Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинен бир қатар нызам жойбарлары орын алған. Соның ишинде, депутатлар «Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда көрип шықты.
Атап өтилгениндей, хожалық шәртнамалар шеңберинде жүзеге келетуғын жеңип болмайтуғын күшлер (форс-мажор) жағдайларын тастыйықлаў әмелдеги нызамшылықта белгиленбегени исбилерменлик субъектлери ушын әмелиятта бир қатар машқалалардың пайда болыўына себеп болып атырған еди. Атап айтқанда, коронавирус пандемиясы себепли көплеген исбилерменлик субъектлери жергиликли шәртнамалар шеңберинде жүзеге келетуғын жеңип болмайтуғын күшлердиң жағдайларын тастыйықлаўды сорап Саўда-санаат палатасына мүрәжат еткен. Бирақ, палата бундай ўәкилликке ийе болмағаны себепли форс-мажор жағдайларын тастыйықлаўшы сертификатлар берилмеген ҳәм тийисли уйымлар ямаса хожалық жүргизиўши субъектлерге тек ғана хат шығарыў менен шекленген.
Усы нызам жойбары менен жергиликли шәртнамалар шеңберинде жүзеге келетуғын жеңип болмайтуғын күшлердиң жағдайларын тастыйықлаў ўәкиллигиниң Саўда-санаат палатасына берилгенлиги мүнәсибети менен бул норманы нызамда белгилеп қойыў усыныс етилмекте.
Исбилерменлердиң өз-ара келиспеўшиликлерин судқа шекем жетпестен шешиў тийкарғы мақсет есапланады. Нызам жойбарының қабыл етилиўи исбилерменлик жумысы шеңберинде жүзеге келетуғын жеңип болмайтуғын күшлер жағдайларын тастыйықлаў бойынша нормативлик-ҳуқықый база жаратылыўына, ҳуқықый бослықлар сапластырылыўына хызмет етеди. Соның менен бирге, форс-мажор жағдайларын тастыйықлаў арқалы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықый ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлери күшейтилди.
Мәжилисте нызам жойбары статьяма-статья додаланып, екинши оқыўда қабыл етилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы