Жер орта теңизи өнимлери диетасы 65 жастан артқан адамларға ерте өлиўдиң қәўпин азайтады, деп хабар береди xs.uz.
Испанияның Барселона университетиниң илимпазлары тәрепинен алып барылған изертлеўлер нәтийжесинде усындай жуўмаққа келинди. Илимпазлар 20 жыл даўамында 65 жастан асқан 642 қәлеўшиниң турмыс тәризин бақлады.
Қатнасыўшылардың аўқатланыўын баҳалаў ушын изертлеўлер сидик ҳәм қандағы полифеноллар, селен, В12 витамини, май кислоталары ҳәм басқа да затлардың муғдарын өлшеп барды.
Изертлеў даўамында 425 қатнасыўшы қайтыс болды. Олардан 139и жүрек-қан тамыр, 89и рак кеселлигинен қайтыс болды. Буннан тысқары, жер орта теңизи диетасына қатаң әмел еткен қатнасыўшыларда, барлық себеплерге бола өлим қәўпи төмен болған.
Илимпазлар алдын жер орта теңизи диетасының узақ өмир көриў ҳәм улыўма саламатлық ушын пайдасы ҳаққында мағлыўмат берген еди. Бирақ, сол ўақытта бул пикирлер есабатларға тийкарланған еди. Бул рет болса оның пайдасы объектив баҳаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги