Технология

Бул технология биринши мәрте Пекинде өткерилип атырған 2022-жылғы қысқы олимпиада ойынларында тесттен өткерилди, деп жазбақта қытай басылымлары.

Қытай илимпазларының атап өтиўинше, COVID-19 тийкарынан ҳаўа-тамшы жолыменен жуғыўына қарамастан, инсан жөтелсе ямаса түшкирсе вирус ҳаўада қалған аэрозоль бөлекшелери арқалы жуғыўы мүмкин. Илимпазлар ислеп шыққан система портатив коллектордан ибарат. Ол әтираптағы коронавирусты алып келиўи мүмкин болған майда бөлекшелерден ибарат аэрозоль тамшыларын ҳаўаға қосып жутады. Кейин бул бөлекшелерди суйықлыққа айландырып, вирус бар екенин тексереди. Изертлеў топарының мағлыўматларына қарағанда ислеп шығарылған детектор тест алыўға зәрүр болған әмелдеги аппараттан 10 есе сезгир. Солай екен, бул детектор ҳәттеки ҳаўада вирус жүдә аз болғанда да сезе алады. Ойлап табыўшылар тесттен өткериў процеси тек ғана төрт саатты алатуғынын мәлим етти.

Ҳәзирги ўақытта бул технология Пекин Олимпиадасы ойынларында сынақтан өткерилмекте, келешекте оннан емлеўханалар, вокзаллар ҳәм аэропортларда пайдаланып көриледи, деп айтылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги