Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында 8–март Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам кешеси болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының баслығы О.Хожиматов жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, бүгинги күни барлық тараўларда, соның ишинде, бажыхана басқармасында ҳаял-қызлардың пидәкерлик мийнет етип атырғанлығын атап өтилди. Президентимиздиң басшылығында елимизде инсан қәдирин улығлаў, атап айтқанда, ҳаял-қызларға ҳәр тәреплеме итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў, апа-қарындасларымыздың мәмлекет ҳәм жәмийет турмысындағы тутқан орны менен абырайын арттырыўға айрықша  итибар қаратылмақта.

Илаж соңында тараўда хызмет етилип атырған ҳаял-қызларға байрам саўғасы тапсырылыўы менен бирге, хызметкерлер арасында 8–март мүнәсибети менен өткерилген спорт жарысының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери мүнәсип сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги