Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Ресепубликасы Президентиниң 2022-жыл 18-март күни денсаўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери менен «Медицинадағы реформалар-инсан қәдири ушын» темасында өткерген ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, АИВ инфекциясын профилактикалаў, оған диагноз қойыў ҳәм емлеў сапасын және де арттырыў, халықтың арасында АИВ инфекциясын анықлаў бойынша тексериўлер қамтылыўын арттырыў, наўқасларға сапалы медициналық ҳәм руўхый-социаллық жәрдем көрсетиў, оларды зәрүр дәри қураллары менен толық тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғалыўын күшейтиў мақсетинде:
- Халықтың арасында АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў нәтийжелигин арттырыўға байланыслы 2023-2027-жылларға мөлшерленген комплексли илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясы тәрепинен 2030-жылға барып АИВ эпидемиясын сапластырыў ушын «95-95-95» стратегиясы алға қойылғанлығы ҳәм оның шеңберинде АИВ инфекциясын жуқтырып алған шахслардың 95 проценти өз статусын билиўи, арнаўлы емлеў курслары менен қамтып алыныўы, 95 процентиниң қанында вирус жүклемеси анықланбайтуғын дәрежеге түсиўи кереклиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Усы стратегияға муўапық илажларды әмелге асырыў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте 2023-2027-жыллары Мәмлекетлик бюджет қаржылары, АИЖС, туберкулёз ҳәм безгекке қарсы гүресиў бойынша Глобал қордың қаржылары, Азия раўажланыў банки ҳәм Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң қарыз қаржылары есабынан халықтың арасында АИВ инфекциясын ерте анықлаў, диагнозлаў ҳәм емлеў сапасын арттырыў мақсетинде тест-системалары ҳәм ретровирусқа қарсы қуралларды сатып алыў, АИЖСға қарсы гүресиў орайлары ҳәм олардың районлар аралық диагностика лабораторияларының материаллық-техникалық базасын раўажландырыў, қәнигелердиң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, кең түрде үгит-нәсиятлаў жумысларын өткериў, сондай-ақ, басқа шөлкемлестириў илажлары ушын 120 миллиард сум ҳәм 54 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар қаратылыўын тәмийинлесин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов):
а) 2027-жылда:
АИВ инфекциясын жуқтырып алған ҳәм өз статусын билген, арнаўлы емлеў курслары менен қамтып алынған ҳәм қанында вирус жүклемеси анықланбайтуғын дәрежеге түскен шахслар көрсеткиши 95 процентке жеткерилиўин;
АИВ инфекциясының анадан балаға жуғыўы сапластырылыўын тәмийинлесин;
б) некелениўши шахсларды АИВ инфекциясы бойынша мәжбүрий медициналық тексериўден өткериў процесин электрон система арқалы әмелге асырыўды жолға қойыў мақсетинде Әдиллик министрлиги менен биргеликте 2023-жыл 1-июньге шекем Ташкент қаласы ҳәм Сырдәрья ўәлаятында, 2023-жылдың ақырына шекем болса басқа аймақларда «Электрон ҳүкимет» системасының уйымлар аралық интеграция платформасы арқалы ПҲАЖ уйымлары ҳәм тийисли медицина мәкемелери арасында электрон бирге ислесиўди шөлкемлестирсин;
в) 2023-жылдың ақырына шекем АИВ инфекциясына анықланған жағдайлар мониторингин тәмийинлеў, реал ўақыт режиминде препаратлар ҳәм диагонстикумлардың ҳәрекетлениўин бақлап барыў имканиятын бериўши электрон мәлимлеме системасын жаратсын ҳәм бул системаны Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Пенсия қорының электрон базалары менен интеграциялаў арқалы өз-ара мәлимлеме алмасыўын жолға қойсын;
г) еки ай мүддетте Ишки ислер министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Дин ислери бойынша комитет, мәпдар министрлик ҳәм уйымлар сондай-ақ, жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте АИВ инфекциясына шатылған шахсларды социаллық, ҳуқықый, руўхый ҳәм медициналық-психологиялық қоллап-қуўатлаў, әсиресе жаслар арасында, АИВ инфекциясы тарқалыўының мәселелеринде кең түрде түсиндириў ҳәм тәрбиялық жумыслар алып барыў, жәмийетте шаңарақлық ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеўге байланыслы уйымлар аралық илажлар бағдарламасын тастыйықласын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте аймақлар кесиминде 2023-жылға мөлшерленген АИВға қарсы гүресиў системасын күшейтиўге байланыслы «жол карталары»ның әмелге асырылыўын, 2024-2026-жыллары тийисли дәўирге мөлшерленген «жол карталары»ның ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- Министрлер Кабинети ҳәр ярым жылда Бағдарламада белгиленген илажларды әмелге асырыў жағдайын сын көзқарастан додаласын ҳәм өз ўақтында ҳәм толық орынланбаған илажлар бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар басшыларына тийисли илажларды көрсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлерин шөлкемлестириўде Бағдарламаның әмелге асырылыўы ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте Бағдарламада белгиленген АИВ инфекциясына байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша мақалалар, телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтириўлер арқалы халықтың арасында АИВ инфекциясына қарсы гүресиўдиң әҳмийети турақлы ҳәм кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.Ш.Иноятов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Туйчиевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 20-январь