Президент тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРН–754, 15.02.2022ж.) менен Жынаят кодексиниң 132-статьясына киргизилген өзгерислер бойынша, мәмлекетлик қорғаўға алынған материаллық мәдений мийрас объектлерин жоқ етиў, бузыў ямаса оларға зыян жеткериў:
- қайтадан ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
- көп муғдарда зыян жеткерген ҳалда;
- бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип исленген болса, 5 жылға шекем еркинен айырыў жазасын қолланыў мүмкин.
Бул ҳәрекетлер оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда жүз берген болса, 7 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген қосымшалар бойынша, Мәдений мийрас агентлиги ҳәм оның аймақлық басқармаларының көрсетпелерин орынламағанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди.
Бул ҳуқықбузарлықты ислегени ушын:
- пуқараларға БЕМның 3 есесине шекем (810 мың сумға шекем);
- лаўазымлы шахсларға болса 5 есеге шекем (1 миллион 350 мың сумға шекемги) муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги