Елимизде балаларға итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў сыяқлы ийгиликли ислерде кәрхана ҳәм мәкемелер, жәмийетлик шөлкемлер де белсене қатнаспақта.

Жақында, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери Тақыятас районындағы Балалар үйинде болды.

Бул балалар үйи 40 орынға мөлшерленген болып, онда бүгинги күнде 7 жасқа шекемги балалар тәрбияланбақта. Сондай-ақ, бул жерде балалардың ўақтын мазмунлы өткериў ушын спорт ҳәм концерт залы, ойын майданшалары қайта реконструкцияланып, балалар ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Илажда балаларға китаплар оқып барыў, китаплар дүньясы менен танысыў бойынша түсиниклер берилип, өзлери алып келген саўғаларын тапсырды.

Ушырасыўда балалар үйи тәрбияланыўшыларының концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.