Усы жыл 7-март күни халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң гезексиз қырық биринши сессиясы болып өтти.
Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды.
Күн тәртибинде бүгинги күнде район ҳәкими лаўазымында ислеп келген Ерполат Еденбаевтың басқа жумысқа өтиўине байланыслы район ҳәкими лаўазымына Бахтияр Бекмурзаевич Менглибековти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 81-статьясының 6-бәнтине муўапық, Мойнақ районының ҳәкими лаўазымына Бахтияр Бекмурзаевич Менглибеков тайынланды.
Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.
Мойнақ районының ҳәкими етип тайынланған Бахтыяр Менглибеков «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйынында ҳәкимниң мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша жәрдемшиси лаўазымында жумыс алып барған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги