Нью-Йоркта ақ қуйрықлы суўыннан омикрон штаммы анықланды, деп хабарламақта сырт ел интернет басылымларында.
Нью-Йоркта усланған 131 суўыннан қан ҳәм сүртпелер алынды. Нәтийжеде олардың 15 процентинен вирусқа қарсы антиденелер анықланды. Бул изертлеўлер жәниўарларда бурын коронавирус инфекциясы болғанын ҳәм олардың жаңа штамм жуқтырыўы мүмкин екенин көрсетеди, деп мәлим еткен Пенсильвания штаты университетиниң илимпазлары. Қәнигелердиң айтыўынша, енди коронавирустың жаңа штаммы суўынлардан жуғыўы мүмкин. Омикрон штаммы биринши мәрте жабайы жәниўардан анықланбақта.
Мағлыўматларға қарағанда, АҚШта 30 миллион суўын бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги