Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстанның ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-269-санлы Пәрманына муўапық, сондай-ақ, министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге бағдарланған биринши гезектеги илажларды белгилеў мақсетинде:
- Республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары – министрликлер, комитетлер, агентликлер ҳәм инспекциялар (кейинги орынларда – министрлик ҳәм уйымлар) сондай-ақ, олардың аймақлық ҳәм район (қала)лық бөлимлериниң Мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қорларының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жәми басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрлик ҳәм уйымлар системасында жәми 17 447 штат бирликлериниң қысқартылып атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Министрлик ҳәм уйымлардың бюджеттен тысқары қорларының қаржылары есабынан қосымша басқарыў штат бирликлерин киргизиў қатаң қадаған етилсин.
- Республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары – министрликлер, комитетлер, агентликлер ҳәм инспекциялардың бирден-бир дизими ҳәм олардың толық (рәсмий) ҳәм қысқартылған атамалары 2- ҳәм 2а-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2003-жыл 9-декабрьдеги «Республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымларының системасын жетилистириў ҳаққында»ғы ПП-3358-санлы Пәрманы өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары үш ҳәпте мүддетте ҳәр бир министрлик ҳәм уйымның жумысын пүткиллей жаңа система тийкарында шөлкемлестириўди нәзерде тутыўшы Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетиниң жойбарын киргизсин. Онда төмендегилер нәзерде тутылсын:
министрлик ҳәм уйымлардың анық тийкарғы жумыс бағдарларын белгилеў, қабыл етилген раўажландырыў бағдарламалары, стратегиялар ҳәм концепцияларды әмелге асырыў;
тараўларда шешилиўи керек болған мәселелерге шешим табыўға бағдарланған шөлкемлестириў-ҳуқықый ҳәм қаржы илажлары, халық ушын қолайлы шараятлар жаратыў, пуқаралардың системалы машқалаларын шешиў;
бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, мәмлекетлик сатып алыўлардың ашық-айдынлығын арттырыў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери ушын теңдей имканиятлар жаратыў арқалы мәмлекетлик сатып алыўлар процесинде бәсекини раўажландырыў;
энергияны үнемлеў, оның нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тараўға қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен тартыў;
тийисли тараўларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм аутсорсинг механизмлерин кеңнен енгизиў, 2023-жылдан баслап министрликлер ҳәм уйымлар сондай-ақ, олардың системасындағы шөлкемлердиң айырым функцияларын басқышпа-басқыш жеке меншик секторға өткериў;
лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларындағы бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў бойынша усыныслар таярлаў. Онда, лицензия ҳәм руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжет талап етилетуғын жумыс түри, оларды бериў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер саны, хызмет көрсетиў ўақыты сондай-ақ, оларды бериў ушын төлемлер (жыйымлар)диң муғдарын азайтыў;
исбилерменлик жумысын раўажландырыў (оларға хызмет көрсетиў, мәмлекет тәрепинен субсидия бериў, жеңиллик бериў ҳәм басқаша тәртипте қоллап-қуўатлаў) ҳәм халықты социаллық қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў;
тараўды раўажландырыў бағдарламалары ушын тартылатуғын грант ҳәм техникалық жәрдем қаржыларының прогнозы ҳәм оның анық бағдарларын белгилеў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў топарларының жумысын қайта көрип шығыў;
министрликлер менен уйымлар системасындағы мәмлекетлик унитар кәрханалар (мәкемелер), жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер, сондай-ақ, мәмлекетлик үлеси бойынша акциялар пакети басқарыўына берилген хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысын қайта көрип шығыў, сондай-ақ, олардағы мәмлекетлик үлести меншиклестириў бойынша усыныс таярлаў;
министрликлер менен уйымлар ҳәм олардың системасындағы шөлкемлер тәрепинен қадағалаў функцияларын «қәўипти таллаў» системасының нәтийжелери тийкарында әмелге асырыў тәртибин жетилистириў, сондай-ақ, оларды муўапықластырыў ҳәм қадағалаў функцияларын оптималластырыў;
министрликлер менен уйымлар ҳәм олардың системасындағы шөлкемлер тәрепинен исбилерменлик субъектлери ҳәм халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң моделин жетилистириў;
министрликлер менен уйымларда ҳәм олардың қурамына киретуғын шөлкемлер кесиминде коррупция ҳәўиж алған тараўларда оның раўажланыў себеплери ҳәм шәртлерин үйрениў тийкарында бул тараўлардың ҳәр бирине «диагноз қойыў» сондай-ақ, коррупция факторларын сапластырыў;
тараўға мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, соның ишинде, министрликлер ҳәм уйымлардың жумыс процесин санластырыў;
тараўда жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң кәсиплик шеберлиги ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, система шөлкемлерине инталы, пидайы, садық, өз үстинде турақлы ислейтуғын кадрларды тартыў ҳәм олардың потенциалын турақлы түрде арттырып барыў;
министрлик ҳәм уйымлардың шөлкемлестириў структураларын тастыйықлаў, олардың қурамына киргизилген мәкемелердиң жумысын жетилистириў;
нызамшылық ҳүжжетлерин толық хатлаўдан өткериў, өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў зәрүр болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди бир-бирине муўапықластырыў.
- Республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары – министрликлер, комитетлер, агентликлер ҳәм инспекцияларда структуралық бөлимлерди қәлиплестириў ҳәм лаўазымларды енгизиўге байланыслы бирден-бир талаплар 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрлик ҳәм уйымлардың басшылары штатлар кестелерин ислеп шығыў ҳәм дизимнен өткериўде усы Пәрман менен тастыйықланып атырған бирден-бир талапларға қатаң әмел етсин.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги (Б.Мусаев) менен биргеликте үш ай мүдетте министрлик ҳәм уйымларға жүкленген ўазыйпаларды хатлаўдан өткериў сондай-ақ, өндирис ҳәм жәрдемши хызметкерлерди киргизиў бойынша штат нормативлерин тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўиниң үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде үш күн мүддетте өз басшыларының орынбасарлары арасында анық ўазыйпалар ҳәм функцияларды бөлистирип, олардың жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин, сондай-ақ, ажыратылған қаржылар шеңберинде министрлик ҳәм уйымлардың орайлық аппараты, аймақлық ҳәм район (қала)лық бөлимлериниң ўақтыншалық структураларын, штат бирликлерин сондай-ақ, режелерди тастыйықласын. Онда:
қайта шөлкемлестирилген, бойсыныўы өзгертилген ҳәм сапластырылған мәмлекетлик басқарыў уйымларының структурасы ҳәм штат бирликлери инабатқа алынсын;
мийнет ҳақы ҳәм басқа да қәрежетлер ўақтыншалық қәрежетлер сметасы шеңберинде әмелге асырылсын.
Экономика ҳәм қаржы министрлигине министрлик ҳәм уйымларда штат бирликлериниң оптималластырылыўы нәтийжесинде хызметкерлер менен айлық мийнет ҳақылары бойынша жуўмақлаўшы өз-ара есап-санақларды әмелге асырыў мақсетинде министрликлер ҳәм уйымлардың ўақтыншалық қәрежетлер сметасында, бурынғысынан өзгеше тәризде, зәрүр қаржыларды 2023-жылдың 1-шереги ушын режелстириўге руқсат берилсин.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) министрлик ҳәм уйымлардың басшылары тәрепинен тастыйықланған штат бирликлери шеңберинде мийнет ҳақы ҳәм басқа да қәрежетлер ушын белгиленген тәртипте қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң ҳүжжетлери менен тастыйықланған министрликлер ҳәм уйымлардың орайлық аппаратлары, аймақлық ҳәм район (қала)лық бөлимлериниң структуралары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги (Б.Мусаев) ҳәкимшилик реформалар шеңберинде жаңадан шөлкемлестирилген министрликлер менен уйымларға штатлар кестесин дүзиў, хызметкерлерди жумысқа қабыллаў, мийнет қатнасықларын даўам етттириў ҳәм бийкарлаўды рәсмийлестириў бойынша түсиндириў жумысларын, сондай-ақ, мийнет нызамшылығы талапларына әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырсын.
Комитетлер, агентликлер ҳәм инспекцияларда жаңа басшылық қәлиплескенге шекем хызметкерлерди жумысқа қабыллаў ҳәм мийнет қатнасықларын рәсмийлестириў жумыслары усы уйымларда әмелде жумыс алып барып атырған басшылар (басшылар жоқ болса олардың орынбасарынан бири) тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Жаңадан шөлкемлестирилген ҳәм қайта шөлкемлестирилген министрлик ҳәм уйымлар жумысы сапластырылған ямаса қайта шөлкемлестирилген министрликлер ҳәм уйымлардың тийисли ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;
2023-жыл 1-январьдан баслап қайта шөлкемлестирилген ҳәм жумысы сапластырылған мәмлекетлик уйымлардың жумыс алып барыўында болған лицензиялаў, руқсат бериў, хабардар етиў ҳәм басқа да мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ҳаққындағы ҳүжжетлер ҳәм арзалар тийислилиги бойынша жаңадан шөлкемлестирилген ҳәм сапластырылып атырған шөлкемниң тийисли функциялары өткерилген министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
мәмлекетлик унитар кәрханаларда хызметкерлер саны, олардың мийнетине ҳақы төлеў ҳәм хошаметлеў шәртлери сондай-ақ, хызмет автотранспорт қуралларының шекленген саны менен түрлерин тастыйықлаўда Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен мәжбүрий түрде келисилетуғыны белгилеп қойылсын.
Әдиллик министрлиги (А.Тошкулов) Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте үш күн мүддетте:
барлық жаңадан шөлкемлестирилген министрликлер ҳәм уйымлар Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына ҳәм «Лицензия» мәлимлеме системасына жалғаныўын;
Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм «Лицензия» мәлимлеме системасы арқалы келип түскен ҳәм көрип шығыў процесинде болған ҳүжжетлер ҳәм арзалардың тийислилиги бойынша жаңадан шөлкемлестирилген министрликлер ҳәм уйымлар арасында қайтадан бөлистирилиўин тәмийинлесин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) үш ай мүддетте:
юридикалық тәреп статусына ийе болған қорлар атқарыў уйымларының (дирекциялар, басқарыў комитетлери ҳәм департаментлери ҳәм басқалар) жумысын сапластырыў, олардың функцияларын тийисли министрлик ҳәм уйымларға өткериў;
министрлик ҳәм уйымларда хызмет автортранспорт қуралларынан пайдаланыў системасын алдыңғы тәжирийбе тийкарында сын көзқарастан таллаған ҳалда, олардың санын ҳәм сақлаў қәрежетлерин қысқартыў, бул ўазыйпаны аутсорсинг системасы тийкарында шөлкемлестириў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Әдиллик министрлиги (А.Ташкулов) министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 25-январь