«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан  бөлими тәрепинен 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен Нөкис «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаял-қызлар интернат үйинде байрам илажын өткерди.

Қатнасыўшылар дәслеп интернат үйинде жаратылған шараятлар ҳәм бул жерде жасаўшы ҳаял-қызлар тәрепинен исленген қол мийнетиниң үлгилери менен танысты. Интернат үйинде емленип атырғанларға «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының байрам саўғалары тапсырылды.

Илаж соңында Нөкис «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаял-қызлар ҳәм Шымбай «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйлериниң емлениўшилери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги