Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Социаллық ҳәм турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў тараўларында сондай-ақ, экономика тармақларында қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиў, энергия нәтийжелилигин арттырыў арқалы республикамыз аймақларында энергия жетиспеўшилигиниң қапланыўын тәмийинлеў, бул бағдардағы жумысларды комплексли шөлкемлестириў ҳәм инвесторлар ушын қолайлы шараятлар менен хошаметлеў механизмлерин енгизиў мақсетинде:
- Энергетика министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң 2023-жыл ушын төмендегилерди нәзерде тутыўшы усыныслары қоллап-қуўатлансын:
улыўма қуўатлылығы 4 300 МВт болған қайта тиклениўши энергия дәреклерин, соның ишинде, 2 100 МВт – ири қуяш ҳәм самал электр станциялары, 1 200 МВт – социаллық тараў объектлери, хожалық субъектлериниң имарат ҳәм объектлери, сондай-ақ, хожалықларда орнатылатуғын қуяш панеллери, 550 МВт – исбилерменлер тәрепинен қурылатуғын киши фотоэлектр станцияларын иске қосыў;
қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын орнатыў, тутыныўшыларды қолайлы энергияға өткериў ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў арқалы 2023-жылы 5 миллиард киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм 4,8 миллиард метр куб тәбийғый газди үнемлеў;
усы мақсетлерге жәми 15,4 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларды қаратыў, соның ишинде, 13,4 миллиард АҚШ доллары – мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары шеңберинде инвесторлардың қаржылары, 1,1 миллиард АҚШ доллары – коммерциялық банклердиң кредитлери, 610 миллион АҚШ доллары -кәрханалардың өз қаржылары, 150 миллион АҚШ доллары – сырт ел қаржы шөлкемлериниң қаржылары ҳәм 100 миллион АҚШ доллары эквивалентиндеги Мәмлекетлик бюджет қаржылары.
- Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 2023-жылы 27 ири қуўатлылықлы қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў жойбарларының мәнзилли дизими 1-қосымшаға ҳәм ири қуўатлықтағы қуяш ҳәм самал электр станцияларын электр жеткерип бериў тармақларына жалғаў бойынша жойбарлардың мәнзилли дизими 1а-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Усы жойбарлардың өз ўақытында әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкершилик энергетика министри Ж.Т.Мирзамаҳмудовқа, инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Л.Ш.Кудратовқа ҳәм Стратегиялық реформалар агентлигиниң бас директоры Ш.А.Вафаевқа жүкленсин.
- Стратегиялық реформалар агентлиги (Ш.Вафаев) Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги (Л.Кудратов) менен биргеликте қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў ҳәм электр энергиясы тармақларын модернизациялаў бойынша жойбарлар ушын 2023-жыл 1-июльге шекем халықаралық финанслық шөлкемлерден қосымша 2 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларды тартыў бойынша келисимлерге қол қойылыўын тәмийинлесин.
- Энергетика министрлигине 2023-жыл 1-сентябрьге шекем ири қуўатлылықтағы қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў бойынша жойбарлар шеңберинде бюджеттен тыс Тармақлар аралық энергияны үнемлеў қорының қаржылары есабынан халықаралық ҳәм жергиликли жойбарлаў-излеў институтлары менен тиккелей шәртнамалар дүзген ҳалда қурылыс майданларында үйрениўлер өткериўге руқсат берилсин.
- 2023-жылы 20 мың социаллық тараў объектлери менен мәмлекетлик уйымларда киши қуўатлылықтағы қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын орнатыў режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Бул режениң орынланыўын тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик энергетика министри Ж.Т.Мирзамаҳмудовқа ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасарына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң биринши орынбасарларына жүкленсин.
- Энергетика министрлиги ҳәм коммерциялық банклердиң социаллық тараў объектлери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң имарат ҳәм объектлеринде киши қуўатлылықтағы қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын орнатыў ҳәм эксплуатациялаў бойынша жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги «Жасыл энергия» компаниясын (кейинги орынларда – Компания) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Компания өзиниң есабынан мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер имарат-объектлеринде қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын орнатқанда, бул имарат-объектлердиң тийисли бөлеклеринен ижара ҳуқықы тийкарында бийпул пайдаланатуғыны. Онда, ижара шәртнамалары белгиленген тәртипте салық уйымларында дизимнен өткерилетуғыны;
Компанияға жергиликли ҳәм сырт ел ислеп шығарыўшыларынан қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын ҳәм олардың бөлеклерин сатып алыў, орнатыў ҳәм оларға сервис хызметлерин көрсетиў ушын ең жақсы усынысларды таңлап алыў нәтийжелерине бола тиккелей шәртнамалар дүзиўге руқсат берилетуғыны белгиленсин.
- Министрлер Кабинети (А.Арипов) үш күн мүддетте усы қарарға 2-қосымшадағы реже орынланыўының айма-ай графигин тастыйықласын ҳәм оның орынланыўы бойынша ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барсын.
Министрликлер, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң биринши басшылары өзлериниң структураларындағы уйым ҳәм шөлкемлердиң имаратларында қуяш панеллери орнатылыўына жеке жуўап бериўи ҳаққында қатаң ескертилсин.
- Саўда-санаат палатасы ҳәм коммерциялық банклердиң 3-қосымшаға муўапық 2023-жылы жәми 11 мың исбилерменниң имарат ҳәм объектлеринде қуяш панеллерин орнатыў ҳәм киши фотоэлектр станцияларын қурыў режеси қоллап-қуўатлансын.
Усы режелер толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик Орайлық банк баслығының орынбасары А.А.Турдиаливке ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң инвестициялар мәселелери бойынша орынбасарларына жүкленсин.
- 2023-жыл 1-апрельден баслап улыўма қуўатлылығы 100 кВтқа шекемги қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын орнатқан физикалық ҳәм юридикалық тәреплер усы қурылмалар бойынша мүлк салығы, қурылмалар менен бәнт болған участкалар бойынша жер салығы сондай-ақ, юридикалық шахслар тәрепинен улыўма тармаққа сатқан электр энергиясы ушын алған пайдасынан есапланатуғын пайда салығын төлеўден олар пайдаланыўға тапсырылған ўақыттан баслап үш жыл мүддетке, орнатылып атырған қуяш панеллериниң қуўатлылығына 25 проценттен аз болмаған қуўатлылыққа ийе электр энергиясын сақлаў системасы менен орнатылған болса үш жыл мүддетке азат етилетуғыны;
2023-жыл 1-марттан баслап бирден-бир электр энергетика системасына жалғаныў ушын берилген техникалық шәртлерде көрсетилген қуўатлылықтан жоқары болмаған қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын электр тармақларына жалғаўда қосымша техникалық шәрт алыў талап етилмейтуғыны белгиленсин.
- Исбилерменлик субъектлерине, соның ишинде, сырт ел инвесторларына:
қайта тиклениўши энергия дәреклеринде ислеп шығарылған электр энергиясын мәмлекетлик уйымға ҳәм (ямаса) аймақлық электр тармақларына орнатылған тарифлерде, басқа тутыныўшыларға өз-ара келисилген баҳаларда тиккелей дүзилген, соның ишинде, узақ мүддетли шәртнамалар тийкарында сатыўға;
басқа шахсларға тийисли объектлерди ижара ҳуқықы тийкарында қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын орнатып, бул қурылмаларды ислеп шығарылған электр энергиясын сатыўға руқсат берилетуғыны белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын:
қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын орнатқан исбилерменлик субъектлери тәрепинен ай даўамында бирден-бир электр энергетика системасына жалғанған ҳәм пайдаланылған электр энергиясы көлеминиң есабы «Аймақлық электр тармақлары» АЖ биллинг системасында жүргизилип, айдың жуўмағы менен тармаққа жалғанған ҳәм пайдаланылған электр энергиясының көлеми арасындағы айырмашылыққа тийкарланып өз-ара есап-санақ етиледи. Онда, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ тәрепинен электр энергиясын сақлап бериў хызмети ушын ҳақы алынбайды;
қуўатлылығы 300 кВт ҳәм оннан жоқары болған қайта тиклениўши энергия дәреклеринде ислеп шығарылған электр энергиясы усы дәреклер Энергетика министрлигинде дизимнен өткерилгенинен кейин ғана әмелге асырылады.
- Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклердиң исбилерменлик субъектлериниң қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын сатып алыў ҳәм орнатыў, энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў сондай-ақ, өндирис процесслериниң энергия нәтийжелилигин арттырыў илажларын қаржыландырыў ушын 2023-жыл 1-марттан баслап «жасыл энергия» банк қаржы продуктын әмелге киргизиў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.
- Энергетика министрлиги еки ҳәпте мүддетте:
фотоэлектр станцияларын, соның ишинде, киши қуўатлықтағы қурылмаларды орнатыў ушын қолайлы болған перспективалы майданлар дизимин жәрияласын;
Саўда-санаат палатасы менен биргеликте қызығыўшылық билдирген исбилерменлерге электр энергиясын сатыў бойынша үлги шәртнама ҳәм техникалық талаплар жеткерилиўин тәмийинлесин.
- Сыртқы ислер министрлиги (Б.Саидов, Ф.Арзиев) Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги (Л.Кудратов) ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен биргеликте бир ай мүддетте Қытай компанияларын тартқан ҳалда республикамыз аймақларында қуяш панеллерин жеткерип бериў, ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў менен шуғылланыўшы биргеликтеги кәрханалар шөлкемлестириў бойынша анық жойбарлар дизимин Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- 2023-жыл 1-апрельден баслап республикамыз аймақларында халық хожалықларында киши қуўатлықтағы (улыўма қуўатлылығы 50 кВтқа шекем) қуяш панеллерин орнатыўды қоллап-қуўатлаў бойынша «Қуяшлы шаңарақ» бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) әмелге асырылсын.
2023-жыл 37 мың халық хожалықларында киши қуўатлылықтағы қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмаларын орнатыў режеси 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Бағдарлама шеңберинде:
а) физикалық тәреплерге тийисли объектлерде орнатылған қуяш панеллеринде ислеп шығарылған ҳәм өз пайдаланыўынан арттырып бирден-бир электр энергетика системасына жалғанған электр энергиясының ҳәр бир киловатт-саатына Мәмлекетлик бюджеттен 1 000 сумнан субсидия ажыратылады (кейинши орынларда – субсидия).
Онда:
субсидия ҳәр айдың жуўмағы менен физикалық шахслар тәрепинен бирден-бир электр энергетика системасына жалғанған энергия көлеми ҳәм системадан пайдаланылған электр энергиясының көлеми арасындағы унамлы айырмашылық муғдарынан келип шығып есапланады;
субсидия төлемлери физикалық тәреплердиң жәми дәраматларының қурамына киргизилмейди;
субсидия салық уйымлары тәрепинен ҳәр айда «Soliq» мобиль қосымшасы арқалы есап бериў айынан кейинги айдың 25-сәнесине шекем пуқаралардың банк пластик картларына өткерип бериледи;
б) физикалық шахслар тәрепинен бирден-бир электр энергетика системасына жалғанған электр энергиясының көлеми:
ай даўамында бирден-бир электр энергетика системасынан пайдаланылған электр энергиясы көлеминен көп болған жағдайда, сол ай ушын электр энергиясы бойынша «Аймақлық электр тармақлары» АЖға төлем етилмейди;
ай даўамында бирден-бир электр энергетика системасынан пайдаланылған электр энергиясының көлеминен аз болған жағдайда, сол ай ушын электр энергиясы бойынша төлемлер пайдаланылған ҳәм жеткерип берилген электр энергиясының өзгешелигинен келип шығып есапланады;
в) «Аймақлық электр тармақлары» АЖ тәрепинен бийпул алынған электр энергиясы дәрамат сыпатында есапқа алынбайды.
- Бағдарлама шеңберинде субсидияларды ажыратыў ҳәм есап-санақ етиў системасының толық ислеўи Орайлық банк (М.Нурмуратов), Салық комитети ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» АЖ (У.Мустафоев) тәрепинен тәмийинленетуғыны;
Бағдарламаны әмелге асырыў Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетиниң дәраматлары бойынша прогнозының арттырып орынланған бөлеги ҳәм 2023-жыл 8 шерек жуўмақлары бойынша Мәмлекетлик бюджет қәрежетлерин альтернативлестириў есабынан қаржыландырылатуғыны;
Бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң биринши орынбасарларына жүкленетуғыны;
Бағдарламаның үзликсиз ҳәм анық ислеўин қадағалаў Бас прокурор орынбасары Ш.Аминовқа жүкленетуғыны белгиленсин.
- 2023-жылы пайдаланыўға тапсырылатуғын 765 көп қабатлы турақ жайларды қайта тиклениўши энергия дәреклери менен тәмийинлеў режеси 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Бул режениң орынланаўыны тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министри Б.И.Зокиров сондай-ақ, Қарақалпақстан Респубикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң қурылыс мәселелери бойынша орынбасарларына жүкленсин.
- 2023-жыл 1-майдан баслап пайдаланыўға тапсырылатуғын көп қабатлы турақ жайлар төбелери бос бөлегиниң кеминде 50 процентинде қуяш панеллерин орнатыў талабы енгизилсин.
Қурылыс материаллары ҳәм турақ жай коммуналлық министрлиги (Б.Зокиров):
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда көп қабатлы турақ жайларда қуяш панеллерин орнатыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў компанияларының шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин;
Энергетика министрлиги (Ж.Мирзамаҳмудов) ҳәм Бажыхана комитети (А.Мавлонов) менен биргеликте бир ай мүддетте республикамыз аймақларындағы қуяш панеллерин орнатыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў компанияларының қәнигелеринде зәрүр көнликпелерди қәлиплестирген ҳәм техникалық мағлыўматлар жеткерген ҳалда олардың тәжирийбесин арттырсын.
- Бажыхана комитети (А.Мавлонов):
а) Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте қайта тиклениўши энергия дәреклери тийкарында энергия тәмийнатын шөлкемлестириў ушын әсбап-үскенелер, техника, шийки зат, комплектлеўши ҳәм олардың аўысық бөлеклери бойынша техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерди қабыл етиў;
белгиленген стандарт талапларына сәйкес келмейтуғын қуяш панеллери республикамыз аймағына алып кирилиўиниң алдын алыў бойынша нәтийжели илажлар көрсин;
б) пайдаланыўға тапсырылатуғын көп қабатлы турақ жайларға қуяш панеллериниң сапалы орнатылыўын турақлы қадағалаўға алсын;
в) бир ҳәпте мүддетте қуяш панеллерин импорт етиўди әпиўайыластырыў бойынша илажларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин;
г) бул қарардың 18-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша қатаң қадағалаў орнатсын;
д) әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша ҳәм пайдаланыўға тапсырылатуғын көп қабатлы турақ жайларда қуяш панеллерин орнатыў жумысларын жеделлестириў бойынша ҳәр шеректе Министрлер Кабинети ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына есабат киргизип барсын.
- Республикалық аймақларында киши ҳәм микро гидроэлектрстанциялар қурыў бойынша 103 жойбардың мәнзилли дизими 6-қосымшаға муўапық тастыйықласын.
Бул жойбарларды өз ўақытында ҳәм толық көлемде иске қосыўды тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик «Өзбекгидроэнерго» Аж басқарма баслығы А.А.Сангинов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине жүкленсин.
- 2023-жылы 5 407 социаллық тараў объектлериниң локал ысытыў системаларын көмир жанылғысына өткериў режеси 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Усы режениң орынланыўын тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик Бас министрдиң орынбасары А.Ж.Раматовқа, қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министри Б.И.Закировқа ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң қурылыс мәселелери бойынша орынбасарларына жүкленсин.
Министрлер Кабинети (А.Раматов) үш күн мүдетте усы қарарға 7-қосымшадағы реже көрсеткишлери орынланыўының айма-ай графигин тастыйықласын ҳәм орынланыўы бойынша ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барсын.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) еки ҳәпте мүддетте социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў бойынша қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 2023-жылы 1 147 ыссыханалар ҳәм 250 қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы кәрханаларды көмир жанылғысына өткериў реже көрсеткишлери ҳәм мәнзилли дизимлери сәйкес түрде 8-, 8а-, 8б-, 8в-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
Республикамыз аймақларындағы:
ыссыханаларды көмир жанылғысына өткериў бойынша жеке жуўапкершилик аўыл хожалығы министри А.Б.Воитов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлериниң аўыл хожалығы мәселелери бойынша орынбасарларына жүкленетуғыны;
усы қарарға 8а-, 8б- ҳәм 8в-қосымшаларға муўапық қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы кәрханаларды көмир жанылғысына өткериў бойынша жеке жуўапкершилик қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министриниң орынбасары Ш.С.Хидоятовқа, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ басқарма баслығы С.С.Аннакличевқа сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкен қаласы ҳәкимлериниң қурылыс мәселелери бойынша орынбасарларына жүкленетуғыны белгиленсин.
- Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы (Ж.Ходжаев):
коммерциялық банклер менен биргеликте көмир жанылғысына өткерилетуғын кәрханаларға үскенелерди сатып алыў ушын кредит қаржылары өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлесин;
көмир жанылғысына өткерилген кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди экспорт етиўде кепилленген хошаметлеў илажларын көрип барсын;
көмир жанылғысына өткерилген кәрханаларда импорт көмир өнимлери сондай-ақ, тийисли үскенелерди алып келиўде пайда болатуғын машқалалы мәселелерди тезлик пенен шешип барсын;
жергиликли ыссыхана хожалықларында жетистирилген өнимлердиң тийкарғы экспорт базарларында бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мақсетинде оларды қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажларды әмелге асырсын.
- Энергетика министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң «Өзбеккөмир» АЖға қараслы «Көмир тәмийнат» ЖШЖны, қарамағындағы көмир қоймаханалары ҳәм жәрдемши техникалар менен бирге «Өзбеккөмир» АЖ қарамағынан шығарып, Энергетика министрлигине өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Энергетика министрлиги тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы қарарға 8-, 8а-, 8б- ҳәм 8в-қосымшаларда белгиленген исбилерменлик субъектлери ушын зәрүр муғдарда импорт көмир жеткерип берилиўин тәмийинлесин.
Транспорт министрлиги (И.Маҳкамов) 2023-жыл 1-апрельден баслап импорт көмирди республикамыз аймағында темир жол транспортында тасыўда тасыў аралығына қарамастан орнатылған тарифлерге 50 процент шегирме қолланылыўын тәмийинлесин.
- 2023-жыл 1-майдан баслап:
жаңадан шөлкемлестирилетуғын ыссыхана хожалықлары сондай-ақ, цемент, гербиш ҳәм ҳәк өнимлерин ислеп шығарыўшыларға тәбийғый газ тармақларына жалғаныў ушын техникалық шәртлери берилиўи қадаған етилетуғыны;
республикамыздағы барлық жанылғы (автобензин, суйылттырылған ҳәм қысылған газ) қуйыў шақапшалырының турмыслық-техникалық мүтәжликлери ҳәм аймағын жарытыў ушын электр энергиясы тәмийнатының кеминде 50 проценти бул объектлерде орнатылатуғын қуяш панеллери арқалы қапланыўы талап етилетуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
2023-жылы республикамыз аймақларында электр тармақларындағы шығынларды азайтыў бойынша реже көрсеткишлери 9-қосымшаға муўапық сондай-ақ, бул көрсеткишлер оранлыныўын тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик Бас прокурор Н.Т.Йўлдошевқа, энергетика министри Ж.Т.Мирзамаҳмудовқа сондай-ақ, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ басқарма баслығы У.М.Мустафаевқа жүкленсин;
2023-жылы республикамыздағы ири санаат кәрханаларында жанылғы-энергия ресурсларын үнемлеўдиң реже көрсеткишлери ҳәм әмелий илажлар режеси 10- ҳәм 10а-қосымшаларға муўапық тастыйықласын ҳәм бул көрсеткишлер орынланыўын тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик Бас министр орынбасары Ж.А.Ходжаевқа, энергетика министриниң биринши орынбасары А.И.Ахмеджаевқа, таў-кән санааты ҳәм геология министри Б.Ф.Исламовқа, инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң биринши орынбасары Н.Қ.Холмуродовқа сондай-ақ, 10-қосымшаға муўапық басшыларға жүлкенсин.
- Министрлер Кабинети (А.Арипов) еки ҳәпте мүддетте 11-қосымшаға муўапық 2023-жылы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында көмир когенерациялық технологияларын енгизиў арқалы орайласқан ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў бойынша 15 жойбардың мәнзилли дизими, оларды қаржыландырыў дәреклери ҳәм әмелге асырыў мүддетлериниң айма-ай графиклерин тастыйықласын.
- Энергетика министрлиги тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте усы қарар талапларынан келип шыққан ҳалда әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында усыныслар ҳәм зәрүр реже, тәртип ҳәм қағыйдалар жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Министрлер Кабинети (А.Арипов):
усы қарарға қосымшаларда белгиленген реже көрсеткишлериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бир ҳәпте мүддетте барлық қосымшалар бойынша тармақ кестелери ҳәм мәнзилли илажлар бағдарламаларын тастыйықласын;
белгиленген реже көрсеткиглериниң орынланыўы бойынша турақлы қадағалаў орнатып, ҳәр ай орынланыўы бойынша барлық аймақ, министрлик ҳәм уйым басшыларының есабатларын Министрлер Кабинети Президиум мәжилислеринде сын көзқарастан көрип барсын;
бул қарардың орынланыўы шеңберинде зәрүрликтен келип шығып, жойбарлар параметрлери, илажлар ҳәм реже көрсеткишлерине Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен келисилген ҳалда анықластырыў ҳәм өзгерислер киргизип барсын.
- Бул қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 16-февраль