Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2021-жыл 9-ноябрь күни өткерилген селекторда орынларда жаслар менен ислесиўдиң вертикал системасын жаратыў, жаслардың машқалаларын тиккелей мәҳәллелерде шешиў, жас әўлад пенен мәнзилли ислеў ушын ҳәр бир мәҳәлледе Жаслар ислери агентлигиниң ўәкили лаўазымын енгизиў белгиленген еди.
Елимиз басшысының усы жыл 19-январьдағы «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен ҳәр бир қала, аўылда, сондай-ақ, қалалар, қалашалар, аўыллар және аўыллардағы ҳәр бир мәҳәлледе жаслар жетекшиси лаўазымы енгизилди.
Пуқаралар жыйынларындағы Жаслар ислери агентлиги ўәкилиниң мақсет ҳәм ўазыйпаларына бағышланып Елликқала районында оқыў-семинары болып өтти. Республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген Жаслар ислери агентлигиниң ўәкиллери дәслеп «Сарабий» аўыл пуқаралар жыйынындағы ўәкил Умаржан Каримовтың жумысы менен танысты.
Атап өтилгениндей, Пуқаралар жыйынларындағы Жаслар ислери агентлигиниң ўәкилиниң тийкарғы ўазыйпасы «Жаслар балансы»н қәлиплестириў, жаслар ҳаққындағы зәрүр мағлыўматларды «Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар порталы» электрон платформаларына киргизип барыў, олар менен нәтийжели жумыс шөлкемлестириў, мәҳәллелерде жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, миллий халық ойынларын ҳәм спорт түрлерин жаслар арасында кеңнен ен жайдырыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў және олардың интеллектуаллық жақтан кәмалға келиўин ҳәм мәнаўий раўажланыўын тәмийинлеў болып табылады. Сондай-ақ, жаслардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў, таланты ҳәм басламаларын хошаметлеў ҳәм турмыста өз орнын табыўына жәрдем бериў, жасларда исбилерменлик идеяларды қоллап-қуўатлаў, ҳуқықбузарлықты ислеўге бейим болған жаслар менен ислесиў болып табылады.
«Сарабий» аўыл пуқаралар жыйынындағы жаслар жетекшиси тәрепинен бүгинги күнге шекем 279 шаңарақ үйренилди ҳәм 488 жас пенен сәўбетлесиў алып барылды. Аймақтағы 42 жас тәрепинен жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша усыныс берилди. Жаслар менен ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша 16 көше сәрдары сайланды. 5 социаллық қорғаўға мүтәж жасқа ыссыхана қурыў ушын субсидия ажыратыў бойынша арза берилип, 25 жасты исбилерменликке оқытыў бойынша дизимге қойылды. 6 жасқа кредит ажыратыў бойынша банкке тийисли ҳүжжетлер тапсырылды.
Үйрениўлер барысында 10 жас жумыс сорап мүрәжат етти. Социаллық жәрдемге мүтәж 3 жастың шәртнама пулын төлеп бериў бойынша секторға усыныс киргизилген болса, усындай 4 жасқа тигиў машинасын алып бериў бойынша «Жаслар дәптери»не арза берилди.
Усы жылдың биринши ҳәм екинши шерегинде мәденият орайы, кәсип-өнер мектеби, Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби, футбол майданшалары, оқыў ҳәм авто оқыў орайлары, тигиўшилик ҳәм мебель цехлары сыяқлы 9 бағдар бойынша 3460 жас қамтып алынады. Буннан тысқары, жаслар Сарабий мәденият орайындағы 6, 23-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиндеги 8, районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебининң филиалындағы 8 дөгерекке тартылады.
Семинар қатнасыўшылары авто оқыў орайы, «Мустафа мебель», «Сарабий тех» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң жумыслары менен танысты. Жаслар арасында райондағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өткен волейбол, районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң филиалында болып өткен стол тенниси, гүрес, бокс, районлық Ишки ислер бөлими баслығының кубоги ушын мини футбол жарысларын тамаша етти.
Семинар соңында жаслар менен ашық пикирлесиў өткерилип, онда Президентимиздиң «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси бойынша қызғын пикир алысыўлар болды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы