Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан спортшыларының гезектеги жазғы ҳәм қысқы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында табыслы қатнасыўы ушын таярлық жумысларын жеделлестириў, сондай-ақ, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшыларды ақшалай сыйлықлар менен хошаметлеў мақсетинде:
- а) 2024-жыл Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпия ойынларында (кейинги орынларда – Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынлары) жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған Өзбекстан спортшылары төмендеги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленетуғыны:
алтын медаль ушын – 200 000 АҚШ доллары;
гүмис медаль ушын – 100 000 АҚШ доллары;
бронза медаль ушын – 50 000 АҚШ доллары;
б) усы бәнтте нәзерде тутылған қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Транспорт министрлиги (И.Махкамов) Туризм ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көриў процесинде республика аймағында өткерилип атырған спорт жарыслары, оқыў-шынығыўлар жыйынларында олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша сайланды команда ағзаларының қатнасыўын тәмийинлеў ушын ўәлаятлараралық жөнелислер бойынша (темир жол ҳәм авиабилет) транспорт қәрежетлерине 2022-жыл 1-марттан 2024-жыл 1-сентябрьге шекем шегирмелер енгизсин.
- Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаў бойынша Республикалық комиссия (кейинги ойынларда – Республикалық комиссия) тәрепинен белгиленетуғын қәўендерлик шөлкемлердиң:
Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында қатнасыў ҳуқықы ушын лицензияны қолға киргизиўге таярлық көрип атырған Өзбекстан спортшыларына зәрүр шараятлар жаратыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде қәўендерлик қайырқомлық жәрдемин көрсетиў;
қәўендерлик қайырқомлық жәрдем сыпатында ажыратылатуғын қаржыларды Республикалық комиссия тәрепинен тастыйықланған реже-графикке тийкарланып төлеп барыў;
Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, спорт федерациясы (ассоциация)ларына ажыратылған пул қаржыларынан ақылға уғрас, үнемли, нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланғаны ҳаққында ҳәр шеректе олардың есабатын тыңлап барыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Қәўендер шөлкемлердиң тийисли басқарыў уйымлары бир ай мүддетте қәўендерлик қайырқомлықлары жәрдем сыпатында ажыратылатуғын қаржыларды тастыйықланған реже-графикке тийкарланып төлеп барыў ҳаққында қарарларды қабыл етсин, ажыратылған пул қаржыларынан ақылға уғрас, үнемли, нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды орнатсын, нәтийжелери ҳаққында ғалаба хабар қуралларында жәрияласын.
Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаў бойынша Республикалық комиссия (А.Арипов, А.Абдухакимов) Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярланыў процесинде жоқары көрсеткишлерге ерискен қәўендер шөлкемлерди сыйлықлаў илажларын көрсин, зәрүр жағдайларда усыныс киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-ноябрьдеги ПҚ-5281-санлы қарары менен тастыйықланған 2024-жыл Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаў бағдарламасында спорттың дзюдо, таэквондо (25), аўыр атлетика, спорт гүреслери, стол тенниси түрлерин раўажландырыў бойынша ўазыйпа белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Бас министрдиң орынбасары А.А.Абдухакимов Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ҳәм тийисли спорт федерациялары (ассоциациялары)н тартқан ҳалда:
2022-жыл 1-майға шекем – спорттың дзюдо түрин раўажландырыў бойынша;
2022-жыл 1-июньге шекем – спорттың таэквондо (25) ҳәм спорт гүреслери түрлерин раўажландырыў бойынша;
2022-жыл 1-июльге шекем – спорттың аўыр атлетика ҳәм стол тенниси түрлерин раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары жойбарларын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- Бас министрдиң орынбасары А.Абдухакимов Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Өзбекстан қысқы спорт түрлери ассоциациясы ҳәм тийисли спорт федерациялары (ассоциациялары)н тартқан ҳалда 2022-жыл Пекин қаласында (Қытай) болып өтип атырған XXIV қысқы Олимпиада ҳәм XIII Паралимпия ойынларының нәтийжелеринен келип шығып:
2022-жыл 1-апрельге шекем – Өзбекстанда қысқы спорт түрлерин комплексли раўажландырыўды;
2022-жыл 1-июльге шекем – 2026-жыл Милан қаласында (Италия) болып өтетуғын XXV қысқы Олимпиада ҳәм XIV Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын комплексли таярлаўды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарар жойбарларын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Министрлер Кабинетиниң қарары менен белгиленген Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында қатнасыў ҳуқықын беретуғын лицензиялардың, сондай-ақ, қатнасылатуғын спорт түрлериниң санын азайтыў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының тийисли бөлимлери менен келисилген ҳалда Республикалық комиссия тәрепинен әмелге асырылады.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2028-жыл Лос-Анджелес қаласында (АҚШ) болып өтетуғын XXXIV жазғы Олимпиада ҳәм XVIII Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын комплексли таярлаў ҳаққында»ғы қарар жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда, төмендегилер нәзерде тутылсын:
Олимпиада ҳәм Паралимпия бағдарламаларына киргизилген спорт түрлери бойынша, әсиресе, ғалабалық спорт түрлери (баскетбол, гандбол, волейбол, шөп үстинде хоккей, регби, суў полосы ҳәм басқалар) бойынша лицензиялардың санын сезилерли дәрежеде көбейтиў;
Лос-Анджелес қаласында бөлып өтетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын таңлап алыў ҳәм таярлаў бағдарламалары;
Лос-Анджелес қаласында болып өтетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көриў бойынша мақсетли көрсеткишлер;
Лос-Анджелес қаласында бөлып өтетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көретуғын Өзбекстан миллий сайланды командаларының контингенти;
Лос-Анджелес қаласында бөлып өтетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаў мақсетинде спорт федерация (ассоциация)ларына бириктирилген спорт базаларының дизими;
Лос-Анджелес қаласында бөлып өтетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлаў бойынша Республикалық комиссиясының қурамы ҳәм комиссия ҳаққында реже тастыйықланыўы;
Лос-Анджелес қаласында бөлып өтетуғын Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында қатнасыў ушын талапкерлер арасында ҳаял-қыз спортшылардың үлесин арттырыў, спортшыларды таңлап алыў ҳәм таярлаўда гендер теңлигин тәмийинлеў;
спорт фармакологиясы, психологиясы, медицинасы ҳәм диетологиясын жетилистириў, оларды халықаралық стандартларға сәйкеслендириў.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары А.А.Абдухакимов, Өзбекстан Миллий олимпия комитетиниң баслығы Р.М.Шаабдурахманов ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң баслығы М.М.Ташходжаев белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр жылы 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 14-февраль