Түркия Республикасы Жоқары билимлендириў кеңесиниң ағзалары ҳәм бир қатар жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорларынан ибарат делегация мәмлекетимизге келди.
Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде 24-январь күни сапар етиў шеңбериндеги дәслепки илаж, «Өзбекстан – Түркия: билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў перспективалары» темасында дөгерек сәўбети болып өтти
Конференцияда Түркия Жоқары билимлендириў кеңесиниң баслығы Эрол Ўзвар, Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов, Түркияның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Олган Бекар, сондай-ақ, 20 дан аслам жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары қатнасты.
Ушырасыў алдынан еки мәмлекеттиң жоқары билимлендириў системасы, тараўдағы сиясатты белгилеў, университетлердиң мәпи ҳәм мәмлекетлердиң миллий раўажланыўы режесинде көрсетилген улыўма ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.
Өзбекстан ҳәм Түркия арасында университетлераралық бирге ислесиў жедел раўажланып бармақта. Ҳәзирги процессте техника ҳәм инженерлик тараўына байланыслы пәнлерди раўажландырыў, усы бағдарлар бойынша кадрлардың потенциалын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Энергетика ҳәм альтернатив энергия дәреклери, машина қурылысы, архитектура ҳәм қурылыс, тоқымашылық ҳәм химия санааты технологиясы, аўыл хожалығы, медицина ҳәм фармацевтика тармақлары ушын қәнигеликлер таярланбақта.
Абдуқодир Тошқулов мәмлекетимиз билимлендириў системасында түпкиликли өзгерислер жүз берип атырғаны, бул процессте Түркия тәрепиниң салмақлы үлеси бар екенлигин атап өтти. Өзбекстанда 2016-жылға шекем 77 жоқары оқыў орны жумыс алып барған, кейинги дәўирде болса тараўда және 81 жоқары билимлендириў мәкемесиниң жумысы жолға қойылды. Кейинги бес жылда студентлердиң қамтып алыўы 4 есеге артты. Алдын мектеп, колледж ҳәм лицей питкериўшилериниң дерлик 9 проценти оқыўға кирген болса, ҳәзир бул көрсеткиш 30 процентке жеткен.
Илажда мәмлекетимизде Түркияның жетекши университетлериниң филиалларын шөлкемлестириў, өзбекстанлы студентлердиң Түркия жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын грант ажыратыў, билимлендириў шөлкемлери арасында аўыл хожалығы, техника ҳәм инженерлик тараўлары ушын кадрлар таярлаў, математика, физика, химия, геология сыяқлы бағдарларда бирге ислесиў көлемин кеңейтиў, Ташкент қаласында Өзбек-Түрк университетин ашыў бойынша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый мәселелер бойынша пикир алысылды.
– Еки туўысқан ел арасындағы бирге ислесиў тамыры узақ өтмишке тақалады, – деди Эрол Ўзвар. – Ҳәзирги ўақытта Түркияда билим алып атырған өзбекстанлы студентлердиң саны 2,5 мыңға жақынласты. Бүгинги дөгерек сәўбетинде тәреплердиң ең абырайлы университет, институтларының басшылары өз-ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде жыйналған. Еки мәмлекет жетекшилериниң басламасы менен, «Ташкент қаласында Өзбек-Түрк университети» жумысын жолға қойыў нийетиндемиз.
Бурынлары бирге ислесиўимиз түрктаныў, түрк тили ҳәм әдебияты, өзбек тили ҳәм әдебияты, регионтаныў, Орайлық Азия халықларының тарийхы бағдарларында еди. Кейинги жылларда болса байланыслар кеңейип, архитектура ҳәм қурылыс, туризм ҳәм мийманхана жумысы, жеңил санаат ҳәм тоқымашылық, аўыл хожалығында өндирис технологиялары тараўларын да қамтып алды. Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде «Түрктаныў» факультети бар.
Конференция даўамында «Ташкент қаласында Өзбек-Түрк университети»н шөлкемлестириў ҳаққында дүзилетуғын Келисим ҳәм «Өзбек-Түрк университети» ҳаққындағы Реже жойбарлары бойынша экспертлердиң пикири тыңланды, презентациялар көрсетилди.
Улуғбек МАҲМИРЗАЕВ,
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршылары