Пайтахтымыздағы «Туран» стадионында «Футболымыз келешеги» кубоги жарысының Нөкис қалалық басқышы болып өтти.

«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Нөкис қалалық бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт ислери бойынша мәмлекетлик икомитети, республика Футбол федерациясы, басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген жарыстың тийкарғы мақсети, миллионлар ойыны болған футболды буннан былай да ғалаба ен жайдырыў, балалар ҳәм жас өспиримлердиң жазғы дем алыс күнлерин мазмунлы өткериў, оларды спортқа кеңнен тартыў арқалы қадағалаўсызлықтың және ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, қәбилетли футболшыларды анықлаў ҳәм оларды хошаметлеўден ибарат.

Жарыс жуўмағында 9-10 жастағылар арасында 55-санлы «Жипек жолы», 11-12 жастағылар арасында 14-санлы «Алмазар», 13-14 жастағылар арасында 55-санлы «Жипек жолы» мәкан пуқаралар жыйынларының командалары биринши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды ҳәм республикалық аймақлық басқышқа жоллама алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.