Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Дүнья тарийхында өшпес из қалдырған тәкирарланбас тулғалардың бири Заҳириддин Бабур уллы шайыр, энциклопедист алым, мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шебер сәркарда сыпатында пүткил жер жүзинде белгили. Оның бийбаҳа илимий-дөретиўшилик мийрасы тек ғана миллий мәдениятымыз ҳәм халқымыздың әдебий-эстетикалцқ санасының қәлиплесиўинде емес, ал жәҳән әдебияты, илими ҳәм мәмлекетшилигиниң тарийхында айрықша орынға ийе.
Ғәрезсизлик жылларында Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың өмири ҳәм искерлигин ҳәр тәреплеме терең үйрениў, оның шығармаларын елимиз ҳәм сырт еллерде үгит-нәсиятлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, шайыр туўылған күн – 14-февраль сәнеси ҳәр жылы мәмлекетимиз бойлап әдебият ҳәм илим-ағартыўшылық байрамы сыпатында белгиленбекте. Бабуртаныў тараўында көплеген изертлеўлер, реаспубликалық ҳәм халықаралық көлемде илимий әнжуманлар турақлы өткерилмекте.
Кейинги жыллары Ташкент ҳәм Әндижан қалаларында Бабур Мырзаның саўлатлы естеликлериниң орнатылғаны, оның туўылып өскен ели – Әндижан қаласында Бабур атындағы халықаралық жәмийетлик фонд ҳәм оның қарамағындағы «Бабур ҳәм жәҳән мәденияты» китап музейиниң жумыс алып барып атырғаны, «Бабур энциклопедиясы», «Бабур куллиёти», «Бабур. Бабуриды. Библография» деп аталған салмақлы шығармалардың баспадан шығарылғаны, «Бабур ҳәм дүнья» журналының шөлкемлестирилгени мәдений турмысымызда үлкен ўақыя сыпатында тән алынды.
Жанажан Ўатанымыз миллий раўажланыўдың жаңа басқышына – Үшинши Ренессанс дәўирине қәдем қойып атырған, турмысымыздың барлық тараўларында түпкиликли өзгерислер жүз берип атырған ҳәзирги күнде Бабур Мырзаның бийбаҳа мийрасын терең үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Уллы бабамыз шығармаларының миллий ҳәм улыўма адамгершилик мәнисин, оның жас әўладымыздың интеллектуаллық ҳәм руўхый потенциалын арттырыў, перзентлеримизди усы тийкарда Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери етип тәрбиялаў бағдарындағы үлкен орны менен тәсирин инабатқа алып, Бабур Мырзаның илимий ҳәм дөретиўшилик мийрасын мәмлекетимиз ҳәм халықаралық көлемде және де терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде:
- Мәденият ҳәм туризм министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Илимлер академиясы, Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Бабур атындағы халықаралық жәмийетлик фонды ҳәм жәмийетлик ўәкиллериниң 2023-жылы Заҳириддин Муҳаммед Бабур туўылғанының 540 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Заҳириддин Муҳаммед Бабур туўылғанының 540 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) дүзилсин ҳәм оның қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Шөлкемлестириў комитети (А.Н.Арипов):
бир ҳәпте мүддетте Заҳириддин Муҳаммед Бабур туўылғанының 540 жыллығын белгилеў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасын тастыйықласын. Бул бағдарламада төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:
елимиздеги Заҳириддин Муҳаммед Бабур аты менен байланыслы естелик ҳәм зыяратлаў орынларын, соның ишинде, естелик комплекслерин оңлаў ҳәм олардың аймақларын абаданластырыў;
Бабур Мырзаның мийрасына тийисли қолжазба, әййемги китаплар, көркем өнер шығармалары ҳәм басқа да мәдений байлықларды реставрациялаў, оларды исенимли дәрежеде сақлаў ушын зәрүр шараят жаратыў;
сырт еллерде сақланып атырған Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың өмири, илимий-дөретиўшилик мийрасы ҳәм ол жасаған дәўирге байланыслы қолжазба шығармалар ҳәм басқа да мәдений байлықларды анықлаў, олардың нусқаларын Өзбекстанға алып келиў ҳәм изертлеўди даўам еттириў;
Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың илимий-дөретиўшилик мийрасын, мәмлекетшилик ҳәм сәркардалық жумысын кең түрде үйрениў мақсетинде халықаралық көлемде илимий излениўлер алып барыў ҳәм олардың нәтийжелерин жәриялаў, жаңа илимий, көркем-публицистикалық шығармалар жаратыў;
Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың өмири ҳәм мийнетлерине бағышланған жоқары сапалы медиа өнимлер ҳәм аудивизуал шығармалар жаратыў, оларды жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында жәриялаў, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен үгит-нәсиятлаў;
Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги елшиханалары, Өзбек миллий мәдений орайлары, ўатанласлардың жәмийетлеринде Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың дөретиўшилигин кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға бағышланған ағартыўшылық илажлар, дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестириў.
- Мәденият ҳәм туризм министрлиги Шөлкемлестириў комитетиниң жумысшы уйымы етип белгиленсин ҳәм усы қарарда белгиленген ўазыйпалар бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырып барсын.
- Шөлкемлестириў комитети төмендеги илажлар:
Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен Бабур атындағы халықаралық жәмийетлик фонды менен биргеликте Әндижан қаласында «Заҳириддин Муҳаммед Бабур дөретиўшилик мийрасының инсанияттың руўхый-ағартыўшылық раўажланыўындағы орны» темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция;
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетинде «Заҳириддин Муҳаммед Бабур мийрасының Шығыс мәмлекетшилиги ҳәм мәдениятының раўажланыўында тутқан орны» темасында халықаралық илимий-теориялық конференция;
Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Мәденият ҳәм туризм министрлиги тәрепинен Ташкент қаласында Заҳириддин Муҳаммед Бабур туўылғанының 540 жыллығына бағышланған әдебий-көркем әнжуман;
Мәдений мийрас агентлиги ҳәм Бабур атындағы халықаралық жәмийетлик фонды тәрепинен Әндижан қаласындағы «Бабур ҳәм жәҳән мәденияты» китап музейинде Бабурдың өмири, илимий ҳәм дөретиўшилик жумысына бағышланған шығармалардың қолжазба ҳәм баспа нусқаларының көргизбеси;
Көркем өнер академиясы ҳәм «Өнермент» ассоциациясы тәрепинен темаға бағышланған сүўретлеў көркем өнериниң шығармалары, миниатюралар, халық әмелий көркем өнери үлгилери көргизбелери жоқары дәрежеде өткерилиўин тәмийинлесин.
- Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың ибратли өмири ҳәм бай мийрасын халықтың арасында кең түрде үгит-нәсиятлаў мақсетинде:
а) Мәденият ҳәм туризм министрлиги Бабур атындағы халықаралық жәмийетлик фонды менен биргеликте:
«Бабур мийрасы» халықаралық туристлик үгит-нәсиятлаў бағдарламасын әмелге асырсын;
2023-жылы Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың өмири ҳәм шығармалары тийкарында жаңа спектакльлер жаратыў, шайыр ғәзеллери менен атқарылатуғын ең жақсы қосықлар таңлаўлары сондай-ақ, «Саз ҳәм ырғақ» мақам кешелерин шөлкемлестириўди тәмийинлесин;
мәмлекетлик буйыртпа тийкарында Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың балалық дәўирине бағышланып түсирилип атырған «Жолбарыстың туўылыўы» көркем фильмин жуўмақластырыў илажларын көрсин;
б) Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры 2023-2024-жыллары балалар ушын Бабур Мырза ҳаққындағы спектакль ҳәм көп сериялы мультипликациялық фильмин жаратсын.
- Шөлкемлестириў комитети Илимлер академиясы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Жәмийетлик қәўипсизлик университети, Бабур атындағы халықаралық жәмийетлик фонды, Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте:
өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы «Бабур энциклопедиясы»ның толықтырылған үшинши баспасы, «Бабур» китап альбомы, сондай-ақ, Бабур шығармаларының сөзлиги, Бабур дийўанының толық баспасын;
«Бабурнама» шығармасының заманагөй өзбек ҳәм қарақалпақ тиллериндеги баспасын жаратыў;
«Бабурға сый» рубрикасы астында шайыр шығармалары, оның өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында илимий ҳәм ғалабалық китаплар дүркинин таярлаў ҳәм басып шығарыў илажларын көрсин.
- Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги Жазыўшылар аўқамы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Бабур атындағы халықаралық жәмийетлик фонды менен биргеликте:
еки ай мүддетте Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилик мийрасын изертлеў бойынша илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпа талапларына муўапық илимий жойбарлар таңлаўын жәрияласын;
усы қарардың 6-бәнтинде белгиленген әдебиятларды таярлаўға байланыслы жумыслар ушын мәмлекетлик илимий бағдарламалар шеңберинде мақсетли қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин;
студентлер ҳәм изертлеўшилер арасында Бабур Мырзаның өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған жаңа илимий-публицистикалық ҳәм көркем шығармалар таңлаўын өткерсин;
Бабур Мырзаның өмири ҳәм искерлигине бағышланған шығармалардың өзбек тилинен шет тиллерге сондай-ақ, шет тиллерден өзбек тилине басқышпа-басқыш аўдарылыўы ҳәм басып шығарылыўын тәмийинлесин.
- 2023-2024-оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ушын тарийх ҳәм география бағдарларында Заҳириддин Муҳаммед Бабур атындағы мәмлекетлик стипендиясы шөлкемлестирилсин.
Министрлер Кабинети үш ай мүддетте усы мәмлекетлик стипендияны тайынлаў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2023-жыл даўамында төмендеги ўазыйпаларды өз ишине алған «Бабур ҳәм жаслар» арнаўлы бағдарламасын әмелге асырсын;
улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары арасында «Бабур шығармаларының билимданлары» таңлаўы ҳәм «Бабурды түсиниў» темасында шығармалар таңлаўын өткериў ҳәм жеңимпазларды мүнәсип сыйықлаў;
заманагөй мәлимлеме ҳәм үгит-нәсиятлаў технологиялары тийкарында Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың шығармаларын жаслар арасында кеңнен ен жайдырыў.
- Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Илимлер академиясы, Бабур атындағы халықаралық жәмийетлик фонды менен биргеликте 2023-жыл 1-августқа шекем жергиликли бюджет қаржылары есабынан өзбек, рус, инглис тиллеринде жумыс алып баратуғын халықаралық илимий бабуртаныўшылық электрон платформасы ҳәм оның мобиль қосымшасын жаратсын. Онда, бул платформаның келешекте нәтийжели жүргизилиўи Бабур атындағы халықаралық жәмийетлик фонды тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Жазыўшылар аўқамы, Мектепке ишекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен басқа да министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың илимий-дөретиўшилик мийрасына бағышланған дөретиўшилик ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери, китаплардың презентациялары ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан миллий медиа ассоциациясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Заҳириддин Муҳаммед Бабур туўылғанының 540 жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери, атқарыўшыларға ажыратылған қаржылар шеңберинде Мәмлекетлик бюджет қаржылары, шөлкемлестириўшилердиң өз қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи О.Қ.Абдурахмановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 25-январь