Қарақалпақстан радиосына-90 жыл

(Қарақалпақстан халық жазыўшысы Хожабек Сейтовтыӊ «Өмир соқпақлары» мемуарлық шығармасынан)

1946-жыл 15-июнь күни областьлық партия комитети менен Министрлер Совети жанындағы радио-информация ҳәм еситтириў комитетиниӊ председателлигине тайынланып, жумысқа кирискен күнлери де Нәжим ағаныӊ сөзлери есиме түсе береди. Оныӊ сөзлериниӊ қашырымына соӊырақ түсиндим. Илимий институтқа хызметке бармағаныма өкинип жүрдим.

Мени екинши ойландыра берген нәрсе, Наўрыз ағаныӊ Хожабек Сейтов еле жас, бурын басшы жумыста ислемеген. Оны Куйбышев районлық партия комитетиниӊ пропаганда ҳәм агитация бөлими баслығы етип жибериў керек, деп усыныс жасағаныныӊ себебине түрли түсиникте болдым. Радио еситтириў жумысын былғастырып алмасам болар еди деген қыял мени көп дағдарысқа салды. Өйткени урыс ўақтында бир неше председатель түрли себеплер, айыплаўлар менен лаўазымынан босатылды. Бир сөз ғәлет кетсе НКВД ныӊ қармағына илингенлер де болды. Камал Шымбергенов, Қурбанбай Аралбаев сиясий материалларды еситтириўде қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ушын председательлик лаўазымынан алынды. Бул жумысты мен де узақ ислей алмаспан деген туйғы жүрегиме жабысқандай болды. Жумысты жақсылаў ушын қолайлы жағдайлар да жоқ еди. Барлық хызметкерлер студияныӊ үлкен коридорларында отырып жумыс ислейди, артистлер еситтириў программасына таярлықты сол жерде жүргизеди. Радио комитетте радио еситтириў аппаратлары да жеткиликсиз болып, радио техниклердиӊ дурыс жумыс жүргизиўи жүдә қыйын еди. Хызметкерлер арасында тәртип бузылған десе де болады. Партия шөлкеми секретарына, профсоюз шөлкеминиӊ басшыларына менсинбей қарайтуғын атақлы артисткалар, артистлерден дәслепки ўақытлары мен де сескенейин дедим. Гейбиреўлери нәҳәнлердиӊ ҳаялы, я қарындаслары, гейбиреўлери өзлерин министрден жоқары санайды да, кем санамайды. Гейбиреўлери үлкен лақапқа мүнәсип болып республиканы «тиреп турғанлар» менен байланысып қалған, «ыӊқ етсеӊ шалқаӊа саламан» деген пикир жағаӊа асыла кетеди.

Мениӊ ҳүжданым жарамсыз ислерге көнбеди.

Партиялық, мәмлекетлик тәртип, ҳақыйқатлық ҳәм нызам тийкарында жумыс алып барсаӊ барлық қыйыншылықты жеӊиўге, коллективтиӊ арасында татыўлық, дослық байланысты күшейтиўге, жумысты табыслы жүргизиўге болатуғынлығына үлкен исенимим мени жумысқа жигерлендирди. Ещан бақшы. Айтжан бақсы, Қыяс жыраў, Ибрайым Пәтуллаев усаған жасыүлкенлер жумысты жақсылаўға жәрдем етти. Гүдибузарлардыӊ гүзеси сынды. Аса кеткенлери қәтере етиўшилерден, қорқытыўшылардан жәрдем болмай, дағдарысқа дус болып, жумыстан шетлетилди. Шаўқым азайды. «Енди бизге ислеў ушын жағдай туўдырыӊ»,-деп талап етиўшилер, жумысқа жаны ашыйтуғынлар көбейди. Республикамызда еӊ көрнекли бақсы-Жапақ Шамуратов, Арзыгүл Атамуратова, Тилеўхан Ахмедова, Рысгүл Бөриева, Патийма Бекполатова ҳәм басқа да искусство ғайраткерлери музыкалы-концерт еситтириў программасыныӊ жақсыланыўына белсене қатнасты.

Қурылыс материалларын табыў қыйын болса да коллективтиӊ, Министрлер Советиниӊ жәрдеми арқалы кишигирим 2-3 қабат жай салынды. Өзбекстан радиокомитетиниӊ баслығы Абдулла Оразбаевтыӊ жәрдем бериўинде Пүткилсоюзлық радио еситтириў комитети бизге көплеген қәнигелерин жиберип, қарақалпақ халық намаларын пленкаға жаздырды ҳәм пластинкаға түсирип бизиӊ пайдаланыўмызға жиберди.Жумыс оӊына басайын деди. Соӊында жаман болмады. Пүткилсоюзлық радиокомитетине ҳәм СССР Министрлер Совети баслығыныӊ биринши орынбасары К.Е. Ворошиловтыӊ атына хат жазып, Қарақалпақ радиосыныӊ еситтириў программасы көбейтилди ҳәм соған байланыслы сиясий еситтириў редакциясы, рус тилинде еситтириў редакциясы ашылды. Артистлердиӊ саны еки есе, қәлем ҳақы әдеўир дәрежеде көбейди. Нәтийжеде хызметкерлердиӊ жумысқа қызығыўшылығы арта берди.

Ерисилген азмаз табысларға марапатланбай радио еситтириў комитетиниӊ жәмәәти көркем өнер жәмийетшилиги менен байланысты күшейтти. Тек ғана радиоконцерт программасын байытыўды өз алдына мақсет етип қойды. Жаӊа намалар дөретиў ушын композиторлар менен шәртнамалар дүзип, Шафранников, Алимжан Халимов, Жапақ бақсы, Ә. Султановлардыӊ көплеген жаӊа қосық намаларын дөретиўине жағдайлар туўдырып, олар жас талантлардыӊ өсиўине де жәрдем етти. Шафранников «Бағ ишинде тур алма», «Арала жырым», Жапақ бақсы Шамуратов «Қарақалпақстан» ҳаққында кантата, Ә. Султанов «Өзбекстан» ҳәм тағы басқа да жаӊа намалар дөретти.  Бул шығармалар театрлардыӊ концерт программасына кирип, халық арасына кеӊнен тарады.

Радиоеситтириўге талап барған сайын арта берди. Партия менен ҳүкиметимиздиӊ көрсетпелерин , КПСС Орайлық Комитетиниӊ пленум қарарларын оқып еситтириўде Қарақалпақстанныӊ дикторы сыпатында белгили жазыўшы-дилмаш Орынбек Кожуров, журналист Мақаш Изимбетов, соӊын ала жас жазыўшы, пединституттыӊ студенти Ибрайым Юсуповлар жеделли қатнасты. Булардыӊ радио материалларын оқып еситтириўдеги даўыс интонациялары дикторларымыз М.Кожурова, Б. Ещановалар да айрықша өзгешеликке ийе еди. Оларды биз керекли ўақтында штаттан тыс, тек гонорар есабынан пайдаланып, қызықсынып ислеўине барлық имканиятларды жараттық. Бул радио еситтириўдиӊ сапасыныӊ жақсыланыўына унамлы тәсир жасады.

Радионыӊ роли күшейди. Районлардағы мийнеткешлер массасынан ҳәр күни, ҳәр түрли жаӊалықларды билдиретуғын көплеген хатлар, телефонограммалар, информациялар көплеп келетуғын болды. Радиоеситтириўдеги кемшиликлерди де көрсетип, келешекте  жаӊалықларды билдиретуғын көплеген хатлар, телефонограммалар, информациқандай еситтириўлерди бериў, тематикалық мазмуны жағынан жаӊалаў жөнинде жақсы пикир, усыныслар жийи-жийи келип турды. Радиокомитеттиӊ жанынан музыка-концерт ансамбли дүзилди. Оған штатлы музыкантлар, артистлерден басқа Нөкис қаласында жасап атырған сазенделер, бақсылар, жас талантлы хошҳаўаз жигит-қызлар жәмлестирилди. Бул ансамбль жәмәәтиниӊ қатнасында районларда, қалалық, қалалық, районлық клубларда, шарўалардыӊ арасында концертлер көрсетиў шөлкемлестирилди. Буған атақлы сазенде Айтжан Хожалепесов басшылық етти. Ол жас ўағында Қаражан бақсыныӊ шәкирти болған. Дәслепки ўақытларында қосықты жақсы айтатуғыны, оныӊ оғыры хошҳаўаз наманы толық қайтарыўда Қаражанныӊ алғыр, илгир-сезимтал шәкирти болғанын заманласлары жүдә жақсылап тәриплеп айтады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.