Жаслайынан адамларға үйирсек, нәзик сезимли, балажанлы Әмийна 1932-жылы педагогикалық оқыў орнын жақсы баҳалар менен питкергеннен кейин Қарақалпақстан АССР Халық билимлендириў комиссариатының мектепке шекемги бөлиминде инспектор, 1933-жылдан баслап Төрткүл қалалық комсомол комитетинде пионер жумыслары бойынша бөлиминиң баслығы болып хызмет атқарды.
Қызығы да, қыйыншылығы да мол жаңа жумысларға белсене араласа баслаған жас қәниге сол жуўапкерли жумысларды табыслы атқара жүрип, өзиниң өмирлик бахтын да тапты. Халық билимлендириў комиссариатының жуўапкерли хызметкери Оразалы Қосекеевке өз тәғдирин тутастырады. Жаңа бахытлы заманның қуўанышлы ләззетин татып, турмыс гүзарына қутлы қәдем таслаған жас жубайлар оғада бахытлы еди.
Оразалы менен Әмийнаның неке тойы өткеннен кейин көп узамай-ақ Оразалының дослары 1934-жылдың жаңа жыл кешесин оның үйинде күтип алыўға жыйналды. Гәптен гәп шығып, сөз жақында ислей баслаған Қарақалпақстан радиосы туўралы болды.
– Пай, Әмийна, сениң орныңда гәп таўып айтыўың, шақ-шақ еткен сестиң, әсиресе қарақалпақша сөзлерди келистирип анық айтыўың радиоға келиседи-дә! – деди отырыспаны уйымластырып жүрген Оразалының досты Наўрыз Жапақов, үй ийелерине қарап ҳәзил-шыны аралас.
Гәпти басқалар илип алып кетти.
– Радиоға сөз берген Әмийна Танташева деп жүрсек!
– Аўа-дә! Радио арқалы халыққа жаңалық жеткерсең, қызықлы қосық, саз еситтирсең оннан артық не керек
Наўрыз Жапақов Оразалыға қарап:
– Егер Әмийнаның өзи қайылшылық берсе, мен радиокомиттетиң баслығы Гавриил Александрович Лехин менен сөйлесип көрейин. Радиокомиттеги қарақалпақ редакциясының баслығы Қурбанбай Аралбаев 3-4 рет соңғы хабарларды эфирден оқыған екен, қыйын дейди, алжаса берипти. Арабша ҳәриплер менен жазылған текстлерди жақсы оқыйтуғын бир ҳаял керек деп жүрип еди…
Көп кешикпей Әмийна Танташева Қарақалпақстан радиосының биринши штатлы дикторы болды. 1934-жылдың 14-февралы еди.
Аўыллардан қалаға базарлап келген колхозшы дийқанлар ушын радио теңи-тайы жоқ әўесек нәрсе еди. Базарға келген жумысын умытып, радиогернайлар алдында саатлап отырғанын ҳәзирги жасы үлкенлер ертектей етип айтады. Әсиресе, қарақалпақша еситтириўлер басланған ўақытлары олар:
– Пай, таңлайына берген нашар екен! Аўзы-аўзына жуқпай тақылдайды-аў!
– Мутқа саз бенен қосық еситип, қулағымыздың қуршы қанды-аў бала-десе, ал гейбиреўлери:
– Сөйлеп турған адам мына қалпақ темирдиң қай жеринде жасырынып тур екен? Өзи жин бе, шайтан ба? – деп ҳаўлығады.
Әмийна апа радионың дәслепки қәдеми ҳаққындағы гүрриңин жүдә ықлас пенен даўам етти.
– Бир күни түсте жумыстан үйге келсек, Оразалы, Наўрыз тағы 2-3 адам келип, шай-пай ишип отырған екен. Мен есиктен кириўден Наўрыз:
– Ҳаўаға сөз берген Әмийнаханым! – деп күлимлеўи менен сәлемлести. Мына Қарабай қайнағаң солай деп жазыпты. «Ҳаўаға сөз берген Әмийнаханым!» – деген қосық жазып Москвада китап етип бастырған. Мине өзиң көреғойӘ деп қолыма қызыл түсли китапты услатты. Аўызғы жайға бардым да, оқый басладым:
Ҳаўаға сөз берген Әмийнаханым,
Радио менен елге хабарың келди.
Сестиңди еситип дем алды жаным,
Аўзыңнан шығарған самалың келди.
Қосеке келини Әмийна, жасаң,
Жасыңнан билемен, заўыққа бассаң…
Тап анаў-мынаў емес, бир талай қосық, енапат, 27 куплет екен. Қойшы басымды аўыртып не қылайын, Қарабай қайнағамыз (марҳум жазыўшы Қарабай Ерманов) радионы да, мени де жер-көкке тийгизбей мақтапты.
Бирақ радиода ислеў, микрофон алдында қарақалпақша текст оқыў аңсат емес. Студияда еситтириў басланыўдан 2-3 саат бурынырақ барып, еситтириў менен танысамыз. Ол жыллары латын ҳәрибине жаңа өтип атырған ўақыт, редакторлардың барлығы дерлик арабша ҳәрип пенен жазады. Бирақ арабша жазатуғын машинка жоқ. Редакторлар Хожан аға, Әбдихалықов пенен Қурбанбай Аралбаевлар текстти қолда жазып таярлайды. Араб ҳәриплерин билесиз ғой! Бир ноқаттан қәлелесип кетиўиң тәәжип емес!
P.S. Телерадиожурналист Турғанбай Мәдиреймовтың «Еки мың баланың анасы» очеркинен қысқартылып алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги