Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
2019-2021-жылларда республика халқына эндокринология жәрдемин көрсетиўди жетилистириў бойынша миллий бағдарлама шеңберинде диагностика ҳәм емлеўдиң жаңа стандартлары тастыйықланды, 75 мыңға шамалас наўқаслар 40 миллиард сумнан аслам Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 100 процент инсулин менен бийпул тәмийинленди, 200 миллиард сумға шамалас қаржы есабынан 14 аймақлық эндокринология мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы беккемленип, 3,3 миллион АҚШ доллары муғдарында заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.
Соның менен бирге, эндокринология хызметин республика бойынша бирден-бир интеграцияласқан система сыпатында қәлиплестириў, йод жетиспеўшилигине байланыслы кеселликлер профилактикасы, қантлы диабет кеселлиги ҳәм оның ақыбетлериниң алдын алыўға байланыслы медициналық-социаллық илажлардың нәтийжелилигин қайта көрип шығыў талап етилмекте.
Халыққа көрсетилип атырған эндокринологиялық жәрдемниң нәтийжели ҳәм заманагөй системасын қәлиплестириў, кеселликлер ҳәм олардың белгилери профилактикасын жетилистириў, халыққа жоқары маман эндокринология жәрдемин көрсетиўдиң сапасы менен усы бағдардағы медицина хызметкерлериниң потенциалын арттырыў мақсетинде:
- Төмендегилер халыққа көрсетилип атырған эндокринология хызметин шөлкемлестириўдиң ең әҳмийетли бағдарлары етип белгиленсин:
а) академик Ё.Тўрақулов атындағы Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайы (кейинги орынларда – Орай) – аймақлық медицина мәкемелери – район (қала)лық медицина мәкемелери арасында системалы тығыз байланыслылықты тәмийинлеў;
б) денсаўлықты сақлаў системасының басланғыш буўынында эндокрин кеселликлер профилактикасы, оларды ерте анықлаў ҳәм басқарыў бағдарламасын әмелиятқа енгизиў. Онда:
басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы халық арасында саламат турмыс тәризи, дурыс аўқатланыў ҳәм физикалық белсендиликти арттырыўды үгит-нәсиятлаў;
шаңарақлық шыпакерлерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў арқалы кеселликти ерте анықлаў ҳәм алдын алыў көлемин кеңейтиў;
район (қала)лық медицина мәкемелери тар тараў қәнигелериниң жумысына эндокрин кеселликлерди ерте диагнозлаў, белгилериниң алдын алыў алгоритмлерин енгизиў;
в) қантлы диабетке шатылған наўқаслардың заманагөй диспансер қадағалаўы (онлайн регистр) системасын енгизиў арқалы ҳәр бир наўқас жағдайының мониторингин жүргизиў;
г) халықтың кеселликке шатылыў қәўипи жоқары болған топарлары, соның ишинде, балалар, жас өспиримлер, ҳәмиледар ҳәм емизиўли ҳаялларды йод препаратлары менен бийпул тәмийинлеў арқалы йод жетиспеўшилиги кеселликлериниң нәтийжели профилактикасын тәмийинлеў;
д) «Профилактика мектеплери»не тар тараў қәнигелерин тартқан ҳалда наўқаслар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына эндокрин кеселликти басқарыў усылларын ҳәм кеселлик пенен жасаўды үйретиў;
е) диагнозлаў ҳәм емлеўдиң жоқары технологиялы ҳәм инновациялық усылларын әмелиятқа енгизиў арқалы аймақларда ҳәм Орайда жоқары технологиялық хирургиялық әмелиятлардың үлесин арттырыў;
ж) эндокринология бағдарында илимий-изертлеў жумысын жетилистириў, тараў хызметкерлериниң илимий потенциалын арттырыў.
- 2022-жыл 1-апрельден баслап эндокрин кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм мақсетли бақлаўды тәмийинлеў ушын төмендегилерди нәзерде тутатуғын медициналық бақлаў ҳәм патронаждың жаңа модели енгизилсин:
шаңарақлық шыпакерлерди эндокрин кеселликлерди диагнозлаў ҳәм емлеў бойынша қайта таярлаў;
эндокрин кеселликлер бар шаңарақларға арнаўлы таярлықтан өткен патронаж мийирбийкесин бириктириў;
патронаж мийирбийкеси тәрепинен эндокрин кеселлиги болған, улыўма жағдайы қанаатландырарлы ямаса қәўип топарындағы халықты ерте анықлаў ҳәм дифференциалласқан көзқарас тийкарында бақлап барыў;
медициналық бақлаў нәтийжелери бойынша қәўип факторлары жоқары болған наўқасларды шыпакерден бурын тексериў ханаларының мийирбийкелери ҳәм шаңарақлық шыпакерлерге бағдарлаў;
эндокрин кеселликлер бойынша қәўип топарына киретуғын наўқаслар үстинен турақлы бақлаў орнатыў мақсетинде барлық медициналық бригадаларды глюкометр ҳәм арнаўлы тест жапырақшалары менен тәмийинлеў;
диагнозлаў ҳәм емлеў мақсетинде наўқасларды бир күнлик диагностикалық стационар бақлаў системасын енгизиў.
- 2022-2024-жылларда республика халқына эндокринология жәрдемин көрсетиўди раўажландырыў бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- а) ҳәр жылы кеминде бир мәрте 40 жастан асқан халық қантлы диабет ҳәм диабет алды жағдайлары ушын мақсетли скринингтен өткерилетуғыны ҳәм эндокрин кеселликлер анықланған наўқаслар менен турақлы байланыс орнатылатуғыны. Онда жуқпалы эндокрин кеселликлер раўажланыўының алдын алыў ушын эндокрин кеселликлерди емлеўдиң заманагөй клиникалық протоколлары ҳәм алгоритмлери енгизилетуғыны;
б) 2022-жыл 1-февральдан баслап дәстүрий ҳәм аралықтан (аралас) усылда медицина хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасы жолға қойылатуғыны. Онда:
патронаж мийирбийкелери ҳәм шаңарақлық шыпакерлер ушын эндокрин кеселликлердиң алдын алыў, ерте диагнозлаў ҳәм емлеў бойынша еки ҳәптелик оқыў курслары шөлкемлестирилетуғыны;
эндокринолог шыпакерлерди қайта таярлаў ушын уш ярым айлық оқыў курслары жолға қойылатуғыны. Онда олар дәслепки еки ярым ай даўамында Орайда оқытылатуғыны ҳәм бир ай даўамында район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларда әмелият өтейтуғыны;
аймақларда жумыс алып барып атырған эндокринолог шыпакерлердиң маманлығын арттырыў ушын бир айлық оқыў курслары шөлкемлестирилетуғыны;
в) 2022-жыл 1-апрельге шекем:
зәрүр глюкометр, арнаўлы тест жапырақшалары ҳәм ийнелер орайласқан тәртипте сатып алынатуғыны ҳәм медициналық бригадаларға жеткерилетуғыны;
басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде белгиленген стандартларға муўапық үскенеленген шыпакерден бурын тексериў ханалары шөлкемлестирилетуғыны;
район (қала)лық көп тармақлары орайлық поликлиникалардағы эндокринолог шыпакер ханалары зәрүр медициналық үскенелер менен тәмийинленетуғыны белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) 25 жасқа шекемги қантлы диабеттиң биринши түри менен кеселленген наўқаслар аналоглы инсулин ҳәм өзин-өзи қадағалаў қураллары (глюкометр ҳәм арнаўлы тест жапырақшалары) менен:
қантсыз диабет пенен кеселленген наўқаслар, соматотроп жетиспеўшилик пенен кеселленген балалар турмыслық зәрүр арнаўлы дәри-дәрмақлар (десмопрессин ҳәм өсиў гормоны) менен;
25 жастан өткен қантлы диабеттиң биринши түри менен кеселленген инсулинге мүтәж, сондай-ақ, қантлы диабеттиң екинши түри менен кеселленген наўқаслар адам инсулини менен;
қантлы диабеттиң екинши түри менен кеселленген ҳәм мүтәж сыпатында «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»нде болған наўқаслар метформин дәри-дәрмақлары менен бийпул тәмийинленеди;
б) наўқасларға бийпул берилетуғын дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық үскенелер орайласқан тәртипте сатып алынатуғыны ҳәм басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери арқалы бөлистириледи.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 2020-жылдың 10-февралында «Ташкент қаласында үлги сыпатында орайластырылған клиникалық диагностика лабораториясын шөлкемлестириў, үскенелеў ҳәм эксплуатациялаў ҳаққында»ғы 1-33К-санлы концессия шәртнамасына қол қойылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев):
Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте концессия шәртнамасы шеңберинде 2022-жыл 1-апрельден баслап «Ташкент қаласында барлық поликлиника ҳәм районлық медициналық бирлеспелердиң лабораторияларын орайластырыў;
2022-жылдың ақырына шекем тәжирийбе сыпатында ҳәр бир аймақтан биреўден район (қала)лық медицина бирлеспеси мәкемелериниң лабораторияларын орайластырыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында аутсорсингке бериў илажларын көрсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) 2023-жыл 1-апрельге шекем тәжирийбе нәтийжелерине муўапық лаборатория хызметин жақсылаў бойынша тийкарланған усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Медицина хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў, сондай-ақ, глюкометр, арнаўлы тест жапырақшалары ҳәм ийнелер, десмопрессин, өсиў гормоны, аналогли инсулин, адам инсулини ҳәм метформин арнаўлы дәри-дәрмақларын сатып алыўға байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен 2022-жылы денсаўлықты сақлаў системасы ушын ажыратылатуғын қаржылар есабынан;
шыпакерден бурын тексериў ҳәм эндокринолог шыпакер ханаларын шөлкемлестириў ҳәм зәрүр медициналық үскенелер менен тәмийинлеў, сондай-ақ, орайлық лабораторияларды шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлер тийисли жергиликли бюджетлердиң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ҳәпте мүддетте усы қарардың талапларына муўапық тийисли аймақларда 2022-2024-жыллары эндокринология жәрдемин көрсетиў системасын жетилистириў бойынша аймақлық бағдарламаларды ислеп шықсын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары жергликли Кеңеслеринде көрип шығылып, тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шаңарақлық поликлиникалар ҳәм район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникалардағы жасы үлкенлер ҳәм балалар шыпакер эндокринологи лаўазымларының штат нормаларын бир штат бирлигинен кем болмаған муғдарда белгилеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов) Қаржы министрлиги (Ж.Абруев), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Б.Умурзаков) менен биргеликте бир ай мүддетте шаңарақлық поликлиникалар ҳәм район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникалардың штат нормаларын қайта көрип шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қурылыс министрлиги (Б.Зокиров), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.Артикходжаев) менен биргеликте Орай ҳәм оның көп тармақлы клиникасының жаңа имаратын ҳәм объектлерин қурыў, оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларын 2022-жыл 1-майға шекем жуўмақлаў илажларын көрсин.
Онда заманагөй талаплар тийкарында зәрүр бағдардағы бөлимлерди, сондай-ақ, арнаўлы лабораторияларды жаратыўды нәзерде тутқан ҳалда қурылыс жумысларының алып барылыўы ҳәм медициналық техникалар менен үскенелениўи тәмийинленсин.
- Төмендегилер Орайдың эндокрин кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеў тараўындағы қосымша ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
метаболикалық синдром бағдарында фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди әмелге асырыў ҳәм инновациялық жойбарларды ислеп шығыў;
метаболикалық хирургиялық әмелиятларды әмелге асырыў, эндокрин кеселликлерди рентгенэндоваскулятор диагнозлаў ҳәм емлеў және бүйрек үсти безлерине хирургиялық араласыўының кеминвазив эндовизуал усылларын енгизиў;
дәри-дәрмақлардың кери тәсирин үйрениў ҳәм минималластырыў шеңберинде орайласқан клиникалық сынақлар менеджменти ҳәм сапа қадағалаўы системасын жаратыў;
сырт мәмлекетлердиң усы тараўдағы илимий шөлкемлер ҳәм орайлар менен бирге ислесиў байланысларын орнатыў ҳәм биргеликте изертлеўлерди алып барыў;
коронавируста қантлы диабеттиң өтиўин илимий-әмелий жақтан үйренип, оның алдын алыў бойынша стандартларды ислеп шығыў;
тараў қәнигелерин оқытыў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў ушын оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қәбилетли ҳәм маман медицина қәнигелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм медициналық мәкемелерге тартыў қорының қаржылары есабынан Орай ҳәм аймақлық медициналық мәкемелерден ашық-айдын таңлаў тийкарында таңлап алынған 50 ге шекем эндокринолог қәнигелерди ҳәр жылы абырайлы сырт ел эндокринология орайларында маманлығын арттырыўға жибериў, сондай-ақ, Орайдың илимий маманлық арттырыў кеңесиниң жумысына жетекши сырт ел қәнигелерин тартыў илажларын көрсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте еки ай мүддетте:
денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде төлемли хызметлерди раўажландырыў ҳәм медициналық хызметлердиң баҳаларын базар механизмлери тийкарында қәлиплестириў;
аймақлық эндокринология диспансерлериниң жумысында ҳәр бир емленген жағдай тийкарында қаржыландырыў механизмин, наўқасларды есапқа алыў ҳәм гезеклесип емлениўге бағдарлаў системасын енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги (С.Кариев) еки ай мүддетте эндокринология тараўында арнаўлы дәри-дәрмақлар ислеп шығарыўшы жергиликли кәрханалардың жумысын кеңейтиў, сондай-ақ, глюкометр ҳәм арнаўлы тест жапырақшаларын республикада ислеп шығарыўды жолға қойыў илажларын көрсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жуқпалы болмаған кеселликлер ҳәм олардың қәўип факторларына қарсы гүресиў ҳәм алдын алыў, сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформалар бойынша арнаўлы дүркин бағдарламаларды министрликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан ислеп шықсын ҳәм ғалаба хабар қуралларында үгит-нәсиятлап барсын.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери усы қарардың мазмун-мәниси ғалаба хабар қуралларында, сондай-ақ, халық арасында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
Онда эндокрин кеселликлерде саламат турмыс тәризиниң әҳмийети, дәри-дәрмақларды ҳәм өзин-өзи қадағалаў қуралларын қолланыўға байланыслы арнаўлы көрсетиўлер, социаллық рекламалар ҳәм роликлердиң турақлы көрсетилиўи жолға қойылсын.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри Б.Мусаев, Орай директоры Ф.Тураев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 26-январь