аэропортынан түсирилген делегация қурамының үлкен сүўрети менен берилген информация биринши бетте жарқырап тур екен!

***

Кем-кемнен өзиме деген исенимим беккемленип, жеделленип, жигерленип мақалалар жаза басладым. Умытпасам, келеси жылы Дәўлетбай Шәмшетов пенен 8-март байрамына байланыслы қысқа сәўбетим жәрияланғанын ҳәм  редакцияның «қайтпас қаралығы ушын» деген сыйлығын қалай алғаным туўралы «Еркинниң» бир юбилейинде буны еске түсириўим жәрияланғанын бираз адамлар биледи.

Айтайын дегеним, сол жыллары тарийхый бурылыслы дәўирлерди басынан кеширип атырған елде Шарап Уснатдиновтың бас редактор сыпатындағы тутқан позициясы енди ғана мийнет жолын баслап атырған жас қәниге мениң көз алдымда өтип атты! Еки хабаршының сыртынан қулплап  қойып «Нанның кийесине ушыраўдан қорқпайсыз ба?!» деген аналитикалық мақаланы жаздырып ҳәм ертеңине ҳеш кимниң қәтересине, қорқытып-үркитиўлерине қарамай жәриялап жибергени, азанғы саат тоғызда Совминниң мәжилисинде мақала талқыланып, жуўапкер лаўазымлы адамлар жумыстан босатылғаны, гейпаралары қатаң сөгис алғаны еле умытыла қойған жоқ.

Бул жерде бас редактордың қараўындағы хызметкерлерди қоллап-қуўатлаўы, өз пикиринде турыўы, пидайылығы көринип турар еди. Бундай сыпатлар халық арасында газетаның да, оның баслығының да абыройын көтерип жиберди. Солай етип, Бас редактор енди Нөкис қаласы ҳәкими сыпатында жумыс баслады…

***

Бирақ соның менен «ағамыз журналистикадан бираз жырақласты» деген гәплер еситиле баслады. Өйткени Шарап аға ҳәмелден-ҳәмелге көтерилип жүрди. Бул исин биреў мақул, биреў намақул көрди. Басқарыўшылық уқыбы да өз алдына бир талант болып, байласаң да бир жерде турғызбайтуғын шығар, бәлким? Не десең де, булардың бәри шынлық. Есесине соңғы ўақытларда урсаң ийт қаңсылайтуғын салмақлы китаплар шығарып, газета-журналларда тынбай мақала жазып атырғаны ағамыздың тынып-тыншымас характеринен дәрек береди. Оның үстине жыйналысларда тынбай саатлап сөйлей алады. Япырмай, сөзинен ҳеш жаңылмайды! «Сөз пияздың қабығы, сөйлесең зейниң ашылар», «сөйлей-сөйлей шешен болар» дегенди қарақалпақ Шарап ағадай шешен, сөз усталарына қарай айтса керекти?! Булардың бәрине күш-ғайратты қайдан табады екен?! Жас болсақ та бизлер еринемиз бе, я жазғанларымызға бул күнде талап болғаны менен хошеметлеўлер пәсейиңкиреп турғаны ушын ба, (газеталар ишки ҳәм сыртқы авторларға қәлем ҳақы бериўди жолға қоя баслаўы керек, интеллектуал мийнеттиң қәдирин көтеретуғын ўақыт жетти деп есаплайман) онша ашылыса бермей жүриппиз. Бирақ Шарап ағада бундай түскин кейпиятты сезбеймиз. Ол өз кеўлин өзи хошлап, өзиниң руўхын өзи көтерип, алдына қойған мақсетине қарай умтылыўды биледи. Жазса да, Муратбай Нызанов қусап, «өзи ушын, бала-шағасының тиришилиги ушын»,  қала берсе, Әжинияз шайыр қусап, «кеўил сәдебин бир-бир яздырып» алыў ушын  жаза береди, мениңше…

Бирақ Шарап аға ҳәмелге көтерилгени менен журналист екенлигин бир секунд та умытпаған деп ойлайман. Неге десеңиз, қаланың ҳәкими болған ўақытта да, бас редактор ўағында да хызметкерлериниң турмыс шәраятын жақсылаўды ойлайтуғын, оларды турақ жай менен тәмийинлеў мәселесин қолынан келгенинше шешип бериўге умтылатуғын еди. Көпшилик журналистлерге көп қабатлы жайлардан үй әперди, жер орын ажыратып берди. Ҳәтте «Еркин Қарақалпақстан» деген көше ушын жер орын ажыратылыўына еристи. Шайыр Әскербай Әжиниязовты квартира менен  тәмийинледи. Оған бир нашарды алып бермекши болып, хызметкерлерине тапсырма берди. Сапарбайаға менен Клим аға буны орынлаўға ат салысып, бир шайырсымақ қыз бенен ушырастырыўда менен жәрдем де сорап жүрди-аў.

Енди ойлап қарасам, Шарап аға егер жазыўшы-журналистлердиң турмыс шәраяты жақсыланса, журналистикамыз бенен көркем әдебиятымыздың сапасы көтериледи, деп кеңнен пикирлейди екен.

***

– Аға, бизлерге қандай хызмет бар? Шөлкемлестириў мәселелери қалай кетип атыр? – деймен тартына Шарап ағадан.

– Хызмет деп, не хызмет болсын. Жигитлер өзлери бир нәрсе ислейтуғын шығар. Бели юбилей көтеретуғын бир-еки жигит бар еди, солардыкин өткерейик, ел-журты ҳүрмет-иззетин билдирсин деп қолқа салып турыппан. Ал өзимдикине келгенде тилим қысық, басқаныки болғанда дуў-сыйына қаратпай, қалай белгилеўди өзим билер едим!

Атақлы шайырымыз Ибрайым Юсупов та Шарап ағаға берген интервьюинде юбилейин газетада «Жетпис бес» деген қосық пенен белгилеп қойғанын айтқаны есиме түсти. Сондағы «Жетпис сениң жездең емес ойнайтуғын…» дегендей қатарлар мийимизден еле өшкен емес. Деген менен «отыз күн оразаның бир күн ҳайты болмай қалмайтуғынындай» өмир бойы елге хызмет етип жигит-қызлардың қасына барып, бир майдан ҳармасын айтыў, әзелден киятырған жарасықлы әдетимиз-ғой.

***

Ал Шарап Уснатдиновтың журналистика тараўында тындырған бир талай жумысларына бир аўыз сөз бенен тәрип бериў мүмкин бе?! Ол дөретпелерди түрли аспектлерде талқылаў, жән-жақлама илимий изертлеў объектине айналдырыў мәселеси кешеўиллеңкиреп атырғанын мойынлап, устаздан «үзир» сораў менен ҳәзирше мақаламызға ноқат қоя турамыз…

Мейли, өмирлик жолдасы, өмир бойы бир ийниндегисин бир ийнине билдирмей киятырған қарекеңниң мәрт, қайтпас қара қызы, атасы – шоманайлы Мырзамурат баслықтай кәтқуда адамның тәрбиясын көрген, наятый сабырлы, иретинде лаққышылықты еринен де өткеретуғын Саятхан апамыздың айдынында ағамыз еле ҳәм узақ, мазмунлы өмир сүрип, ели-халқының ардағында қарақалпақ журналистикасының мүмкиншиликлерин кеңейтип, көркейтип, дөретиўшилик жумысларын бетер гүжите берсин!

Тамара Машарипова,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик

университетиниң доценти.

Филология илимлериниң докторы

Қарақалпақстан хабар агентлиги