Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Халықты исбилерменликке тартыўды және де жеделлестириў, исбилерменлик басламасын әмелге асырыў ушын қолайлы ҳуқықый, экономикалық ҳәм социаллық шараятларды тәмийинлеў, республикамыз исбилерменлик субъектлериниң халықаралық исбилерменлик жәмийетшилигине интеграцияласыўын кеңейтиў бағдарындағы Саўда-санаат палатасының жумысын жетилистириў мақсетинде:
- Саўда-санаат палатасына (кейинги орынларда – Палата) төмендеги ўәкилликлер берилсин:
Ҳүкиметке исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын жақсылаў, бизнестиң раўажланыўына тосқынлық етип атырған ямаса оны шеклеп атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, оларды бийкарлаў ҳаққындағы көрип шығылыўы мәжбүрий болған мәселелерди киргизиў;
Палата ағзаларының мәплерин гөзлеп Жоқары судқа арза бериў ҳәм экономикалық, ҳәкимшилик, пуқаралық ҳәм жынаят ислери бойынша суд қарарларын қайта көрип шығыў бойынша арза киргизиў;
исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша усынысларды тиккелей Бас министрге киргизип барыў;
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм уйымларда, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлерде исбилерменлик субъектлериниң мәплерин билдириў;
бизнес орталығын жақсылаў бойынша пикир-усыныслар ислеп шығыў мақсетинде, исбилерменлик мәселелери бойынша жәмийетлик тыңлаўларды шөлкемлестирип барыў;
исбилерменликти раўажландырыў, республиканың социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўда өзиниң мүнәсип үлесин қосып атырған бизнес ўәкиллери ҳәм басқа да шахсларды сыйлықларға усыныс етиў;
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқа да аймақлық мәмлекетлик уйымларға аймақта исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлик ҳәм инвестиция орталығын және де жақсылаў, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныс хатлар киргизиў;
халық депутатлары ўәлаятлық, район (қала)лық Кеңеслери ҳәм ҳәкимлер менен аймақтағы исбилерменлик орталығының жағдайы, исбилерменлик тараўында қабыл етилген нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыў нәтийжелилиги бойынша сын көзқарастан додалаўлар өткерип барыў.
- 2023-жыл 1-февральдан баслап:
микро, киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлери Палата ағзалығына, ағзалық ҳәм кириў төлемлеринен азат етилген ҳалда, бийпул қабыл етилетуғыны ҳәм нызамда нәзерде тутылған ағзалық пенен байланыслы Палата хызметлеринен толық пайдаланыў ҳуқықына ийе екенлиги, Палата тәрепинен көрсетилиўи мүмкин болған қосымша төлемли хызметлер буған кирмейди;
исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериўши уйым тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өткен исбилерменлик субъектлери ҳаққындағы мағлыўматлар ағза сыпатында дизимге қойыў ушын Палатаға электрон система арқалы жиберилетуғыны;
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды (кейинги орынларда – Жәмийетлик фонды) ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондлары (кейинги орынларда – аймақлық жәмийетлик фондлар) есабынан Палатаның тийкарланған есап-санақларына муўапық, сәйкес түрде Палата ҳәм оның аймақлық бөлимлерине мәмлекетлик субсидияны ажыратыў системасы енгизилетуғыны;
Палата ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен мәмлекетлик субсидияның жумсалыўы бойынша ҳәр жылы тийислисинше Жәмийетлик фонд ҳәм аймақлық жәмийетлик фондларға есабат берип барылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясына Экономика ҳәм қаржы министрлиги сондай-ақ, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги менен келисилген ҳалда бир ай мүддетте Палата ҳәм оның аймақлық бөлимлери ушын усыныс етилген штатлар нормалары ҳәм мийнетке ҳақы төлеў муғдарларын тастыйықлаў ҳәм аймақлық жәмийетлик фондларға жеткериў усыныс етилсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
Палата исбилерменлик субъектлериниң мәплеринде Өзбекстан Республикасы судларына беретуғын арза, шағымлар менен апелляция ҳәм кассация шағымлары бойынша мәмлекетлик бажы төлемлеринен азат етиледи;
Өзбекстан Республикасы аймағында халықаралық грант жойбарларын әмелге асырыўда Палатаға миллий шерик бириктириў талабы қолланылмайды;
мәмлекетлик уйымлар тәрепинен исбилерменликке байланыслы барлық сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын әмелге асырыўда Палата жойбарлаў шериги сыпатында тартылады.
- Палатаның исбилерменлик тараўында тармақлар менен тиккелей ислесиў, олардың өзине тән машқалаларын анықлаў, таллаў ҳәм шешимин табыў бағдарындағы жумысын муўапықластырыў механизмин жаратыў мақсетинде оның жанында жәмийетлик басламада тармақлар кесиминде комитетлер шөлкемлестирилсин.
Онда, бул комитетлерге келисим тийкарында экономика тармақлары бойынша жумыс алып барып атырған аўқамлардың басшылары басшылық етеди ҳәм олар бир ўақыттың өзинде Палата баслығының кеңесгөйи болып есапланады.
- Палата, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң исбилерменлер менен орынларда тиккелей қарым-қатнасты жолға қойыў мақсетинде Палатаның аймақлық басқармалары жанында жәмийетлик басламада тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер болып есапланған, кеминде 20 алдыңғы исбилерменлерден ибарат Исбилерменлик кеңеслерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын:
турақлы түрде исбилерменлер менен ушырасыўлар шөлкемлестирип барыў;
исбилерменлер арасында бизнеске байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң мәниси ҳәм әҳмийетин түсиндириў жумысларын әмелге асырыў;
тармақ кәрханалары арасында кооперацияны жолға қойыў;
орынлардағы исбилерменлик орталығының жағдайын таллаў ҳәм усынысларды Палатаға усынып барыў.
- Республикамыз аймақларында шөлкемлестирилетуғын «Исбилерменлер парклери»ниң (кейинги орынларда – парклер) дизими қосымшаға муўапық тастыйықлансын. Онда:
а) парклер исбилерменлик субъектлери тәрепинен Саўда-санаат палатасына төленген ағзалық төлемлери, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қаржылары сондай-ақ, жергиликли бюджетлер қаржылары есабынан қурылады;
шөлкемлестирилип атырған парклерде:
исбилерменлер, банк ўәкиллери, инвесторлардың бизнес жойбарларын додалаў ҳәм «В2В» илажлары ҳәм «коворкинг» жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратылады, Wi-Fi зоналар шөлкемлестириледи;
белсенди исбилерменлердиң ерискен нәтийжелерин көрсетиў мақсетинде жыл даўамында көргизбелер өткерип барылады;
парклердеги имарат-объектлер Палатаның аймақлық басқармалары балансына өткерип бериледи.
Палата Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери сондай-ақ, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте 2 ай мүддетте аймақларда бос турған, нәтийжесиз ислеп атырған мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери негизинде республикамыз аймақларында парклер шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Палатаның шөлкемлестириў структурасы, оның атқарыў комитети, аймақлық басқармалары, район (қала)лық бөлимлериниң структуралары Палата баслығы тәрепинен оның Президиумы менен келисилген ҳалда тастыйықланады.
Палата (Ваҳобов) бир ай мүддетте:
Палата баслығының орынбасарлары арасында анық ўазыйпалар ҳәм функцияларды бөлистирип, Палатаның атқарыў комитети ҳәм аймақлық бөлимлериниң структуралары сондай-ақ штат бирликлерин тастыйықласын;
Палатаның атқарыў комитети ҳәм аймақлық бөлимлериниң маман, терең теориялық билимлер ҳәм әмелий көнликпелерге ийе болған, өз ўазыйпаларын нәтийжели ҳәм жуўапкершилик пенен орынлайтуғын кадрлар менен толықтырылыўын тәмийинлесин.
- Орайлық банк, Әдиллик министрлиги, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Салық комитети, Бажыхана комитети ҳәм Статистика агентлиги республикамыздағы исбилерменлик орталығы, бизнес жүргизиў ҳәм исбилерменлик субъектлериниң жасаўшаңлық жағдайын таллаў мақсетинде үш ай мүддетте өз электрон мәлимлеме системалары Палатаның электрон мәлимлеме системасы менен интеграцияланыўын тәмийинлесин.
- Палата еки ай мүддетте:
Экономика ҳәм қаржы министрлиги және Орайлық банк пенен биргеликте республикамыз аймақларында стартаплар, бизнес-инкубаторлар ҳәм басқа да киши исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў ушын банклик емес кредит шөлкемлерин шөлкемлестириў;
алдыңғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда дуал билимлендириў системасын жетилистириў, «Устаз-шәкирт» дәстүрлериниң заманагөй механизмлерин тәжирийбе түринде 3 жоқары оқыў орнының 3- ҳәм 4-басқышына сондай-ақ, 2 кәсип-өнер колледжине енгизиў;
Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў;
мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылыққа киргизиў ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 23-январь