Қыс айы шарўалар ушын қатаң сынақ дәўири саналады. Сонлықтан да шарўа малларын қыс айында тоқ ҳәм шығынсыз алып шығыў ҳәр бир шарўадан талап етиледи.
20-январь күни Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, аграр ҳәм азық-аўқат мәселелери комплекси баслығы Шухрат Ғаниев Қараөзек районындағы «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйынында болып, усы аймақтағы шарўашылық пенен шуғылланып атырған бир қатар шарўа фермерлер менен ушырасты ҳәм олардың ҳал-жағдайларынан хабар алды.
– Фермер хожалығымызда 440 бас қой-ешки күтимли бағылмақта-дейди бизге «Исабек-Жеӊисбек» фермер хожалығыныӊ баслығы Султанбек Есболов.-Оларды қыстан тоқ ҳәм шығынсыз алып шығыў мақсетинде, қораларға жеткиликли муғдарда от-шөп жыйнап алдық. Бизлердиӊ ҳал-жағдайымыз бенен танысыўға келген Республика ҳәм район басшыларына көп-көп рахмет. Олардыӊ ҳармасын айтып, хабар алғаны бизге айрықша күш-жигер бағышлайды. Алдағы ўақытлары өз жумысларымызға еле де қатаӊ жуўапкершилик пенен қарап, малларды қыстан шығынсыз алып шығыўға ҳәрекет етемиз.
Илажда республика ҳәм район басшылары усындай шарўа хожалықларының жағдайлары менен танысып, оларға азық-аўқатлық өнимлер менен малларға жуғымлы от-жемлерди жеткерип берди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Д. Қайыпов ҳәм район ҳәкими У. Утамбетовлар қатнасты.
Адилбай Оразов,
Қарақлапақстан хабар агентлиги шолыўшысы