Бүгин, 21-февраль күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов Қарақалпақстанға келди. Министр Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында университет ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студент-жаслары менен ашық сәўбетлесиў өткерди.
Шын жүректен, жасларға сай тәризде еркин ҳәм ашық-айдынлық руўхында өткен сәўбетлесиў даўамында қарақалпақстанлы студентлер министр А.Тошқуловқа жоқары билимлендириў системасында билим бериўди сапалық жақтан жоқары басқышқа көтериў, шет тиллерин үйрениў, халықаралық таңлаўлар, грантлар, пән олимпиадаларында қатнасыў, академиялық алмасыў бағдарламаларын көбейтиў бағдарындағы өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Атап айтқанда, ҚМУ юридика факультетиниң студенти Ж.Турдымуратов юридика бағдарында оқып атырған студентлерди усы бағдардағы жетекши жоқары оқыў орынларында академиялық алмасыўды жолға қойыў, оқыў бағдарламаларын бирдей етип ислеп шығыў, НМПИ шет тиллери факультети студенти Г.Жолдасбаева жаслардың шет тиллерин терең үйрениўи ушын әмелге асырып атырған жойбары тийкарында методист кадрларды көбейтиў, НМПИ студенти Н.Нурниязов халықаралық рейтинги жоқары жоқары билимлендириў мәкемелери менен студентлерди алмасыў бағдарламасы тийкарында грантларды көбейтиў, ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти Л.Тураева қызлар ушын өз алдына пән олимпиадаларын шөлкемлестириў, НМПИ шет тиллери факультети студенти, Президент стипендиаты М.Мубараков рус тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарына оқыўға қабыллаўда тек ғана тест емес, сәўбетлесиў тийкарында қабыллаўды жолға қойыў, ҚМУ тарийх факультетиниң студенти А.Турдыбаев жоқары оқыў орынларында Қарақалпақстан тарийхы пәни бойынша өтилетуғын саатлар санын көбейтиў сыяқлы усынысларды билдирди.
Соның менен бирге, жаслар тәрепинен мектеплер, орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери оқыўшылары ушын да мәмлекетлик стипендиялар енгизиў, журналистика, архитектура сыяқлы әмелиятқа бағдарланған тәлим бағдарларында әмелий шынығыўларды көбейтиў, спорт инвентарьларын заманагөй талаплар тийкарында студентлердиң пайдаланыўы ушын еле де көбейтиў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында студент-жаслардың халықаралық таңлаўларға қатнасыўы ушын имканиятлар жаратыў, музыкалық әсбаплар менен жетерли муғдарда тәмийинлеў, бийпул Wi-Fi, Book Cafe сыяқлы заманагөй усылдағы орайларды көбейтиў, студентлердиң узақ аймақларға шығатуғын әмелият процесслериниң қәрежетлерин қаплап бериў, мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлерди сабақлардан үлгериўине қарап, ҳәр семестрде орынларын алмастырған ҳалда оқытыўды жолға қойыў сыяқлы мәселелер бойынша пикирлерин билдирип, тараўда орын алып атырған базы кемшиликлерди атап өтти ҳәм жаслар олардың шешимлери бойынша өз усынысларын билдирди.
Өз гезегинде, министр А.Тошқулов жаслар менен ашық сәўбетлесиў даўамында бүгиннен баслап жаслар турмысында үлкен өзгерислер, жаңалықлар болатуғынлығын атап өтип, тараўдағы күтилип атырған соңғы өзгерислер ҳаққында мағлыўматлар берди. Атап айтқанда, буннан былай магистратураға ҳүжжет тапсырыўда шет тилин билиў бойынша халықаралық сертификат болыўы кереклиги, қәнигелик пәннен имтихан алынбастан, шет тилин билиў бойынша халықаралық сертификат балы менен бакалавр дәўириндеги қәнигелик пәнлердиң орташа балы есапқа алынатуғынлығы, сондай-ақ, магистратураға контракт тийкарында қосымша қабыллаўды әмелге асырыўды жоқары оқыў орынларының өзлери белгилейтуғынлығы, педагогика тәлим бағдарларында оқып атырған студентлер 2-курс ўақтынан баслап өз бағдарлары бойынша мектеплерде жумыс ислеўи мүмкин екенлигин мәлим етти.
Абдуқодир Тошқулов қарақалпақстанлы жаслар әзелден өзиниң илим-билимге болған айрықша талпыныслары менен ажыралып туратуғынлығын атап өтип, жаслар тәрепинен билдирилген пикирлер ҳәм усыныслардың барлығы орынлы екенлигин, булардың барлығы басқышпа-басқыш түрде шешимин табатуғынлығын және булар бойынша тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилетуғынлығын мәлим етти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.