Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети менен Қарақалпақстан Республикасы минифутбол ассоциациясының шөлкемлестириўинде мини футбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы кубоги ушын жарыс өткерилмекте.

Кубок жарысының  биринши тур ойынлары 4-февраль күни  басланды.

Оған тийкарынан республикамыздың спорт мектеплеринде ислейтуғын хызметкерлерден ибарат 24 команда қатнаспақта.

Кубоктың тур ойынлары пайтахтымыздағы Нөкис Олимпиада резервлери спорт колледжи ҳәм республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби залларында өткерилмекте.

Кубок ойынлары спорт мектеплеринде ислейтуғын хызметкерлердиң  ҳәр екшемби күнги бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде шөлкемлестирилген.

2-тур ойынлары 11-февраль күни өткерилиўи режелестирилмекте, ал 18-февраль күни ойынның жуўмақлаўшы басқышы өткерилип, жеңимпазлар  анықланады.

Кубок ушын ойынлар қызғын даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги