Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Жанылғы-энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў жағдайларын сапластырыў ҳәм алдын алыў, олардан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў арқалы экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, тутыныўшылар тәрепинен электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў қағыйдаларына әмел етилиўи үстинен қадағалаўды күшейтиў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстанның ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-269-санлы Пәрманына муўапық Энергетика министрлиги жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы (кейинги орынларда – Өзэнергоинспекция) шөлкемлестирилгенлиги;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-январьдағы «Республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын нәтийжели жолға қойыўға байланыслы биринши гезектеги шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-14-санлы Пәрманына муўапық Өзэнергоинспекцияның Мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыландырылатуғын жәми басқарыў штат бирликлериниң саны 357, соның ишинде, Өзэнергоинспекция баслығы орынбасарларының саны 2 еў етип белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилер Өзэнергоинспекция жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен (халықтан тысқары) жанылғы-энергия ресурсларын ислеп шығарыў (қазып шығарыў), қайта ислеў, жеткерип бериў (тасыў), бөлистириў ҳәм пайдаланыў, олардың сапа ҳәм муғдар жағынан сақланыўын тәмийинлеў бағдарындағы нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў бойынша нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
электр, газ жеткериў ҳәм газ бөлистириў тармақларына нызамсыз жалғаныў, жанылғы-энергия ресурсларын талан-тараж етиў ҳәм нызамсыз пайдаланыўдың басқа жағдайларын, сондай-ақ, оларды ислеўге имканият бериўши себеп ҳәм шараятларды анықлаў, сапластырыў ҳәм алдын алыў;
тиккелей тутыныўшылар тәрепинен пайдаланылған ҳәм тийисли аймақлар шегарасындағы тармақларға жеткерип берилген жанылғы-энергия ресурсларының көлеми арасындағы айырмашылықларды анықлаў ҳәм сапластырыў;
юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен (халықтан тысқары) энергетика объектлеринде бахытсыз ҳәдийселер ҳәм технологиялық бузылыўлар (авариялар)дың алдын алыў илажларының ислеп шығылыўы ҳәм оның орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;
қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмаларын сондай-ақ, энергия нәтийжели ҳәм энергия үнемлеўши заманагаөй технологияларды енгизиў, энергия ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигиниң мониторингин алып барыў;
жанылғы-энергия ресурсларынан ақылғы уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша тутыныўшылар (халықтан тысқары) тәрепинен орынланатуғын илажлардың энергия нәтийжелилигин баҳалаў, сондай-ақ, өним бирлигин ислеп шығарыў (жумысты орынлаў, хызмет көрсетиў) ушын жанылғы-энергия ресурслары пайдаланылыўының нормаларының орынланыўы ҳәм келешекте жетилистирилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыў.
- Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, ҳуқықты қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлар тәрепинен Өзэнергоинспекция хызметкерлерине олардың ўәкиллигине кирмейтуғын ўазыйпалардың жүклениўи қадаған етилетуғыны;
мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқықты қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлар усы қарарға муўапық Өзэнергоинспекцияға оған жүкленген ўазыйпа ҳәм функцияларды орынлаўда ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўи шәрт екенлиги;
Өзэнергоинспекцияға жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын зәрүр болған мәлимлеме, ҳүжжетлер ҳәм басқа да материаллар оның нызамлы талабына бола бийпул берилетуғыны;
Өзэнергоинспекция тәрепинен жанылғы-энергия ресурсларын орынсыз жумсаў, олардан нызамлы ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў жағдайларын анықлаў бағдарында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў менен байланыслы қадағалаў илажлары хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысын тексериў болып есапланбайтуғыны;
Өзэнергоинспекция хызметкерлери хызмет гүўалықлары болған жағдайда, сутканың қәлеген ўақтында тутыныўшылардың жанылғы-энергия ресурсларын есапқа алыў үскенелериниң көрсеткишлерин жазып алыў ҳәм олардың жағдайы, жалғаныў схемалары ҳәм қурылмаларын тосқынлықсыз барып көриўге ҳақылы екенлиги;
Өзэнергоинспекция Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарлары тийкарында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмаларының орнатылыўын қадағалайтуғыны ҳәм белгиленген көрсеткишлердиң орынланыўы тәмийинленбеген жағдайда, олардың лаўазымлы шахсларына илажлар көриў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизип баратуғыны белгиленсин.
- Бас прокурордың жанылғы-энергия ресурсларынан пайдаланыў тараўында нызамшылыққы әмел етилиўи ҳәм оның орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыўға жуўапкер болған орынбасары (кейинги орынларда – Бас пркурордың орынбасары) лаўазымы киргизилсин.
Бас прокурордың орынбасары:
Өзэнергоинспекцияға жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды орынлаўға әмелий жәрдем көрсететуғыны;
Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң жумысын муўапықластыратуғыны белгиленсин.
Бас прокуратура еки ҳәпте мүддетте жанылғы-энергия ресурсларынан пайдаланыў үстинен мәмлекетлик қадағалаўды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
Өзэнергоинспекция ҳәм оның аймақлық басқармаларының жумысын усы қарар менен белгиленген тийкарғы бағдарлар тийкарында және де жетилистириў бойынша комплексли илажларды нәтийжели әмелге асырыў жуўапкершилиги энергетика министри жеке түрде Ж.Т.Мирзамаҳмудовқа ҳәм Бас прокурордың орынбасарына жүкленсин.
- Жанылғы-энергия ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў ҳәм бул бағдардағы процесслерди санластырыў мақсетинде:
а) ҳәзирги электр ҳәм газ тармақлары сондай-ақ, қурылмаларының жүклемеси белгиленген нормадан артқан жағдайда, оларға жаңа тутыныўшыларды жалғаў қатаң қадаған етилсин;
б) 2023-жыл 1-марттан баслап:
қадағалаў илажларын әмелге асырыўда айырмашылықларды анықлаў мақсетинде Өзэнергоинспекцияға «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Аймақгазтәмийнат» АЖ, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖлардың электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди қадағалаў сондай-ақ, есапқа алыўдың автоматластырылған системаларындағы жанылғы-энергия ресурсларынан пайдаланыў ҳаққындағы мағлыўматларды мониторинг етиў имканияты жаратылсын;
электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы ҳуқықбузарлық бойынша дүзилген актлерди электрон түрде рәсмийлестириў ҳәм тийисли мағлыўматларды «E-ma‘muriy ish» системасына киргизиў тәртиби енгизилсин;
в) 2023-жыл 1-июльден баслап юридикалық тәреплер ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер менен электр энергиясы сондай-ақ, тәбийғый газди жеткерип бериў бойынша шәртнамалар электр ҳәм газ тәмийнаты кәрханаларының программалық тәмийнаты ямаса «Шаффоф қурилиш» миллий мәлимлеме системасы арқалы электрон санлы таңбадан пайдаланған ҳалда дүзилетуғыны белгиленсин.
Онда:
усы тәртип юридикалық тәреплер ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын жанылғы-энергия ресурсларынан пайдаланыў бойынша лимитлерди белгилеў ҳәм оларға өзгерислер киргизиўге де қолланылады;
мәмлекетлик буйыртпашылар менен дүзилген шәртнамалар ҳаққындағы мағлыўматлар мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша арнаўлы мәлимлеме порталына автоматикалық түрде жиберилиўи тәмийинленеди;
бюджет буйыртпашылары менен дүзилген шәртнамалар ғазнашылық бөлимлеринде электрон түрде (инсан факторысыз) дизимнен өткериледи;
г) 2023-жыл 1-октябрьге шекем ҳәзирги электр энергия ҳәм тәбийғый газди жеткерип бериў сондай-ақ, бөлистириў тармақлары менен қурылмалары жүклемеси артып кетиўиниң алдын алыў имканиятын жаратыў мақсетинде олар биомәлимлеме системасына киргизилсин, электр ҳәм газ тәмийнаты кәрханаларының программалық тәмийнаты сондай-ақ, «Шаффоф қурилиш» миллий мәлимлеме системасы менен интеграциялансын.
Онда, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди жеткерип бериў, бөлистириў тармақлары ҳәм қурылмалары усы системалар менен интеграцияланғаннан соң электр ҳәм газ тармақларына жалғаныўда жалғаныў ноқатлары автоматластырылған түрде инсан факторысыз таңланады:
д) 2023-жыл 1-октябрьден баслап электр ҳәм газ тармақлары ҳәм қурылмаларын қурыўда жойбарлаў ҳүжжетлерин ўәкилликли уйымлар менен келисиў тийислисинше электр ҳәм газ тәмийнаты кәрханаларының программалық тәмийнатлары арқалы анық мүддетлерде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
Энергетика министрлиги Санлы технологиялар министрлиги, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «UzGasTrade» АЖ, «Аймақгазтәмийнат» АЖ менен биргеликте электр ҳәм газ тәмийнаты кәрханаларының бағдарламалық тәмийнатларының ислеп шығылыўы ҳәм иске қосылыўы сондай-ақ, усы бәнтте нәзерде тутылған техникалық илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Өзэнергоинспекция «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Аймақгазтәмийнат» АЖ, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ менен биргеликте:
а) турақлы түрде:
юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге тийисли энергетика объектлери (кейинги орынларда – объектлер) дизимин қәлиплестирип барсын;
объектлерде пайдаланылып атырған жанылғы-энергия ресурсларының көлемин анықлап барсын;
объектлерде жанылғы-энергия ресурсларының босқа жумсалыўы ҳәм сапа талапларына әмел етпеў жағдайларын анықлап барсын ҳәм олар бойынша өз ўәкилликлери шеңберинде илажлар көрсин;
системалы тийкарда жанылғы-энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў жағдайларының алдын алыў бойынша әмелий илажларды әмелге асырсын;
объектлердиң тармақларға дурыс жалғанлығы ҳәм есаплағышлар бар екенлиги, олардың техникалық талапларға ҳәм стандартларға муўапықлығын тексерип барсын, сондай-ақ, айыпланыўшы болған усы объектлер хызметкерлери ҳәм оларға хызмет көрсеткен шахсларды нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыў илажларын көрсин;
объектлерде орнатылған есаплағышлардың электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системаларына сәйкеслигин үйренсин;
б) ҳәр айда электр ҳәм газ тармақлары сондай-ақ, қурылмаларының жүклемелери ҳәм сазлығын тексерип барып, анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажларын көрсин.
Онда, Өзэнергоинспекция ҳәр айда Бас прокурордың орынбасары ҳәм энергетика министрине усы бәнтте нәзерде тутылған илажлардың орынланыўы бойынша есабат киргизип барсын.
- Бас прокуратура Жоқарғы суд, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Энергетика министрлиги менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте төмендегилерди нәзерде тутыўшы нызам жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин:
электр энергиясы, газ ҳәм водопроводтан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў арқалы талан-тараж етиў жағдайларын урлық жынаяты сыпатында белгилеў;
Өзэнергоинспекцияның электр энергиясы ҳәм газден пайдаланыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыў (лаўазымлы шахсларға) ўәкиллигин белгилеў;
Өзэнергоинспекция тәрепинен берилген жазба көрсетпе ҳәм усыныс хатларын орынламағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў.
- Энергетика министрлиги ҳәм Бас прокуратураның төмендеги қаржыларды Өзэнергоинспекцияның белгиленген тәртипте ашылатуғын арнаўлы ғазна есап бетине бағдарлаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:
Өзэнергоинспекция қатнасыўында жанылғы-энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў менен байланыслы нызамбузыўшылықлар бойынша өндирилетуғын зыян суммасының 25 проценти;
тутыныўшылар тәрепинен қуўатлылық коэффициентиниң нормативлик баҳасы услап турылмағанлығы нәтийжесинде пайда болған электр энергиясының қосымша шығыны менен байланыслы төлемлерден «Аймақлық электр тармақлары» АЖ филиалларына түскен қаржылардың 50 проценти;
Өзэнергоинспекция тәрепинен қолланылған ҳәкимшилик жәриймалар ҳәм экономикалық санкциялар бойынша өндирилген қаржылардың 50 проценти;
Өзэнергоинспекция тәрепинен төлемли хызметлерди көрсетиўден түсетуғын қаржылар;
нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Онда, арнаўлы ғазна есап бетиндеги қаржылар төмендеги мақсетлерде қолланылыўы нәзерде тутылсын:
Өзэнергоинспекция хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў;
Өзэнергоинспекция хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў;
Өзэнергоинспекцияға шәртнама тийкарында эксперт ҳәм қәнигелерди оған жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў ушын тартыў. Онда, шәртнама тийкарында тартылатуғын эксперт ҳәм қәнигелер статусы бойынша Өзэнергоинспекция хызметкерлерине теңлестириледи;
Өзэнергоинспекция ўазыйпаларын нәтийжели әмелге асырыў сондай-ақ, мәлимлеме технологияларын енгизиў ҳәм модернизациялаў.
- Энергетика министрлиги:
а) Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте 2024-жылдың ақырына шекем электр энергиясының диспетчерлик басқарыўы ҳәм мағлыўматларды жыйнаў программалық-аппарат комлекси (SCADA), сондай-ақ, өндиристен баслап жуўмақлаўшы тутыныўшыға жеткерип бериўге шекемги барлық процесслерге электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди қадағалаў сондай-ақ, есапқа алыўдың автоматластырылған системалары (ЭҚЕААС, ГҚЕААС) толық енгизилиўин тәмийинлесин.
Бас прокуратура усы системалар толық енгизилиўин өз алдына қадағалаўға алсын;
б) «Аймақлық электр тармақлары» АЖ ҳәм «Аймақгазтәмийнат» АЖ менен биргеликте бир ай мүддетте электр ҳәм газ тармақларына жалғаныў ушын техникалық шәртлер талаплары ҳәм оларды бериў тәртибин халықаралық стандартлар тийкарында қайта көрип шығыў ҳәм белгилеў бойынша Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- «Өзтрансгаз» АЖ, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ ҳәм «Аймақгазтәмийнат» АЖ Салық комитети менен биргеликте 2023-жыл 1-июньға шекем жанылғы-энергия ресурсларынан нызамсыз ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў жағдайлары анықланған жағдайда, инсан факторысыз қайта есап-санақ етиў, жеткерилген зыян муғдарын анықлаў ҳәм Салық комитетиниң базасында параллел түрде есапқа алыўды нәзерде тутыўшы программалық тәмийнатты ислеп шықсын ҳәм әмелиятқа енгизсин.
«Өзтрансгаз» АЖ, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Аймақгазтәмийнат» АЖ, «UzGazTrade» АЖ, «Ыссылық электр станциялары» АЖ, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ, «Өзбекнефтьгаз» АЖ, «Өзбекгидроэнерго» АЖ усы программалық тәмийнатты ислеп шығыўда тутыныўшылар базасын қәлиплестириў сондай-ақ, биллинг системалары менен интеграциясын тәмийинлеў мақсетинде «UZINFOCOM» мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша бирден-бир интегратор» ЖШЖға барлық басланғыш мағлыўматларды берсин ҳәм биллинг системалары менен байланысыўға руқсат берилсин.
- Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги Энергетика министрлиги менен биргеликте 2023-жыл 1-июньға шекем:
имарат ҳәм объектлер сондай-ақ, олардан пайдаланыў түрлерине бола қолайлы энергия, тәбийғый газ, электр энергиясы, ирригация, ишимлик суў ҳәм ақаба суўлар жумсалыўының стандарт көлемлерин қатаң белгилейтуғын нормаларды системаға енгизсин;
объектлердиң сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныўын техникалық шәртлерди санластырылған ҳалда «Шаффоф қурилиш» миллий мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырсын.
- Энергетика министрлиги энергетика тармақларының ҳәзирги жағдайы ҳәм дәўирлик жүклемелерин санластырған ҳалда олардың «Шаффоф қурилиш» миллий системасына интеграциясын тәмийинлесин ҳәм ҳәр айда мағлыўматлар базасын жаңалап барсын.
- Өзэнергоинспекция 2023-жыл 1-майға шекем жанылғы-энергия ресурсларынан нызамсыз ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў жағдайларын анықлаў сондай-ақ, оларды онлайн рәсмийлестириў ушын барлық хызметкерлерди арнаўлы планшетлер менен тәмийинлесин.
- Энергетика министрлиги Бас прокуратура менен биргеликте бир ай мүддетте электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў қағыйдаларын сын көзқарастан қайта көрип шығып, жаңаланған қағыйдаларды тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Өзэнергоинспекция ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Энергетика министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип энергетика министри Ж.Т.Мирзамаҳмудов ҳәм Бас прокурордың орынбасары белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Н.Т.Йўлдошевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 13-февраль